Юридикалық клиника

– Жоқ, мүмкин емес.

Жумыс бериўшиниң бийлиги бойынша айырым хызметкерлерди дем алыс күнлери жумысқа тартыўға айрықша жағдайларда ғана, жәмәәт шәртнамасында, егер ол дүзилмеген болса, жумыс бериўши тәрепинен кәсиплик аўқам комитети ямаса хызметкерлердиң басқа  ўәкилликли уйымы менен келисип белгиленген тийкарлар бойынша ҳәм тәртипте жол қойылады.

Демек, сизиң жумыс бериўшиңиздиң жәмәәт шәртнамасы ямаса басқа ўәкилликли уйым менен келисип белгиленген тийкарлары болмаса, сизди дем алыс күнлери ислетиўи қадаған  етилди.

Тийкар: Өзбекстан Республикасының Мийнет кодекси, 130-статья.

(Бул материал ТМЮУниң «Юридикалық клиника»сының студентлери тәрепинен  оқытыўшыларының қадағалаўы астында таярланды).

 

Гулноза Бобоева, ӨзА