Дүньяға танылған уллы инсанлардың өмириниң соңғы демлеринде айтқан созлери қандай екен? Бул көпшиликти қызықтырса керек.

Олар өз ҳәрекетлери ҳәм сөзлери менен мәңги жасайды. Олардың ислеген мийнетлери менен бир қатарда, өлими алдында не менен шуғылланғанлығы, не ҳаққында ойлағаны ҳәм ақырғы сөзлери қандай болғанлығы биз ушын қызық. Төменде олардың айырымларының өлими алдындағы соңғы сөзлери берилген:

Напалеон Бонапарт: «Жозефина» (Оның ҳаялының аты)

Уинстон Черчилл өмириниң ақырында турмыстан қатты шаршаған ҳәм  былай  деген:  «Ҳәммеси  жаныма тийди!»

Александр Дюма («Үш мушкетёр» ҳәм “Граф Монте Кристо”ның авторы):   “Бәрибир булардың бәри не менен тамамланатуғынын биле алмайман.»

Сомерсет Моем (атақлы жазыўшы): «Өлиў – зеригерли ис. Мәсләҳәтим –ҳеш қашан бул ис пенен шуғылланбаң!»

Генрих Гейне (жазыўшы): «Қудай мени кеширеди. Бул – оның жумысы.»

Гёте доктордан өмириниң қанша ўақты қалғанын сорайды. Доктор  бир саат қалғанлығын айтады. Сонда Гёте «Қудайға шүкир, бир саат ғана  екен,» – деген.

Борис Пастернак (жазыўшы, Нобел сыйлығының лауреаты): «Айнаны ашың!»

Виктор Гюго: «Қара реңди көрип турман.»

Людовик XIV «Қуяш Корол»: “Не ушын  жылап атырсызлар? Мени  өлмейтуғын адам деп ойладыңыз ба?”

Әбу Әли Ибн Сина: «Өмирден ҳеш нәрсе билмей өтип баратырман.»

Жорж Вашингтон: «Доктор, ҳеш қашан өлиўди қәлемеймен, бирақ,   қорыққаным ушын емес.»

Королева Мария Антануетта гилотинадан өткерилиўи алдынан жәлладқа былай деген: «Өтиниш, кешириң, мисё! Мен буны билмей иследим»

Нерон: «Қандай уллы артист өлмекте!»

Веспасиан (Рим императоры): «Ойымша, енди мен қудайға айланаман.»

Балзак өлими алдынан өзиниң әдебий қаҳарманларының бири болған доктор   Вианшопты еске алып: «Ол  мени қутқарған болар еди» – деп айтқан.

Леонардо  да  Винчи «Мен Қудай ҳәм адамлардың ашыўына тийдим. Мениң  дөретпелерим өзим умтылған шоққыға көтерилмеди.»

Философ  Иммануел  Кант: «Жетерли!»

Альберт Эйнштейнниң соңғы сөзлери не болғанын ҳеш ким билмейди. Себеби, өлими алдынан оның қасында болған мийирбийке немисшени  түсинбеген.

Юлий  Цезарь  пышақланып атырғанында былай деген: «Брут, бул сен бе?»

Генрих Гиммлер: «Мен – Генрих Гиммлермен.» Ол зәҳәр ишкеннен соң  өзин  ким  екенин  айтқан. Сол  ўақытта Гиммлерди таныйтуғын адамлар аз болған.

Рим папасы Александр VI: «Бир минут күтип турың!»

Герберт  Ўелс: “Мен де ҳәммеси орнында! ”

Карл Маркс ҳәммениң кетиўин сораған.

Россия император ханымы Елизавета Петровна: «Мен еле тиримен бе?!»

Октавиан Августь: “Не деп ойлайсыз, өз өмиримде комедияны жақсы  ойнадым ба?”

Александр Македонский: «Мен жүдә көп врачлардың көмегинен өлип  баратырман.»

И.О. Бах (композитор): «Енди мен ҳақыйқый музыканы тыңлайман.»

Бетховен: «Мен аспанда және еситетуғын боламан.» (Ол герең болған.)

Жорж Дантон жәлладқа өлими алдынан былай деген: «Мениң басымды  халыққа көрсетиўди умытпа, геллем буған арзыйды.»

О.Генри (жазыўшы): «Шыраны жағың, мен үйге қараңғыда қайтыўды  қәлемеймен.»

Иван Павлов (алым): «Академик Павлов бәнт. Ол өлмекте.»

Пабло Пикассо: «Сүўретшиликти еле дөретиў керек.»

 

Тарийхый дәреклерден алып таярланған:

Азизбек Дабылов,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 2-курс студенти

Қарақалпақстан хабар агентлиги