Ташкентте “Әҳмийетли шийки затлар секторындағы қәўип-қәтерлерди жумсартыў, Орайлық Азияда “жасыл” дереклерлерге өтиў ҳәм өсиўди хошаметлеў” атамасында арнаўлы илаж болып өтти.
Илажда таў-кән санааты ҳәм геология министри орынбасары Урал Юсупов, БМШтың Аўғанстан, Орайлық Азия, Иран ҳәм Пакистандағы регионаллық ўәкили Оливер Штолпе, сондай-ақ, Қазақстан, Қырғыз Республикасы, Түркменстан ўәкиллери қатнасты.
Илаждың тийкарғы мақсети Орайлық Азияда әҳмийетли шийки зат ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, региондағы экологияны қорғаў ҳәм “Жасыл” экономикаға өтиў процесслерин жеделлестириў жолларын додалаўдан ибарат.
Регионда “жасыл” экономика принциплерин қолланыў тек ғана экологиялық турақлылықты тәмийинлеўден емес, ал жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықаралық инвестицияларды кеңнен тартыў ушын беккем тийкар жарататуғыны атап өтилди.
Мәсләҳәтлесиўлер даўамында регионаллық бирге ислесиў, экологиялық қәўип-қәтерлерди сапластырыў ҳәм қайта тиклениўши энергия дереклерине өтиў мәселелери додаланды. Илажда шийки зат ресурслары тараўындағы басламалар, Орайлық Азиядағы имканиятлар, экологиялық турақлылықты ҳәм социаллық қәўип-қәтерлерди азайтыў бағдарындағы әмелий қәдемлер ҳәм “жасыл” экономикаға өтиў процесиндеги тәжирийбелер үйренилди.
Илажда регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў, экологиялық стандартларға әмел етиў ҳәм “жасыл” технологияларды енгизиўдеги бирге ислесиў перспективалары додаланды. Сондай-ақ, экологиялық таза технологиялардың раўажланыўына қаратылған ресурслар ҳәм инвестицияларды кеңнен тартыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
ӨзА