Бүгин, 1-март күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Жоқары аттестациялық комиссиясының баслығы Аҳмадбек Юсупов пенен ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўды институт ректоры Б.Отемуратов ашып берди.
Илажға институт профессор-оқытыўшылары, докторантлар ҳәм илимий излениўшилер қатнасты.
Ушырасыўда А.Юсупов соңғы ўақытларда Қарақалпақстан Республикасынан Жоқары аттестациялық комиссияға барып атырған илимий жумыслардың мазмуны ҳәм әҳмийетлилик дәрежеси жоқарылағаны, быйылғы жылдан баслап комиссия жумысы толық цифрластырылып, илимий семинар, диссертациялар жақлаў илажлары толық онлайн форматқа өтип атырғанлығы ҳәм буның абзаллықлары ҳаққында айтып өтти.
Ушырасыўда профессор-оқытыўшылар, докторантлар ҳәм илимий излениўшилер тәрепинен Қарақалпақстанда фольклористика бойынша, сондай-ақ, география илимлери бойынша регионаллық илимий кеңес ашыў бойынша усынысларын билдирип, өзлериниң илимий жумыслары менен байланыслы машқалалары бойынша мүрәжат етип, тийисли жуўаплар алды.
Жоқары аттестациялық комиссиясының баслығы соңғы жылларда тараўда артықша қағазбазлықты қысқартыў, излениўшилерди қоллап-қуўатлаў, оларға шараятлар жаратыў бойынша исленип атырған унамлы өзгерислер ҳаққында айта келип, орын алып атырған кемшиликлерди көрсетип өтти. Кемшиликлерди сапластырып, излениўшилерге жәрдем бериўде илимий семинар ҳәм кеңес тәрепинен исленетуғын жумысларды атап өтти.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
Автордың түсирген фотолары.