Онда Бас министр Абдулла Арипов қатнасты.
Сессияны Халық депутатлары ўәлаятлық Кеңеси баслығы Парда Шукуров алып барды. Күн тәртибине муўапық шөлкемлестириў мәселеси көрилди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли пәрманларына тийкарланып Эргаш Алибекович Салиев басқа жумысқа өтиўи мүнәсибети менен Жиззақ ўәлаяты ҳәкими лаўазымынан босатылды.
«Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийетиниң басқарма баслығы лаўазымында жумыс ислеп келген Улуғбек Мавлонович Мустафоев Жиззақ ўәлаяты ҳәкими ўазыйпасын атқарыўшы етип тайынланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги