Саўға

 Турып қалған картинкалар,

Лента менен байланды,

Ол да келип журналисттиң,

Байрағына айланды.

 

Қабыршақтай гилем менен,

Көп болды той атқарған,

Өзи зорға қутылып ек,

Жылтыр шапан жапқаннан.

 

Биз негизи аш емеспиз,

Қурғыр, кеўил сықмарлаў,

Көз қызғандай қымбат саўға,

Кисемизден шықпайды-аў.

 

Баспасөзге қайырқомлар,

Кеўилди кең әйлеңлер,

Жотаңызға жарасқандай,

Ирилеўден сөйлеңлер.

 

Журналистлер мутқа жазар,

Қәлем ҳақы қап кеткен,

Тумаўратса дәри алар,

Несийеге аптектен.

 

Бирақ, сондай шыдамлы халық,

Себеп — сөздиң адамы,

Олар ушын үлкен саўға,

Алған орден, медалы.

 

Сол ушын тек жақсы сөз айт,

Саўға бериў мәр емес,

Жүз мыңды деп бес жүз мыңға,

Түсиўди ол қәлемес.

 

29.06.2021ж.

Муратбай НЫЗАНОВ,

Қарақалпақстан халық жазыўшысы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги