Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов Президентимиздиң пәрманларына муўапық «Жасорат» медалы менен сыйлықланған Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалы неврология бөлиминиң үлкен мийирбийкеси, марҳум Зульфия Джуманиязова ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги патруль-пост хызмети ҳəм жəмийетлик тəртипти сақлаў басқармасының бөлим баслығы, марҳум Есемурат Қайыпназаровтың шаңарағында болып, жақынларының ҳалынан хабар алды.
Онда марҳум З.Джуманиязова ҳәм Е.Қайыпназаровтың коронавирус пандемиясы себепли жүзеге келген қыйын ҳәм сынақлы күнлерде өз өмири менен денсаўлығын қәўипке қойып, инфекцияның кеңнен тарқалыўының алдын алыў жумысларына қосқан мүнәсип үлесин, өзиниң ерлиги, билими ҳәм потенциалы, профессионаллық шеберлигин көрсетип, халықтың саламатлығын қорғаў, наўқаслардың өмирин сақлаў, оларға үлкен итибар ҳәм ғамқорлық көрсетиў бағдарындағы айрықша хызметлери, тынышлықты тəмийинлеў, турақлылық және жəмийетлик тəртипти беккемлеў бағдарындағы хызмет ўазыйпасын атқарыў ўақтында көрсеткен мəртлиги ҳəм пидайылығы жоқары баҳаланып, олардың естелиги халқымыздың жүрегинде мәңги сақланып қалатуғыны атап өтилди.
Марҳумлардың шаңарағына медальлар ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
– Өмирлик жолдасым Зульфия Джуманиязова усы тараўда 1996-жылдан берли ислеп келди,-дейди оның өмирлик жолдасы Қыдырбай Атабаев. – Оның апа-сиңлилери де усы тараўларда жумыс ислеп келмекте. Мен де У.Халмуратов атындағы республикалық көп тармақлы медицина орайында уролог шыпакер болып ислеймен.
Зульфия туўралы бәрқулла жақсы гәплерди еситип келдим. Ол кәсибине пидайы инсан еди. Күни-түни демей наўқасларға қарап, олар саўалып кетемен дегенше, тынып-тыншымайтуғын еди.
Президентимиз ҳәм республикамыз басшылары тәрепинен усындай пидайы инсанлар қатарында оның да мийнетлерин есапқа алып, «Жасорат» медалы менен сыйлықланғаны ушын шексиз миннетдармыз.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги