Бүгин, 30-март күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, марҳум журналист Саъдулла Ҳәкимниң қарақалпақ тилиндеги шығармаларынан ибарат «Дебдиў» атамасындағы топламының презентациясы ҳәм әдебий кеше болып өтти.

 

Илажды институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров басқарып барды.

Кешеге Қарақалпақстан Жазыўшылары аўқамы баслығы, Қарақалпақстан халық шайыры К.Кәримов, Саъдулла Ҳәким қосықларын қарақалпақ тилине шебер аўдарған, Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлими баслығы, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист К.Реймов, «Қорақалпоғистон тонги» газетасының бас редакторы, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист Н.Матякубова, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими жуўаплы хызметкери, шайыр Ш.Аяпов, поэзияға жаны қумар студент жаслар қатнасты.

Поэзия ықласбентлери Саъдулла Ҳәкимди «Ҳамал тонглари», «Сен кутган баҳор», «Ёз оқшоми», «Она сўз», «Кўнгил юзи», «Кўҳна нақл» сыяқлы китаплары арқалы жақсы таныйды.

 

Саъдулла Ҳәкимниң қарақалпақ тилиндеги «Дебдиў» атлы қосықлар топламына Ўатан туйғысы, туўған жерге муҳаббат, өмир пасыллары, әдиллик, заманға шүкиршилик сезимлерине бөленген қосықлары ҳәм «Журт уғланы» атлы қасыйдасы киргизилген болып, шайырдың қосықларын дилмаш, журналист К.Реймов шеберлик пенен аўдарған.

Әсиресе, шайырдың қарақалпақ халқының өзине тән менталитети, миймандослығы, қыйыншылықларға төзимли екенлиги, халықлар дослығы мәселелерине арналған қосықлары кеше қатнасыўшыларында айырықша тәсирлер қалдырды.

 

Арал мениң көксимде жатар,

Толғанаман, толғым келеди.

Түслеримде сағыныш оятар,

Қарақалпақ болғым келеди.

 

Мойнақ жақта қараүй қурып,

Жасаў қандай – билгим келеди.

Қарақалпақтың жанында турып,

Қарақалпақ болғым келеди, – деп жазған еди шайыр өзиниң «Арал дәрти» атамасындағы қосығында.

 

Кешеде сөзге шыққанлар Саъдулла Ҳәкимниң өмири ҳәм дөретиўшилиги, әдебиятта аўдарма мәселесиниң әҳмийети, оның машақатлары, қарақалпақ ҳәм өзбек әдебиятының ең жақсы шығармаларын аўдарыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында тоқталды.

Илажда жаслар Саъдулла Ҳәким поэзиясының әдебиятымыздағы орны, тематикалық өзгешеликлери, көркем-әдебий шығармаларды аўдарыўда әҳмийет қарататуғын факторлар бойынша өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

 

Ислам Матеков.

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Автордың түсирген фотолары.