Соңғы жылларда елимизде ески қәдириятларымызды, атап айтқанда, мәртлик, батырлық, ўатансүйиўшилик, жақсы идеяларды өзинде жәмлеген миллий спорт түри болған гүрести ғалаба ен жайдырыў, раўажландырыў ҳәм дүньяға танытыў, бул қәдириятымызды дүнья ғәзийнесине айландырыў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, гүрестиң барған сайын кең тарқалып атырғанлығы абырайлы халықаралық жарысларды шөлкемлестириўге, инфраструктурасын ҳәм материаллық-техникалық базасын модернизациялаўға, спорт инвентарлары ҳәм кийим тәмийнатын жақсылаўға, соған байланыслы өндиристи кеңейтиўге, тараў ушын маман кадрлар, тренерлер ҳәм арбитрлерди таярлаўға итибар күшеймекте. Әсиресе, жаслардың усы спорт түри менен шуғылланыўы ушын зәрүр шараятлар жаратылмақта.
Алдын хабар бергенимиздей, усы мақсетте быйылғы жылы 16-18-декабрь күнлери Нөкис қаласындағы Олимпиада ҳәм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайында спорттың белбеўли гүрес түри бойынша ул балалар ҳәм қызлар арасында Өзбекстан кубоги ушын жарыс болып өтти.
Жарыста Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардан келген 2006-2007-жыллары туўылған 200 ден аслам спортшылар 18 салмақ категориясында өз-ара күш сынасып, жеңимпазлық ушын қызғын беллесиўлер алып барылды.
Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыс жуўмағына бола командалық есапта Қарақалпақстан Республикасы командасы 2 алтын, 3 гүмис ҳәм 15 бронза медалы менен биринши, Ташкент ўәлаяты командасы екинши, Әндижан ҳәм Наманган ўәлаятларының командалары үшинши орынды ийеледи.
– Мен Нөкис районында жасайман. Бес жасымнан берли спорттың гүрес түри менен шуғылланып киятырман. Нөкис қаласындағы Олимпиада ҳәм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайында жарысларға жақсы таярлық көриў ушын барлық шараятлар жаратылған. Буннан алдын өткерилген көплеген басқа жарысларда да жеңимпазлар қатарынан орын алып киятырған едим. Бул жарысқа 52 килограмм салмақ категориясында қатнасып, биринши орынды ийелеўге миясар болдым. Пурсаттан пайдаланып мени усы жарысқа таярлаған тренерлериме миннетдаршылық билдиремен,-дейди Ж.Шынбатыров.
Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом, медаль ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги