Юридикалық клиника

Сораў: Қәнигелигин арттырып атырған хызметкердиң мийнет ҳақысы сақлана ма?

Жуўап: Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 28-декабрьдеги 1026-санлы қарары менен тастыйықланған «Мектепке шекемги, улыўма орта ҳәм мектептен тысқары билимлендириў мәкемелериниң педагог хызметкерлерин қайта таярлаў және олардың қәнигелигин арттырыў ҳаққында»ғы Режеге тийкарынан буйыртпаға киргизилген қәнигелигин арттырыў курсларының тыңлаўшылары ушын оқыўдың барлық дәўиринде олардың тийкарғы жумысы бойынша ийелеген лаўазымы ҳәм орташа мийнет ҳақысы сақланады. Олардың оқыў жүклемеси болса басқа ағзалар арасында бөлистирилетуғыны белгиленген.

Сондай-ақ, жумыстан ажыратылған ҳалда аймақлық орайларға қәнигелигин арттырыўға басқа да аймақлардан жиберилген тыңлаўшылар ушын нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте оқыўға барыў ҳәм оннан қайтыў бойынша бир мәртелик жол ҳақы қәрежетлери жиберген тәреп есабынан қапланады.

Соған бола, хызметкердиң қәнигелигин арттырыў курсында оқыўы даўамында орташа мийнет ҳақысы сақланады.

Сораўға «Мадад» МКШның жуўапкер хызметкери Маъруф Лукчаев жуўап берди.

 

Гулноза БОБОЕВА, ӨзА