Орта Азияда көп әсирлерден берли геморрогиялық кеселликлер ҳәр түрли атамалар менен белгили болған. Булар тийкарынан Қырым-Конго геморрогиялық ысытпа кеселлиги болып, ҳәзирги Тәжикстан аймағында XII әсирде-ақ ушырасқан.

Биринши мәрте 1944-жылы рус илимпазы М.П.Чумаков урыс ақыбетинде бүлинген Қырымда аўыл халқы ҳәм оларға жәрдемлескен әскерлер арасында кең тарқалып кеткен кеселлик себебин, клиникалық көринисин илимий үйренип буның өз алдына кеселлик екенлигин анықлаған ҳәм “Қырым геморрогиялық ысытпасы” деп атаған. 1956-жылы Африканың Конго елинде дене ысытпасы жоқары наўкас баланың қанынан “Конго вирусы” ажыратылған. Соң бул еки вирус бир кеселлик қоздырыўшысы екенлиги анықланып “Қырым-Конго геморрогиялық ысытпа кеселлиги” атамасы берилген.

Қырым-Конго геморрогиялық ысытпа кеселлиги (ҚКГЫ) Азия, Африка, Балқан, ҒМДА мәмлекетлеринде иксод кенелери тарқалған аймақларда ушырасады. Ҳәр жылы дүнья жүзинде дерлик 1000 адам аўырады. XXI әсирдиң басынан берли ҚКГЫ кеселлигиниң тастыйықланған саны ҳәм инфекцияның географиялық тарқалыў шеңбери үзликсиз кеңейип бармақта. Кенелердиң кескин көбейиўине, кең тарқалыўына жеке меншик ҳәм фермер хожалықларында үй ҳайўанлары санының көбейиўи ҳәм кенеге қарсы илажлардың өткерилмеўи тийкар жаратады. Өзбекстанда да бурынлары тек Бухара, Қашқадәрья ҳәм Наўайы ўәлаятларында дизимге алынған болса, соңғылығында басқа жерлерде, ал 2003-жылдан баслап Қарақалпақстан Республикасында пайда бола баслады.

Бул кеселлик тийкарынан кенелер арқалы жуғатуғын, тәбийғый орталықтағы оғада қәўипли жуқпалы кеселлик. Кенелер кеселлик вирусының сақлаўшысы ҳәм тасыўшылары болып есапланады. Вирустың тийкарғы дәреклери – кемириўшилер, қара мал ҳәм қой-ешкилер.

Бул кеселлик тийкарынан, кәсиби шөл аймақлары, яғный тәбийғый орталықлар менен байланыслы болған кәсип ийелеринде: шопанлар, мал бағыўшылар, аңшылар, қой қырқымына ўакытша жумысқа тартылғанлар, олардың үйиндегилерде, басқа себеплер менен сол жерлерге барған адамларда ушырасады.

Тәбийғый шараятта бул кеселлик вирус сақлаўшы кенелердиң шағыўы яки қара маллардан кенелерди алып, қолы яки атаўыз бенен езиў, қайшы менен қыйыў нәтийжесинде териниң, силекейли қабаттың кене қаны менен ипласланыўы арқалы адамларға жуғады.

Кеселликтиң және бир қәўипли тәрепи ҚКГЫ менен аўырған наўқасты күтип-қараў нәтийжесинде қан арқалы денсаўлығы жақсы адамға жуғыўы болады.

Наўқасларға инъекция салыў, лабораториялық тексериў ушын қан алыў яки басқа да тери пүтинлиги бузылыўы менен өтетуғын процедураларды әмелге асырыў пайытында тийисли қағыйдалар сақланбаўы нәтийжесинде медицина хызметкерлерине де кеселлик жуғыўы мүмкин.

Кеселликтиң жасырын дәўири орташа 2 – 3 күн даўам етеди. Айырым ўақытлары бул дәўир бир неше саатларға шекем қысқарады яки 14 күнге шекем созылады.

Кеселлик бирден басланып, дене ыссылығының көтерилиўи, бас аўырыў, бет-әлпети, мойын, көкирек терисиниң қызарыўы, денениң тоңып қалтыраўы, булшық етлердиң аўырыўы, қусыў, иш өтиў, денеге әспи тасыў, тис түби, мурын, асқазан-ишеклерден қан кетиўи, инъекция салынған орынларда қан қуйылыўлар сыяқлы белгилер менен көринеди. Айырым ўақытлары кеселлик аўыр өтип, өлим жағдайлары жүз бериўи мүмкин.

ҚКГЫ геморрогиялық белгилерсиз де өтиўи мүмкин. Кеселликтиң бул түринде денеге әспи шықпайды, қанталасыўлар бақланбайды, кеселлик тийкарынан ысытпа ҳәм ҳәлсизлик белгилери менен өтеди.

Қырым – Конго геморрогиялық ысытпа кеселлигинен сақланыў ушын имканы болғанынша кенелер көп жерлерге олардың активлескен дәўиринде бармаў керек. Дем алыў орынлары, балалардың жазғы дем алыў орайларында қара малларды бағыў қадаған етиледи.

Жайлаў, базарлардан қара мал, қой – ешкилерди кенеге қарсы дәрилеместен үйге алып келиўге, елатлы пунктлерде бағыўға болмайды.

Ҳайўанлардың кенелеўине қарсы гүресиў зәрүр. Малларда, қораларда кене анықланса дәрҳал ветеринария хызметкерлерине хабарласып, кенеге қарсы дәрилеў өткериў керек. Кенелеўдиң алдын алыў ушын март-октябрь айларында қоралар 4 мәрте дәрилениўи тийис. Жайылатуғын маллар кенеге қарсы жийи-жийи дәрилениўи тийис.

Кенелерди қол, тас, атаўыз яки басқа әсбаплар менен езиў ҳәм қайшы менен кесип өлтириў қадаған етиледи. Кенелеген малдың жүнин қырқыўға болмайды.

Қырқым мапазына балаларды, жас өспиримлерди ҳәм ҳәмиледар ҳаялларды тартыў мүмкин емес.

Сүт саўыў пайытында сыйырлардан кенени қол менен алмаў керек.

Кене шағыўдан сақланыў мақсетинде илажы болғанынша денениң барлық жери реңи ақшыл кийим менен жабылыўы тийис. Кенениң көбинесе аяқлар арқалы кириўи инабатқа алынып, шалбардың балақлары беккем байланыўы, носки яки аяқ кийимниң ишине салынады. Жағасы, жеңи ҳәм балақлары беккем жабылатуғын кийим яки комбинезон, мойынды жаўып туратуғын бас кийим, қолғап, етик кийиў, жеке гигиена қағыйдаларына пухта әмел етиў кеселликтиң алдын алыўда жүдә әҳмийетли.

Егер кене адам денесине жабысқан болса илажы болғанынша териге кирип турған жеринен жиңишке пинцет, беккем сабақ яки арнаўлы әсбап пенен басын үзип алмай абайлап туўры суўырып алып, орнына йод яки спирт жағыў, қолларды сабынлап жуўыў зәрүр. Жақын жайласқан емлеў-профилактикалық мәкемесине хабарласыў ҳәм 7-8 күн даўамында үй шараятында шыпакер бақлаўында болыў талап етиледи.

Терини кене шағыўдан сақлаў ушын дәриханаларда сатылатуғын репеллентлер, яғный үркитиўши затлардан пайдаланыў мүмкин.

Репеллентлер териге яки кийимге себиледи, олардың тәсири 3 саатқа шекем даўам етеди, 3 сааттан соң териниң репеллент себилген жерлери хожалық сабыны менен жуўып тасланады ҳәм зәрүр болса қайта қолланылады.

Егер адамды кене шақса, яки денесине кене жабысқанын көрсе, қоллары кене қаны менен ипласланса, сондай-ақ, ысытпасы көтерилген, мурын, тис түби, асқазан – ишеклерден, жатырдан қан кеткен наўқасларға жәрдем көрсетсе, наўқастың қаны тери ҳәм силекейли қабатларға тийген болса, онда жәрдем көрсеткен адам да медициналық жәрдемге хабарласыўы шәрт.

Қара малларды арнаўлы шөлкемлестирилген орынларда, арнаўлы кийинген ҳәм қәўипсизлик илажларын сақлаған ҳалда сойыў талап етиледи.

Кенелеген маллар сойыўдан 2 ҳәпте алдын тазаланыўы ҳәм карантинде сақланыўы мақсетке муўапық.

Денсаўлығы жақсы адамның инфекцияланған адам менен жақын қатнаста болыўының алдын алыў, оның илажы болмағанда қолғап ҳәм басқа қорғаныў затларын кийиў, қолларды турақлы түрде сабынлап жуўыў талап етиледи.

Қара маллардың ийелери, жайлаўларға барып турыўшы, атыз жумыслары менен шығылланыўшы, тәбият қушағында дем алыўшылар, кене тәсирин сезбесе де, денсаўлық жағдайында өзгерислер (ысытпа, бас аўырыў, булшық етлер аўырыўы, ҳәлсизлик, қусыў, иш өтиў) болса, дәрҳал шыпакерге хабарласыўы зәрүр.

Жоқарыдағыларға әмел етиў Қырым – Конго геморрогиялық ысытпа кеселлигиниң  алдын алыў гиреўи екенлигин умытпаўымыз керек!

 

Нина Низаматдинова,

  ҚР санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм

жәмийет саламатлығы басқармасының эпидемиолог-шыпакери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги