«Өзбеккосмос» агентлиги тәрепинен жыл басынан берли улыўма 721 гектарға шамалас майданда 1928 нызамсыз шығындыхана анықланды. Бул ҳаққында агентликтиң баспасөз хызмети хабар берди.
Атап өтилиўинше, олардан 123и яғный 255,5 гектары шығынды сақлаў полигонлары шегарасынан тысқарыға шығыў, 1805 яки 465,2 гектары болса нызамсыз шығынды полигонлары сыпатында анықланған.
Соның ишинде:
- Қарақалпақстан Республикасында 243 (63,2 гектар);
- Хорезм ўәлаятында 168 (22 гектар);
- Бухара ўәлаятында 92 (91б7 гектар);
- Наўайы ўәлаятында 216 (112,4 гектар);
- Самарқанд ўәлаятында 147 (41,2 гектар);
- Қашқадәрья ўәлаятында 81 (79б3 гектар);
- Әндижан ўәлаятында 180 (42 гектар);
- Наманган ўәлаятында 195 (65,2 гектар);
- Ферғана ўәлаятында 164 (51 гектар);
- Ташкент ўәлаятында 363 (98,6 гектар);
- Жиззақ ўәлаятында 39 (30,44 гектар);
- Сурхандәрья ўәлаятында 40 (20,11 гектар).
«Бундай нызамсыз шығынды полигонларының шөлкемлестирилиўи бәринен бурын қоршаған орталық ҳәм экологияға үлкен унамсыз тәсир өткерип, суў ҳәм ҳаўаның сапасына унамсыз тәсир көрсетиўи менен қәўипли. Қалаберди, зыянлы зыянкеслердиң көбейиўи, инфекциялық кеселликлердиң артыўы, адамларда өкпе раги ҳәм дем алыў нуқсанларының раўажланыўына алып келеди», делинеди агентлик хабарында.
Қарақалпақстан хабар агентлиги