Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 31-март күни Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў кеңесиниң (Түркий кеңес) видеоәнжуман түринде өтетуғын рәсмий емес саммитинде қатнасады.

Қазақстанның басламасы менен шақырылып атырған болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўда Түркий кеңес шеңбериндеги көп қырлы қатнасықларды және де кеңейтиў ҳәм беккемлеў мәселелерин додалаў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде ағза мәмлекетлердиң саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт-коммуникация ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўин кеңейтиўге байланыслы басламаларды алға қойыўы күтилмекте.

2009-жыл 3-октябрь күни шөлкемлестирилген кеңеске Өзбекстан, Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Түркия ағза. Буннан тысқары, Венгрия Түркий кеңес ишинде бақлаўшы сыпатында қатнаспақта.

Өзбекстан Республикасы бул кеңеске 2019-жылы қосылған. Сол жылы 15-октябрьде Бакуде болып өткен саммитте елимиз биринши мәрте толық ҳуқықлы ағза сыпатында қатнасқан.

Түркий тиллес еллер арасындағы байланыслар менен исенимди беккемлеў, саўда, экономика, транспорт, энергетика, туризм ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўдағы бирге ислесиўди раўажландырыў, регионда тынышлық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў бағдарындағы ҳәрекетлерди муўапықластырыў шөлкемниң тийкарғы мақсетлери болып есапланады.

Түркий кеңестиң жоқары уйымы – Мәмлекет басшыларының кеңеси, турақлы жумыс ислеўши атқарыў уйымы – Стамбул қаласында жайласқан Секретариат.

Буннан тысқары, ТТМБК қәўендерлигинде Халықаралық түркий мәденият шөлкеми (ТҮРКСАЙ), Түркий тиллес мәмлекетлердиң Парламентлик ассамблеясы (ТүркПА) ҳәм Түркий мәденият ҳәм мийрас фонды, Халықаралық Түркий академия ҳәм Исбилерменлер кеңеси  жумыс ислемекте.

 

ӨзА