Әзиз перзентлерим!

Қәдирли мектеп пикериўшилери!

Бәринен бурын, барлығыңызды бийғубар оқыўшылық жылларыңызды артта қалдырып, қәдирдан мектебиңиз, меҳрийбан устазларыңыз бенен хошласып, өмириңиздиң жаңа, жуўапкершиликли басқышына қәдем қойып атырғаныңыз бенен шын кеўлимнен қутлықлайман.

Бул қуўанышлы әййямда елимиздеги барлық мектеплерде «соңғы қоңыраў»лар жаңлап, дерлик 438 мың оқыўшы жасларымыз жетиклик шаҳодатнамаларын қолларына алмақта.

Бул тек ғана сиз, әзиз перзентлеримиз емес, ал биз – ата-аналар, устаз-тәрбияшылар ушын да оғада қуўанышлы ҳәм толқынландыратуғын ўақыя. Себеби, кеўили пәк арзыў-нийетлер менен толған сизлердей нәўқыран, мәрт жасларымыз тымсалында биз ушын шешиўши әҳмийетке ийе болған тәлим-тәрбия тараўындағы ҳәрекетлеримиздиң және бир әмелий нәтийжесин, халқымыз ҳәм Ўатанымыз келешегин көремиз.

Сизлер кейинги еки жыл даўамында пандемия шараятында оқып ҳәм жасап, қыйыншылықларға қарсы гүресиў көнликпелерин де ийелеўиңизге  туўра келди. Әлбетте, бул қыйын сынаўлы күнлер тез арада өтмишке айланады.

Жаңа Өзбекстан шараятында, заманагөй раўажланыў талаплары тийкарында тәлим-тәрбия алған жас әўлад ўәкиллери сыпатында барлығыңыз мәмлекетимиз, халқымыз тәрепинен жаратылып атырған имканиятларды қәдирлеп, олардан және де нәтийжели пайдаланатуғыныңызға исенемен.

Қәдирли ул-қызларым!

Ҳәммемизге белгили, биз өз алдымызға үлкен мақсетлерди қойып, оларға ерисиўдиң ең әҳмийетли факторы сыпатында тәлим-тәрбия тараўына жүдә үлкен әҳмийет бермектемиз.

Қысқа мүддетте мектепке шекемги билимлендириў, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў системасында әҳмийетли өзгерислер әмелге асырылды. «Жаңа Өзбекстан – мектеп босағасынан басланады» деген сүрен тийкарында мектеп билимлендириўин раўажландырыў улыўмахалықлық ҳәрекетке айланды.

Бул ҳаққында айтқанда, ақырғы төрт жылда 134 жаңа мектеп қурылып, 2 мың 965 мектеп реконструкцияланып, түп-тийкарынан оңланғанын ҳәм үскенеленгенин атап өтиў тийис.

Елимизде пүткиллей жаңаша мазмун ҳәм түрдеги заманагөй Президент мектеплери, дөретиўшилик мектеплери ҳәм қәнигелестирилген мектеплер қурылмақта.

Ҳәзирги ўақытта республикамызда 10 мыңнан аслам мәмлекетлик улыўма билимлендириў, 171 мәмлекетлик емес, 18 мәмлекетлик-жеке меншик шериклик түриндеги мектеплер жумыс ислемекте. Соның ишинде, 56 математика, 28 химия-биология, 14 мәлимлеме технологиялары пәнлерине қәнигелестирилген мектеплер шөлкемлестирилди.

Бул бағдардағы жумысларымызды избе-из даўам еттирип, кейинги ўақытта физика ҳәм шет тиллерине қәнигелестирилген мектеплер ашыўға айрықша итибар қаратпақтамыз. Быйыл сентябрь айында 14 физика ҳәм 207 шет тиллерине қәнигелестирилген мектеп өз жумысын баслайтуғынын айрықша атап өтиў зәрүр.

Ең әҳмийетлиси, мине усы мектеплерде тәлим-тәрбия алып атырған ул-қызларымыз халықаралық пән олимпиадалары, дөретиўшилик фестиваль ҳәм таңлаўларда жоқары орынларды ийелемекте, елимиз  ҳәм сырт елдеги абырайлы жоқары оқыў орынларына кирип оқыў ҳуқықын қолға киргизбекте.

Кейинги бир ярым жылда қәбилетли оқыўшыларымыз халықаралық олимпиадаларда 4  алтын, 18 гүмис, 30 бронза медалын ийелегени де бул пикирди тастыйықлайды.

Елимизде уллы кәсип ийелери болған муғаллимлер, устаз-тәрбияшылардың машақатлы мийнетин мүнәсип хошаметлеў, олардың жумыс ҳәм турмыс шараятын жақсылаў, жәмийеттеги абырай-мәртебесин арттырыўға үлкен итибар қаратылмақта.

Халықаралық пән олимпиадалары жеңимпазлары ҳәм олардың устазларын материаллық сыйлықлаў механизминиң жолға қойылғаны да мине усындай жумысларымыздың қатарына киреди.

Дүньядағы раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбеси тийкарында мектеп билимлендириўи ушын оқыў бағдарламасы ҳәм сабақлықларының жаңа әўладын жаратыў бойынша әмелий жумыслар басланды.

Ҳәзирги күнде пүткил елимизди қамтып алған бес әҳмийетли баслама шеңберинде де сиз, әзиз жасларымыздың жетик инсанлар болып жетилисиўиңиз ушын көп жумыслар исленбекте.

Атап айтқанда, перзентлеримизди көркем өнер дүньясына дос етиў мақсетинде 800 ден артық мәденият орайында 4,5 мыңнан аслам дөгерек жумысының жолға қойылғаны, олар музыка әсбаплары ҳәм зәрүр үскенелер менен тәмийинленгени, мектеплерде шөлкемлестирилген 36,5 мыңнан аслам дөгереклерге 1 миллион 100 мың ул-қызларымыздың тартылғаны бул бағдардағы әҳмийетли қәдем болып есапланады.

Сондай-ақ, республикамыз мектеплеринде 49 мыңнан артық, балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплеринде болса 26 мыңға шамалас дөгереклерде мыңлаған ул-қызларымыз денетәрбия ҳәм спорт пенен турақлы шуғылланбақта.

Барлық мектеплеримиз кең полосалы Интернет тармағына басқышпа-басқыш жалғанып атырғаны және елимизде жәми 133 санлы технологиялар оқыў орайының ашылғаны перзентлеримизде заман талабы болған компьютер ҳәм «IT» технологиялар тараўында билим ҳәм көнликпелерди қәлиплестириўге хызмет етпекте.

Және бир әҳмийетли мәселе – жаслар арасында китапқумарлық мәдениятын кеңнен үгит-нәсиятлаўға айрықша итибар берилмекте. Сол тийкарда 201 мәлимлеме-китапхана орайындағы китаплар саны дерлик 25 миллионға жеткерилгени, өткен жылы мектеп китапханалары 150 мыңнан аслам жаңа әдебиятлар менен тәмийинленгени жасларымыздың интеллектуаллық ҳәм руўхый потенциалын жоқарылатыўда әҳмийетли роль атқармақта.

Усы күнлери орынларда көтериңки руўхта өткерилип атырған жаслар форумлары ҳәм бес әҳмийетли басламаға бағышланған фестивальлар да мектеплердеги питкериў илажларына үнлес болып, ул-қызларымыздың өмиринде өшпес из қалдыратуғынына исенемен.

Ҳүрметли жас досларым!

Мине усы умытылмас демлерде сизлер жаңа өмир босағасында турып, келешек режелерин дүзер екенсиз, алдыңызда үлкен имканиятлар ҳәм жуўапкерли ўазыйпалар турғанын бәршемиз жақсы түсинемиз.

Қәлбиңиздеги жақсы арзыў-умтылысларды жүзеге шығарыўда елимизде жумыс ислеп атырған 137 жоқаары оқыў орны, 339 кәсип-өнер мектеби, 193 колледж ҳәм 196 техникум сизлерди күтпекте.

Сизлер ушын өндиристен ажыралмаған ҳалда жоқары мағлыўмат алыў имканияты да жаратылған. Усы мақсетте 71 жоқары билимлендириў мектебинде сыртқы, 18 жоқары оқыў орнында кешки бөлимлер жумыс ислемекте.

Экономиканың ҳәр қыйлы тараўлары менен тармақларындағы талаптан келип шығып, кейинги 5 жылда бакалавриат басқышында 134 тәлим бағдары, магистратурада 147 қәнигелик жаңадан шөлкемлестирилди.

Жоқары билимлендириў мәкемелеринде 2021-2022-оқыў жылынан баслап басқышпа-басқыш аралықтан билимлендириў түринде де кадрлар таярлаў жолға қойылады.

Ҳәзирги күнде жасларымыз ушын бир ўақыттың өзинде 5 еўге шекем жоқары билимлендириў мәкемесинде таңлаўларда қатнасыў имканияты жаратылды.

Питкериўши жасларды жоқары билимлендириў менен қамтып алыў дәрежеси 2016-жылдағы 9 проценттен 2020-жылы 25 процентке жетти. Бул көрсеткишти усы жылы  28 процентке, 2030-жылы 50 процентке жеткериў – тийкарғы ўазыйпамыз.

Пайтахтымыз Ташкент қаласында дүньяның ең алдыңғы жоқары оқыў орынлары менен биргеликте халықаралық талаплар тийкарында шөлкемлестирилип атырған Жаңа Өзбекстан университети де сиз, әзиз жасларымызды усы жылдан өз қушағына шақырады.

Әзиз питкериўшилер, қәдирли перзентлерим!

Усы күнлерде сизлердиң бахтыңыз, кәмалыңызды ойлап, елимизде және бир система енгизилмекте. Яғный орынларда ўәлаят, қала ҳәм район ҳәкимликлери, сектор басшылары ата-аналар ҳәм оқыўшылар менен ушырасып, барлық питкериўшилер ушын зәрүр шараятларды жаратып бериў басламасы менен шықпақта.

Бир сөз бенен айтқанда, мектепти питкерип шығып атырған жигит-қызларымыздан биреўи итибардан шетте қалмайды. Олардың ҳәр бири халқымыз, Ўатанымыздың шексиз меҳри ҳәм жоқары итибарын сезинип жасайды.

Сол мүнәсибет пенен сизлерге, пүткил елимиз жасларына мүрәжат етип айтпақшыман: ҳеш қашан умытпаң, сизлер инсан ҳәр тәреплеме еркин, азат ҳәм абадан жасайтуғын жаңа Өзбекстан, жаңа Ренессанс дөретиўшилерисиз.

Сизлердиң өмирде өз орныңызды табыўыңыз ушын мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиз буннан былай да бар күш ҳәм имканиятларын толық жумсайды.

Халқымыздың мине усындай жоқары исенимине ҳәмийше мүнәсип болың!

Сизлердиң өз алдыңызға жоқары мақсетлер қойып, ўақтыңызды бийкарға өткермей, бәрқулла билим ҳәм көнликпелериңизди арттырып барыўыңыз, жаңа кәсип-өнерлерди ийелеўиңиз ҳәм ең тийкарғысы өз мақсетиңизге  қарай тынбай ҳәрекет етиўиңиз, әлбетте, келешектеги табысларыңыздың гиреўи болып есапланады.

Үйрениўден, излениўден ҳәм умтылыўдан ҳеш қашан тоқтамаң!

Сизлерди мектеп билимлендириўин табыслы тамамлағаныңыз бенен және бир мәрте шын кеўлимнен қутлықлайман.

Ҳәммеңизге саў-саламатлық, жумыста ҳәм оқыўда, жеке өмирде үлкен табыс ҳәм әўметлер тилеймен.

Бийғәрез өмирге таслап атырған дәслепки исенимли қәдемиңиз қутлы ҳәм мүбәрек болсын!

Сизлердиң жетискенликлериңизге ҳәм жеңислериңизге исенемен, әзиз балаларым!

 

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти