Коронавирусқа қарсы вакцинаның кейинги басқышлары ушын шанышыў жумыслары қашаннан басланатуғыны ҳәм бул дизимге кимлер киретуғыны мәлим етилди.

Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық хызметиниң хызметкери Насиба Тоирова мағлыўмат берди.

«Алдын, коронавирусқа қарсы шанышыў илажлары 65 жастан жоқары адамлар, медицина хызметкерлери, мектеп оқыўшылары, мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң тәрбияланыўшылары ҳәм жуқпаллы кеселликлер бақланатуғын инсанлар арасында алып барылып атырған еди», дейди Н.Тоирова.

Быйылғы жылдың 31-май күнинен баслап, бул дизимге:

Сырт елге оқыўға баратуғын студентлер;

ғалаба хабар қураллары (журналистлер, блогерлер);

жазыўшылар;

телерадиокомпанияда хызмет ететуғын хызметкерлер қосылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги