Баку қаласындағы Әзербайжан Миллий китапханасында әзербайжанлы дөретиўшилер – жазыўшы ҳәм шайыр, «Өзбек киятыр тарийх изинен» қосығы менен танылған Акиф Бағиров ҳәм әдебиятшы илимпаз Яшар Қосим тәрепинен таярланған «Шавкат Мирзиёев феномени» китабыныӊ презентациясы болып өтти. Бул дөретпе Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Кеӊесиниӊ баслығы, белгили сиясатшы, сенатор Қудратилла Рафиқовтыӊ «Мениӊ Президентим» ҳәм «Миллет мақтанышы» дөретпелери тийкарында таярланған.

Әзербайжан парламенти ўәкиллери, белгили дөретиўшилер, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм мәмлекетимиз делегациясы ағзалары, ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасқан илажда халықларымыздыӊ бир-бирине жақынлығы, өз-ара дослық сезимлери барған сайын беккемленип атырғаны атап өтилди.

– “Шавкат Мирзиёев феномени” китабын  таярлаўға үлкен жуўапкершилик пенен қарадық, – дейди аўдармашы Яшар Қосим. – Бул процессте көпшилик пенен мәсләҳәтлесип, пикир алыстық. Автор Қудратилла Рафиқовтыӊ тили ҳәм усылы өзгеше. Аўдарма процесинде  усы тәреплерди аӊлаў, сақлаў, буныӊ ушын әзер тилинде шырайлы            жаӊлайтуғын сөзлерди табыў ҳәм қолланыўға ҳәрекет еттик. Бул китап оқыўшыларға Жаӊа Өзбекстанды және де жақыннан билиў, уллы реформалардың тийкарын салыўшы ҳәм дөретиўшиси шахсы, Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ Ўатан ҳәм Миллеттиң келешеги, абырайы ушын әмелге асырып атырған жумыслары ҳаққында баҳалы мағлыўматлар береди.

Презентацияны Әзербайжан Баспасөз кеӊеси баслығы Рашад Межид алып барды. Кавказ мусылманлары уйымы баслығы Оллоҳшукур Пошшозода, Әзербайжан Жазыўшылар аўқамы баслығы Анор Ризоев, Өзбекстан Республикасыныӊ усы мәмлекеттеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Баҳром Ашрафхонов, сондай-ақ,   мәмлекетимиз делегациясы қурамынан орын алған бир топар дөретиўшилер – журналист, жазыўшы ҳәм шайырлар кеӊ жәмийетшилик үлкен қызығыўшылық пенен қарсы алған дөретпениӊ мазмун-мәниси ҳаққында сөз етти.

Атап өтилиўинше, Қ.Рафиқовтыӊ «Мениӊ Президентим» ҳәм «Миллет мақтанышы» дөретпелеринен таӊланып, шеберлик пенен әзербайжан тилине аўдарылған бул китап миллет Сәрдары, ўатанды сүйиўши инсан – Шавкат Мирзиёевтиӊ шахсы, сиясий жумысына бағышланған. Публицистикалық эсселерден ибарат басылымда мәмлекетимиз басшысы басшылығында жүз берген унамлы өзгерислер, жаӊаланыўлар, соның ишинде, социаллық-экономикалық раўажланыў, инфраструктураны модернизациялаў, мәмлекетимиздиӊ халықаралық майдандағы абырайын беккемлеўге қаратылған ис-ҳәрекетлери сәўлеленген. Жаӊа Өзбекстанныӊ дөретиўшиси реформаларына итибарсыз болмаған ҳәр қандай инсан ушын зәрүр мағлыўмат ҳәм таллаўлар жәмленген.

Илаж қатнасыўшылары Әзербайжан Миллий китапханасында шөлкемлестирилген «Өзбекстан мүйеши»нен орын алған әдебиятлар менен де танысты.

Холмурод Салимов,

журналист

Әзербайжан, Баку қаласы