Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 21-май күни видеоәнжуман түринде болып өткен Жоқары Евроазия экономикалық кеңесиниң гезектеги мәжилисинде қатнасты.

Өзбекстан Евроазия экономикалық аўқамы жанындағы бақлаўшы мәмлекет статусын усы шөлкемниң өткен жыл 11-декабрьдеги саммитинде алған еди.

Өткен дәўирде Евроазия экономикалық комиссиясы менен бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға ҳәм оны әмелге асырыў бойынша үш жыллық Илажлар режесине қол қойылды. Мәмлекетимиз ўәкиллери ЕАЭАның көп тәреплеме илажларында қатнаспақта. Усы жылы апрель айында Ташкент қаласында бирлеспениң Санаат сиясаты бойынша кеңеси мәжилиси ҳәм халықаралық «Иннопром» көргизбеси өткерилди.

Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың басшылығында болып өткен Жоқары кеңестиң гезектеги мәжилисинде кеңестиң Ҳүрметли Баслығы, Қазақстанның Биринши Президенти – Елбасы Нурсултан Назарбаев, Армения Республикасы Бас министри ўазыйпасын атқарыўшысы Никол Пашинян, Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин, ЕАЭА жанындағы бақлаўшы мәмлекет – Куба Президенти Мигель Бермудес ҳәм Евроазия экономикалық комиссиясы Коллегиясының Баслығы Михаил Мясникович де қатнасты.

Илаж күн тәртибинен экономиканың ҳәр қыйлы тармақларында әмелий бирге ислесиў және ЕАЭА жумысын жетилистириўге байланыслы әҳмийетли мәселелер орын алды.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде шешилиўи өз-ара муўапықласқан көз қарасларды талап ететуғын әҳмийетли ўазыйпаларға айрықша тоқтап өтти.

Атап айтқанда, төмендегилер айрықша атап өтилди:

– саўда қатнасықларын, соның ишинде, тосқынлықларды сапластырыў ҳәм саўданы тарифлик емес тәртипке салыў илажларын жақынластырыў арқалы және де кеңейтиў ушын салмақлы потенциал бар;

– елимиздиң жетекши кәрханалары ҳәм аймақларының санаат кооперациясын беккемлеў, Евроазия раўажланыў банкин тартқан ҳалда экономиканың реал секторы тармақларында және азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша жойбарларды алға қойыў зәрүр әҳмийетке ийе;

– транспорт-транзит тараўындағы әҳмийетли мәселелерди шешиў ҳәм жүк тасыў көлемин арттырыў мақсетинде өз-ара жеңилликлерди кеңейтиў зәрүр.

Эпидемиологиялық жағдайдың турақласыўы ҳәм халықты шаншыў бойынша көрилип атырған илажларды есапқа алып, регион еллери арасындағы турақлы ҳаўа ҳәм темир жол қатнаўын қайта тиклеў усыныс етилди.

Буннан тысқары, Өзбекстанның ЕАЭА салық ҳәм бажыхана ҳәкимшилиги, санаат, мийнет миграциясы ҳәм туризм бойынша санлы платформаларына жалғаныў имканияты көрип шығылмақта, сондай-ақ, басқа да бир қатар тийкарғы бағдарлар бойынша бирге ислесиў имканиятлары үйренилмекте.

Өзбекстан Республикасы Президенти сөзиниң жуўмағында елимиздиң бақлаўшы мәмлекет сыпатында Евроазия экономикалық аўқамы менен бирге ислесиўинде анық ҳәм сезилерли нәтийжелерге ерисиў зәрүр екенин және бир мәрте атап өтти.

 

ӨзА