Нөкис қаласы аймағындағы республикалық әҳмийеттеги 4Р-176 «а» автомобиль жолының 0-5-километри аралығында реконструкция, яғный автомобиль жолын кеңейтиў жумыслары алып барылмақта.

 

ҚР Министрлер Кеңеси мәлимлеме хызметиниң жазыўынша, реконструкция жумысларына 15 млрд сум қаржы ажыратылған болып, оңлаў жумыслары Қарақалпақстан Республикасы Жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен әмелге асырылмақта.

Автомобиль жолы жойбарлық смета ҳүжжетлерине муўапық қала әҳмийетиндеги магистрал көше талаплары бойынша 6 полосалы етип қурылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.