Президент Шавкат Мирзиёев 23-июнь күни «Жаңа Өзбекстан» университетинде билимлендириў процесин шөлкемлестириўге байланыслы презентация менен танысты.

Ҳәр бир мәмлекеттиң раўажланыўын, келешегин билимли ҳәм ақыллы адамлар тәмийинлейди. Барлық тараўларда өз алдына үлкен мақсетлер қойған Өзбекстанда билимлендириўдиң сапасына, билимли кадрларды тәрбиялаўға мәмлекетлик сиясат дәрежесинде итибар қаратылмақта.

Барлық аймақларда Президент мектеплери ҳәм қәнигелестирилген мектеплер шөлкемлестирилди. Бул жаслардың билим ҳәм потенциалын анықлаў, оларды дурыс бағдарлаў менен бирге халқымыз арасында үлкен умтылыс толқынын да пайда етти.

Мәмлекетимиз басшысы билимли жасларды мәмлекетимиздиң «алтын фонды» деп атаған еди. Быйыл мине усындай жаслардың жаңа әўлады мектеплерди питкермекте. Енди оларды елимизде оқытыў, жаслар ушын ең заманагөй шараятлар жаратыў мақсетинде Президентимиздиң басламасы менен «Жаңа Өзбекстан» университетине тийкар салынбақта.

Бул университет мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемеси түринде шөлкемлестириледи. Оның тийкарғы ўазыйпалары – абырайлы сырт ел оқыў орынларының билимлендириў бағдарламалары тийкарында жоқары кәсиплик билим ҳәм маманлықларға ийе болған перспективалы кадрлар таярлаў, студентлердиң интеллектуаллық қәбилетин раўажландырыў, буның ушын ҳәр тәреплеме қолайлы орталықты қәлиплестириў болып есапланады.

Усы мақсетте жаңа университетте билимлендириў процеси дүнья жүзиниң абырайлы жоқары оқыў орынлары менен биргеликте шөлкемлестириледи. Мәселен, қабыллаў имтиханлары Кембридж университети менен биргеликте өткериледи. Массачусетс технология институты ҳәм Мюнхен техника университети менен биргеликте оқыў режеси менен бағдарламалары ислеп шығылады. Сондай-ақ, олар билимлендириўдиң сапасын қадағалаў, лаборатория ҳәм китапханаларды толықтырыўға жәрдемлеседи.

Университетте 5 – инженерлик, тәбийғый пәнлер, басқарыў, агротехнологиялар ҳәм мәлимлеме технологиялары факультетлери болады. Сабақлар өзбек ҳәм инглис тиллеринде алып барылады. Кредит-модуль системасы енгизилип, оқыў мәмлекетлик грант ҳәм төлемли-контракт тийкарында әмелге асырылады.

Усы билимлендириў орнының оқыў имараты ҳәм кампуслары да заманагөй, халықаралық BRЕEAM сертификатларына сәйкес болады. Дәслепки оқыў жылы усы жылдың сентябринен басланады. Жаңа имарат қурылғанға шекем сабақлар Жәҳән экономика ҳәм дипломатия университетиниң бос имаратларында ўақтынша өтип турылады.

Экономика тармақларындағы талаплардан келип шығып, илимий изертлеўлер алып барыў, студентлерди илимий ҳәм инновациялық жумысқа кеңнен тартыў да университеттиң тийкарғы ўазыйпаларынан. Усы мақсетте дүнья жүзиниң жетекши университетлери ҳәм илимий-изертлеў мәкемелери менен бирге ислесиў жолға қойылады, илимий журнал шөлкемлестириледи.

Мәмлекетимиз басшысы университте қабыллаў ҳәм билимлендириў процесин халықаралық стандартлар дәрежесинде шөлкемлестириў, илим, билимлендириў ҳәм өндирис интеграциясын нәтийжели жолға қойыў бойынша көрсетпелер берди.

– Университет студентлери 1-курстан өз тараўы бойынша экономика тармақлары ҳәм илимий орайларға бириктирилиўи керек. Министрликлер, абырайлы институтлар ҳәм ири компаниялар университеттиң қәўендерлик кеңесине кириўи әҳмийетли. Олар өз талапларын билдирип, билимлендириў процесине интеграцияласыўы, келешекте қәнигеге алдыннан инвестиция киргизиўи зәрүр, – деди Шавкат Мирзиёев.

Президентимиз белгиленген илажларды мақуллап, «Жаңа Өзбекстан» университетин шөлкемлестириўге байланыслы қарарға қол қойды.

Презентацияда, сондай-ақ, Президент, дөретиўши ҳәм қәнигелестирилген мектеплердиң жумысын жетилистириў бойынша илажлар да додаланды.

 

ӨзА