Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Корея Республикасы Президенти Мун Чже Ин жоқары дәрежеде алға ерисилген келисимлерге муўапық 28-январь күни видеоәнжуман түринде ушырасыў өткереди.

Сөйлесиўлер күн тәртибинен еки тәреплеме айрықша стратегиялық шериклик қатнасықларын, регионналлық бирге ислесиў ҳәм мәмлекетлеримиздиң халықаралық шөлкемлер шеңбериндеги шериклигин раўажландырыўға байланыслы әҳмийетли мәселелер орын алған.

Өзбекстан ҳәм Корея жетекшилери сиясий қатнасықтың бүгинги жағдайын ҳәм оны беккемлеў перспективаларын, саўда, инвестициялар, инновациялар, санаат ҳәм энергетика, аўыл хожалығы, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў ҳәм мәдений алмасыў тараўларында анық жойбар ҳәм бағдарламаларды әмелге асырыў мәселелерин таллайды.

Болажақ қатнасықлар ҳәм биргеликтеги илажлардың режеси де көрип шығылады.

Саммит жуўмағында санлы технологиялар, жойбарластырыў жумысы, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа да әҳмийетли бағдарларда жаңа басламаларды алға қойыў нәзерде тутылған бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылыўы режелестирилмекте.

 

ӨзА