Президент Шавкат Мирзиёев аймақлардағы өзгерислер, халықтың турмысы менен жақыннан танысыў мақсетинде Самарқанд ўәлаятына жөнеп кетти.
Сапар етиў бағдарламасы оғада тығыз. Қала ҳәм районлардағы санаат кәрханалары, туризм комплекслери, транспорт инфраструктурасы, жаңа турақ жайларды барып көриў режелестирилген.
Сапардың екинши күни халық депутатлары, халық ўәкиллери менен мәжилис өткерилип, ўәлаятты социаллық-экономикалық раўажландырыў перспективалары белгиленеди.
ӨзА