Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў Департаменти Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Қоңырат районлық бөлими, МҚХ Қоңырат районлық бөлими, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги хызметкерлери тәрепинен биргеликте пуқара А.ның арзасы бойынша өткерилген оператив илаж даўамында және бир жынаят анықланды.
Пуқара А.Б. арза ийеси пуқара А.ның исенимине кирип, оған қурылыс объектине бюджеттен ажыратылатуғын пул қаржысының 8 процентине таныслары арқалы республикамыз аймағынан қурылыс объектин алып бериўди ўәде етип, оннан аванс есабында 5000 АҚШ долларын талап етеди. Усы жыл 11-май күни саат 23.00лер шамасында Нөкис қаласы А.Досназаров көшеси бойындағы аўқатланыў орынларының биринде талап етилген пулды алған ўақтында усланды. Оннан химиялық жол менен қайта исленген 5000 АҚШ доллары айғақлы дәлил сыпатында алынды.
Усы жағдай бойынша Департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Қоңырат районлық бөлими тәрепинен пуқара А.Б. қарсысына Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги