Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 29 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни байрамы алдынан Нөкис қаласында 30 квартиралы турақ жай пайдаланыўға тапсырылды.
Қорғаныў министрлиги әскерий хызметкерлери ушын узақ мүддетли жеңилликли ипотека кредити тийкарында қурып питкерилген турақ жайды пайдаланыўға тапсырыў мәресимине Арқа-батыс әскерий округи, Нөкис әскерий прокуратурасының басшылары, әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Илажда Арқа-батыс әскерий округи сәркардасы, полковник Ф.Шерматов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Е.Аташов ҳәм басқа да шығып сөйлеўшилердиң атап өткениндей, Президентимиздиң басламасы менен елимизде өз өмирин Ўатанды қорғаўдай жуўапкерли ўазыйпаға бағышлаған әскерий хызметкерлерди социаллық қорғаў бойынша анық илажлар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, соңғы жыллары әскерий тараўға қаратылып атырған айрықша итибар нәтийжесинде әскерий бөлимлер менен мәкемелер, дала-оқыў майданының инфраструктурасын түп-тийкарынан жетилистириў, машақатлы ҳәм мақтанышлы кәсип ийелери ҳәм олардың шаңарақ ағзаларына қолайлы шараятлар жаратыў, оларды турақ жай менен тәмийинлеў, әскерий пенсионерлердиң социаллық қорғалыўына айрықша итибар қаратылмақта.
Өткен жылдың декабрь айында Арқа-Батыс әскерий округи ҳәм Қарақалпақстан Республикасы аймақлық әскерий-ҳәкимшилик секторы менен биргеликте «Нөкис» дала-оқыў майданы пайдаланыўға тапсырылды. Соңғы үш жылдың ишинде тек ғана Арқа-Батыс әскерий округинде 400ге шамалас әскерий хызметкер ушын жеңилликли ипотека кредити тийкарында 8 турақ жай қурылды. Нөкис гарнизоны «Ватанпарвар» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында пайдаланыўға тапсырылған 5 этажлы 30 квартиралы ҳәр бири 2 ҳәм 3 бөлмели турақ жайдың пайдананыўға тапсырылыўы, әскерий хызметкерлерге Ўатан қорғаўшылары күни алдынан ҳақыйқый байрам саўғасы болды.
Илаж соңында жаңа турақ жайдың гилтлери өз ийелерине салтанатлы жағдайда тапсырылып, қатнасыўшылар бул жерде жаратылған шараятлар менен танысты.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ХАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери