Өзбекстан Республикасы Президентиниң баспасөз хаткери Шерзод Асадов журналистлер ушын брифинг өткерди.

Илаж алдында Шерзод Асадов мәмлекетимиз басшысының өткен ҳәптедеги жумысы ҳаққында қысқаша мағлыўмат берди. Соның ишинде, 24-май күни Президент Шавкат Мирзиёев аймақларда мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң қамтып алыўын кеңейтиў мәселелерин додалаў бойынша мәжилис өткерди. Сондай-ақ, Шавкат Мирзиёев быйыл мектепти тамамлап, еркин турмысқа қәдем қойып атырған жасларымызға биринши мәрте қутлықлаў жоллады.

28-май күни мәмлекетимиз басшысы елимизде әмелий сапар менен болған Россия Федерациясы денсаўлықты сақлаў министри Михаил Мурашко басшылығындағы делегацияны қабыл етти. Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы денсаўлықты сақлаў тараўындағы әмелий бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Сол күни Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында көп қабатлы турақ жайлар қурыў ҳәм оларға хызмет көрсетиў системасын жетилистириў мәселелерин додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

30-май күни Шавкат Мирзиёев Корея Республикасы Президенти Мун Чжэ Инниң мирәт етиўине муўапық Сеул қаласында видеоәнжуман түринде өтип атырған «Жасыл өсиў ҳәм глобал мақсетлер ушын бирге ислесиў-2030» екинши халықаралық саммитиниң жумысында қатнасты.

Еки күнлик форум күн тәртибинен климат өзгериўи ақыбетлерин жеңип өтиў, «жасыл» тиклениў ҳәм углерод нейтраллығын тәмийинлеў, сондай-ақ, БМШ Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў ҳәм Климат бойынша Париж келисими қағыйдаларын орынлаў мәселелери орын алған.

Илажда дүньяның жетекши еллериниң мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары, жоқары дәрежедеги ўәкиллери, абырайлы халықаралық шөлкемлердиң басшылары қатнаспақта. Атап айтқанда, саммитте БМШ Бас хаткери Антониу Гуттериш, Европа Кеңесиниң Баслығы Шарль Мишель ҳәм Европа Комиссиясы Баслығы Урсула фон дер Ляйен, Германия Канцлери Ангела Меркель, Франция Президенти Эммануэль Макрон, Уллы Британия Бас министри Борис Жонсон, ҚХР Мәмлекетлик кеңесиниң Бас министри Ли Кэцян, АҚШ Президентиниң климат мәселелери бойынша арнаўлы ўәкили Жон Керри, ХВФ басқарыўшы директоры Кристалина Георгиева, Жасыл өсиў глобал институтының баслығы Пан Ги Мун ҳәм ЭБРШ бас хаткери Анхель Гуррия қатнаспақта.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде «жасыл» тиклениў тараўында елимизде әмелге асырылып атырған жаңаланыўлардың әҳмийетли бағдарларын атап өтти ҳәм бул бағдардағы халықаралық бирге ислесиўдиң перспективалары бойынша өз көз қарасын билдирди.

Шерзод Асадов бул ҳәптеде Президент Шавкат Мирзиёевтиң қандай илажларда қатнасатуғынына тоқтап өтип, бүгин Президент Шавкат Мирзиёев туризмди раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жойбарлардың презентациясында қатнасатуғынын мәлим етти. Сондай-ақ, жума күни жер есабы ҳәм мәмлекетлик кадастрлар бойынша видеоселектор мәжилиси болыўы мөлшерленген.

Буннан тысқары, усы жылдың 1-2-июнь күнлери Президентимиздиң Сурхандәрья ўәлаятына сапары режелестирилген.

Шерзод Асадов брифингте Орайлық Азия мәмлекетлериниң мәмлекет басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўы қашан болып өтетуғыны ҳаққында берилген сораўға жуўап берип, Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен дүзилген Орайлық Азия еллери мәмлекет басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўын офлайн түрде, жүзбе-жүз көрисип өткериў мәселеси көрип шығылып атырғанын мәлим етти.

 

ӨзА