Токио жазғы Олимпиада ойынларының айырым жарыслары тамашагөйлерсиз өткерилиўи ямаса тамашагөйлердиң саны шекленген ҳалда өткерилиўи мүмкин. Бул ҳаққында «Nikkan Sports» басылымы хабар берди.

Атап айтқанда, баскетбол ойынлары ықласбентлерсиз өткерилиўи режелестирилмекте. Губернатордың Токио-2020 шөлкемлестириўши комитетине мүрәжатына бола, ойынлардың кешки ўақытта өткерилиўи күтилмекте. Бундай ушырасыўларда тамашагөйлердиң қатнасыўы Япония ҳүкиметиниң күннин кешки саатларында көшеде жәмийетлик ҳәрекетти шеклеўге қаратылған сиясатына қайшы келеди.

Айырым спорт майданларына киретуғын тамашагөйлердиң саны еки есеге қысқартылып, стадионларға 10 мың емес, ендигиден былай 5 мың тамашагөй киргизиледи.

Буннан алдын, Кёдо агентлиги Олимпиада ойынларының шөлкемлестириўшилери келеси ҳәптеде бес тәреплеме онлайн ушырасыў өткериўин, оның тийкарғы темасы стадионларда тамашагөйлердиң рухсат етилген санына байланыслы мәселелерди додалаў ҳаққында хабар берген еди. Токио-2020 шөлкемлестириў комитетиниң басшысы Сеико Хашимото жума күни Олимпиада ойынларына бағышланған баспасөз конференциясында шөлкемлестириўшилер ойынларды тамашагөйлерсиз өткериў вариантына таяр екенлигин мәлим етти. Бул пикирди Токио губернаторы Юрико Коике де мақуллады.

Мағлыўмат ушын, Токиода 20-июньге шекем COVID себепли айрықша режим жолға қойылған. Кейин ала пайтахтта 11-июльге шекем вирус тарқалыўына қарсы күшейтилген илажлар режими енгизилди. Бундай илажлар айрықша жағдай режиминен бираз жеңил болса да, ресторан, бар ҳәм кеўилашар мәкемелердиң жумыс ўақты ҳәм спиртли ишимликлер саўдасы шекленеди. Токио рәсмийлери Жазғы Олимпиада ойынлары ўақтындағы шеклеўлерди созыў имканияты ҳаққында еле ҳеш қандай баянат бермеген. Бурынырақ, шөлкемлестириўшилер айрықша режим енгизилсе жергиликли тамашагөйлердиң жарыста қатнасыўына жол қойылмаслығы ҳаққында баянат берген еди.

Токио Олимпиадасы 2020-жыл 24-июльден 9-августқа шекем болып өтиўи керек еди. Пандемия себепли жарыслар бир жылға қалдырылды. Енди жарыслар 23-июль – 8-август күнлери болып өтеди.

 

ӨзА