Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 22-июнь күни Турақлы раўажланыў мақсетлерин әмелге асырыўда глобаллық парламентлераралық бирге ислесиў халықаралық форумында қатнасыў ушын мәмлекетимизде болып турған Парламентлераралық аўқамның Бас хаткери Мартин Чунгонгти қабыл етти.

Мәмлекетимиздиң усы абырайлы халықаралық шөлкем менен бирге ислесиўин және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы социаллық-экономикалық реформаларды алға қойыў ҳәм демократиялық реформаларды тереңлестириў, инсан ҳуқықларын қорғаў ҳәм гендер теңликти тәмийинлеў, жасларды қоллап-қуўатлаў сыяқлы тийкарғы бағдарларда конструктивлик сөйлесиўди даўам еттириў ҳәм тығыз бирге ислесиўди раўажландырыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Өзбекстан аўқам жумысында қатнасыўын 2017-жылы қайта тиклегени ҳәм бүгинги күнде оның атқарыўшы структуларда толық қатнасып атырғанын атап өтиў керек. Быйыл Олий Мажлис тәрепинен Парламентлераралық аўқам менен көп қырлы қатнасықларды беккемлеў ҳаққында өз алдына ҳүжжет қабыл етилди.

Өз гезегинде, Бас хаткер Мартин Чунгонг мәмлекетимизде парламентаризмди раўажландырыўдағы сезилерли жетискенликлерди атап өтти ҳәм Өзбекстанның бул бағдардағы глобаллық басламаларын жоқары баҳалады және қоллап-қуўатлады.

Алдынғы сырт ел тәжирийбесин кеңнен алмасыў ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўдиң үлкен потенциалын әмелге асырыў мақсетинде бир қатар халықаралық илажларды биргеликте таярлаў ҳәм өткериў бойынша келисимге ерисилди.

ӨзА