2007-2008-жыллары туўылған қызлар арасында спорттың волейбол түри бойынша Өзбекстан кубоги жарысы өткерилди.

Төрт күн даўам еткен жарыста спортшылардың физикалық таярлығы ҳәм епшилиги сынақтан өткерилди.

Жарысқа Қарақалпақстан сайланды командасы ағзалары табыслы қатнасып, Өзбекстан кубоги жеңимпазы болды.

Кубок ойынында қарақалпақстанлы волейболшы қызлар әндижанлы қызларды 3:1 есабында  жеңип, финалға жоллама алды. Финал ойынында да қызлар қарсыласларынан үстин келип, бириншиликти ийеледи ҳәм кубок ойыны жеңимпазы болды.

Спортшыларды жарысқа тренерлерден  Гулшада Садикова, Айнура Генжемуратова, Бекмурат Мамбетов  таярлады.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы