Нөкис қаласында «Жаңа Өзбекстан жаслар, бирлесейик!» ураны астында жаслар фестивалы өткерилиўи мүнәсибети менен пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде 2021-жылдың 2-июнь күнинен 7-июнь күнлери аралығында И.Кәримов – Туран көшелери кесилиспеси, Туран – Жипек жолы көшелери кесилиспеси, Жипек жолы – Саяхатшылар көшелери кесилиспеси ҳәм И.Кәримов – Саяхатшылар көшелери кесилиспелери аралықларында автотранспорт қуралларының ҳәрекетин ўақытша шеклеў ҳаққында Нөкис қаласы ҳәкиминиң бийлиги қабыл етилди.

 

Бийлик тийкарында, аты көрсетилген көшелерде 3.1 «Кириў қадаған» жол белгилери ўақытша орнатылыўы ҳәм тийисли тосықлар менен жабылыўы белгиленген.

 

Бул ҳаққында қала ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.