Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

«2021-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. 1. 2021-жыл 1-февральдан баслап бюджет мәкемелери ҳәм шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақысы және стипендиялар муғдары 1,1 есеге арттырылсын.

2021-жыл 1-февральдан баслап Өзбекстан Республикасы аймағында:

мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары – айына 747 300 сум;

базалық есаплаў муғдары – 245 000 сум;

14 жасқа шекемги балалары болған шаңарақларға напақа, бала еки жасқа толғанына шекем бала тәрбиясы бойынша напақа, кем тәмийинленген шаңарақларға берилетуғын материаллық жәрдем және Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятындағы мүтәж шаңарақларға бир мәртелик материаллық жәрдем муғдарлары 1-қосымшаға муўапық белгиленсин.

  1. 2. 2021-жылы екинши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўшилерге ажыратылатуғын бюджет қаржыларының шекленген муғдарлары 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. 3. Мәмлекетлик салық комитети, Мәмлекетлик бажыхана комитети, Қаржы министрлиги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери усы қарардың 3-қосымшасында көрсетилген 2021-жыл ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети дәраматлары прогнозының орынланыўы бойынша барлық зәрүр илажларды көрсин.
  3. 4. 2021-жыл 1-январьдан баслап социаллық салық түсимлери төмендегише бөлистириледи:

а) бюджет шөлкемлери бойынша:

бюджеттен тысқары Пенсия  қорына – 99,2 процент;

Бәнтликке жәрдем бериў мәмлекетлик қорына – 0,4 процент;

Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы кеңесине – 0,4 процент;

б) басқа төлеўшилер бойынша :

бюджеттен тысқары Пенсия қорына – 98,4 процент;

Бәнтликке жәрдем бериў мәмлекетлик қорына – 0,8 процент;

Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы кеңесине – 0,8 процент екенлиги белгиленсин.

  1. 5. Пайда салығы толығы менен Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетине бағдарланатуғын ири салық төлеўшилердиң дизими 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. 6. Төмендеги салық түрлери бойынша дәраматлар прогнозының арттырып орынланған бөлеги толық  көлемде Қарақалпақстан Республикасы республикалық бюджети, ўәлаятлардың ўәлаятлық бюджети ҳәм Ташкент қаласының қалалық бюджетине қалдырылсын:

физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы;

қосымша қун салығы (усы қарардың 4—қосымшасында көрсетилген ири салық төлеўшилер тәрепинен төленетуғын қосымша қун салығы буған кирмейди);

пайда салығы (усы қарардың 4-қосымшасында көрсетилген ири салық төлеўшилер, Өзбекстан Республикасында турақлы жумыс алып барыўшы мәкеме арқалы жумыс жүргизиўши Өзбекстан Республикасының резидент емеслери тәрепинен, сондай-ақ, резидент емеслердиң төлем дәрегинде услап қалынатуғын дәраматларынан төленетуғын пайда салығы буған кирмейди).

Бунда, салық түрлери бойынша дәраматлар прогнозының арттырып орынланған бөлегин есаплаўда ири салық төлеўшилерден түсимлер (усы қарардың 4-қосымшасында көрсетилген ири салық төлеўшилер тәрепинен төленетуғын салықлар буған кирмейди) инабатқа алынады.

Қаржы министрлигине баҳалар (тарифлер) ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери өзгериўинен келип шығып, қосымша қун салығы бойынша дәраматлардың прогнозын тастыйықланған көрсеткишлер  шеңберинде аймақлар кесиминде қайта бөлистириў ҳуқықы берилсин.

2020-жыл 4-шерек жуўмақлары бойынша Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетинен Қарақалпақстан Республикасы республикалық бюджети, ўәлаятлардың ўәлаятлық бюджети ҳәм Ташкент қаласының қалалық бюджетине дәраматлар прогнозының арттырып орынланған бөлегин өткериў 2021-жыл январь айында әмелге асырылатуғыны ҳәм 2020-жыл ушын есабатларда көрсетилетуғынлығы белгиленсин.

  1. 7. 2021-жыл ушын алтыннан исленген зергерлик буйымларын көтере саўдада сатқаны ушын жыйым муғдары 1граммына 1 000 (бир мың) сум муғдарында сақлап қалынсын.
  2. 8. 2021-жылы Мәмлекетлик салық комитети тәрепинен белгиленген жағдайларда салық төлеўшилерге салық есабатларын усыныў мүддетлерин бес күннен көп болмаған мүддетте кешиктиргени ушын жәрийма салынбайтуғынлығы белгиленсин.
  3. 9. 2021-жыл 1-январьдан баслап барлық хожалық жүргизиўши субъектлер ушын тийкарғы фондлардың ҳәр жыллық, микрофирма ҳәм киши кәрханалар ушын 3 жыллық мәжбүрий қайта баҳалаў тәртиби бийкар етилсин.
  4. 10. 2021-жыл 1-январьдан баслап:

«Наўайы кән-металлургия комбинаты» МК ҳәм «Алмалық кән-металлурния комбинаты» АЖға  жер астынан пайдаланғаны ушын салық ставкасы алтын, палладий, гүмис ҳәм мыс бойынша 15 процент муғдарында;

рентабеллик дәрежесинен келип шығып «Наўайы кән-металлургия комбинаты» МК ҳәм «Алмалық кән-металлургия комбинаты» АЖ  ушын пайда салығы ставкалары 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. 11. 2021-жыл ушын Өзбекстан Республикасының республикалық бюджети, Қарақалпақстан Республикасы бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының жергиликли бюджетлери айланба касса қаржыларының жол қойылатуғын ең кем муғдарлары  6-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. 12. Халық билимлендириў министрлиги, Денсаўлықты сақлаў минитсрлиги, Суў хожалығы министрлиги ҳәм Транспорт министрлиги жанындағы Автомобиль жоллары комитетиниң бюджет қаржыларынан пайдаланыў менен байланыслы жумысының нәтийжелилиги индикаторлары 7-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Халық билимлендириў министрлиги, Денсаўлықты сақлаў минисрлиги, Суў хожалығы министрлиги ҳәм Автомобиль жоллары комитети:

усы қарардың 7-қосымшасында нәзерде тутылған нәтийжелилик индикаторларының орынланыўын тәмийинлесин ҳәм мониторингин жүргизсин;

есап бериў шерегиниң жуўмағы бойынша кейинги шерек биринши айының 20-сәнесине шекем усы қарардың 7-қосымшасында нәзерде тутылған нәтийжелилик индикаторларының орынланыўы ҳаққындағы есабатларды қәлиплестириў және соңынан Олий Мажлис Нызамшылық палатасына есабат бериў ушын Қаржы министрлигине киргизсин.

Усы қарардың 7-қосымшасында нәзерде тутылған нәтийжелилик индикаторларының орынланыўын баҳалаў министрликлер ҳәм уйымлардың Ишки аудит хызмети тәрепинен әмелге асырылатуғынлығы белгиленсин.

Қаржы министрлиги 2022-жыл ушын Мәмлекетлик бюджет жойбарын қәлиплестириўге халықаралық экспертлерди тартқан ҳалда барлық министрликлер ҳәм уйымлардың бюджетлери қәрежетлериниң нәтийжелилик индикаторларын белгилеген ҳалда мақсетли режелестириў системасын енгизсин және 2022-жыл ушын Бюджетнамада көрсетсин.

Раўажландырыў бағдарламаларының нәтийжелилигин таллаў мақсетинде министрликлер ҳәм уйымлар бир ай мүддетте өзлериниң орайлық аппаратлары структурасында белгиленген штат бирликлери шеңберинде ишки аудит хызметлерин енгизсин.

  1. 13. Есап палатасы ҳәм Қаржы министрлиги усы қарардың 7-қосымшасында нәзерде тутылған нәтийжелилилик индикаторларының орынланыўы үстинен қатаң қадағалаў орнатсын.
  2. 14. Аўыл хожалығы министрлиги Кадастр агентлиги, «Ўздаверлойиҳа» илимий-жойбарлаў институты, Мәмлекетлик салық комитети ҳәм Мәмлекетлик статистика комитети менен биргеликте 2021-жыл 1-апрельге шекем аўыл хожалығы жерлери бар юридикалық тәреплер, соның ишинде, дийқан хожалықларына жерлерди салыққа тартыў ушын нормативлик баҳасын жеткерсин.
  3. 15. Қаржы министрлиги:

а) 2021-жыл 1-апрельге шекем:

Есап палатасы ҳәм Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги менен биргеликте бюджет процессиниң ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде мағлыўматларды рәсмий веб-сайтларға жайластырыў тәртибин;

Бюджет процесиниң жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшалар тийкарында жаңаланған Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетин дүзиў ҳәм орынлаў қағыйдаларын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;

  1. 16. 2021-жыл 1-январьдан баслап Қаржы министрлиги жанындағы Кризиске қарсы гүресиў қоры сапластырылсын, қордың есабынан ажыратылған қаржылардың өзлестирилмеген бөлеги және қордың усы жылдың ақырына қалған қаржылары Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетине өткерилиўи тәмийинленсин.

2021-жылы  коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў илажлары  Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетине коронавирус пандемиясына қарсы гүресиў ҳәм вакцина сатып алыў қәрежетлери шеңберинде  қаржыландырылатуғыны белгиленсин.

  1. 21. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 3-апрельдеги «Корнавирус пандемиясы дәўиринде халық, экономика тармақлары ҳәм исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-5978-санлы Пәрманына 1-қосымшада нәзерде тутылған төлемлерди (ақ ҳәм басқа қанттан тысқары) Өзбекстан Республикасы аймағына алып кириўде бажыхана бажысының нольлик ставкасы 2021-жыл 31-декабрьге шекем қолланылсын.
  2. 22. Қаржы министрлиги Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги және Ишки ислер министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Президенти ямаса Министрлер Кабинети қарарлары тийкарында белгиленетуғын бағдарламаларда қатнасқаны нәтийжесинде 2021-жыл 1-январьдан баслап алынған бонуслар, сыйлықлар көринисиндеги пул төлемлериниң физикалық тәреплердиң дәрамат салығынан азат етиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
  3. 23. Мәмлекетлик салық комитетине 2021-жылы ажыратылған қаржылар шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 30-октябрьдеги «Жасырын экономиканы қысқартыў ҳәм салық уйымлары жумысының нәтийжелилигин арттырыў бойынша шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-6098-санлы Пәрманында нәзерде тутылған онлайн қадағалаў-касса машиналарының чеклери тийкарында сыйлықлы ойынларды 2021-жылы өткериўге байланыслы қәрежетлерди қаплаўға руқсат берилсин.
  4. 24. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына 8-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  5. 25. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарлары 2021-жыл 1-январьдан 9-қосымшаға муўапық өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  6. 26. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 30-декабрь