Бүгинги күнде мәмлекетимизде жаслар мәселесине мәмлекетлик сиясат дәрежесинде итибар қаратылмақта. Бүгинги Өзбекстан жаслары халқымыздың бай руўхый-ағартыўшылық мийрасын, зийреклиги, мийнетсүиўшилик, ўатансүйиўшилик сыяқлы жақсы дәстүрлерин өзинде жәмлеген ҳалда, жәмийетимизде мүнәсип орын ийелемекте. Бул тәреплер жасларымыздың излениўшеңлиги, билим ийелеўге болған тилеги, дөретиўшилик қәбилети, реформаларымызға байланыслы жуўапкерлик сезими беккемлигинде белгили болады. Сонлықтан елимиз жасларына жаратылған шараятлар, кең көлемли имканиятларға, олар ерисип атырған табысларға көпшилик, атап айтқанда, дүнья жаслары ҳәўес пенен қарамақта.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты избе-из ҳәм нәтийжели әмелге асырыў, жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў системасын түп-тийкарынан реформалаў мақсетинде усы жылдың 25-декабрь күни әжайып «Humo Arena» муз сарайында биринши мәрте Өзбекстан жаслар форумы болып өтти.

Усы илажда Олий Мажлис Сенатының ағзалары, Нызамшылық палатасының депутатлары, министрликлер ҳәм уйымлар, жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, зийрек ҳәм қәбилетли жаслар қатнасты.

Соны атап өтиў зәрүр, кейинги жылдан жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў имтиханларында ең жоқары балл топлаған 200 жас ушын Президент гранты енгизиледи. Егер  ҳәзирги Президент стипендиясы тек бир оқыў жылы ушын мөлшерленген болса, бул грант қаржылары төрт жыл даўамында төлеп барылады. Сондай-ақ, келеси оқыў жылынан баслап республикадағы сырт ел жоқары оқыў орынларының бакалавриат басқышы студентлери ушын да Президент ҳәм мәмлекетлик стипендиялары енгизиледи. Себеби бундай билимлендириў  орайларында оқып атырған жаслар да өзимиздиң перзентлеримиз. Олар ертеңги күни елимиз раўажланыўы ушын хызмет етеди. Сондай екен, оларға ғамхорлық етип, қәбилетин хошаметлесек, әдалатлы болады, деп ойлайман. Илим жолын таңлаған талантлы жасларымызды қоллап-қуўатлаў мақсетинде кейинги жылдан баслап магистратура ҳәм докторантура басқышлары ушын Президент стипендиясы квотасы еки есеге арттырылады. «Бундай имканият ҳәм жеңилликлерге бәринен бурын жаңа Ренессанс тийкарын салыўшылары ийе болатуғынлығына, исенимим кәмил», – деп атап өтти мәмлекетимиз басшысы.

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев өзиниң шығып сөйлеген сөзинде жасларды қыйнап атырған машқалалардың шешимине байланыслы режелерди атап өтип, ўазыйпалар белгиленди.

  • Еки ҳәм оннан аслам перзенти жоқары оқыў орнында шәртнама тийкарында оқып атырған шаңарақларға жеңилликли тәлим кредитин бериў жолға қойылады. Бул кредитлерди жаслар жокары оқыў орнын питкерип, жумыс ислеўди баслағаннан соң төлеўи мүмкин болады.
  • 2021-жылдан жоқары оқыў орынларына кириў имтиханларында ең жоқары балл топлаған 200 жас ушын Президент гранты енгизиледи. Ҳәзирги Президент стипендиясы тек бир оқыў жылы ушын мөлшерленген болса, бул грант қаржылары төрт жыл даўамында төлеп барылады.
  • Сондай-ақ, IELTS, TOEFL, GMAT ҳәм SAT сыяқлы имтиханларда максимал баллдың кеминде 75 процентин топлаған жаслардың имтихан қәрежетлери толық қаплап бериледи.
  • Ҳүкиметке жас кадрлар ушын белгиленген сынақ мүддети дәўиринде жумыс бериўшилерге жеңилликлер усыныў мәселесин көрип шығыў ўазыйпасы тапсырылды.
  • Жаслардың жойбарларын қаржыландырыў ушын Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги жанында айрықша қор шөлкемлестириледи ҳәм оған 100 миллион доллар қаржы ажыратылады.
  • Қор жаслардың жойбарларын қолайлы шәртлерде ҳәм төмен процентлерде қаржыландырады. Буннан тысқары, киши санаат зоналарында өндирислик имаратлар қурылып, жасларға жеңилликли шәртлерде ижара ҳәм лизинг тийкарында бериледи.
  • Кәсип-өнер және исбилерменлик көнликпелерине оқытыў арқалы арнаўлы сертификат алған жасларға Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан 4 процент төмен ставкада микрокредитлер ажыратылады. Бул кредитлер 7 жыл мүддетке 3 жыл жеңилликли дәўир менен бериледи. Бул мақсетлер ушын 2021-жылы 45 миллион доллар ажыратылады.
  • Ташкент қаласында заманагөй әжайып китапхана қурылады ҳәм бул мәрипат сарайы илимниң соңғы жетискенликлери тийкарында үскенеленеди.
  • Мектеп оқыўшылары ҳәм жоқары оқыў орынлары студентлериниң арасында «Болажақ илимпаз» таңлаўын шөлкемлестириў арқалы жаслардың ең жақсы инновациялық және стартап жойбарларына 50 миллиард сум қаржы бағдарланады.

Президентимиз баянаттан соң жаслар менен тиккелей сөйлести. Форум республикамыз жасларын бир мақсет жолында бирлестиретуғынлығын атап өтиў орынлы. Жаслар менен ашық-айдын сөйлесиў  түринде шөлкемлестирилген ушырасыўда  мәмлекетимиз басшысы ҳәр бир ўәлаят ҳәм қаладан келип, форумға қатнасып атырған жаслардың пикири менен танысты.

Жуўмақлап айтқанда, жоқары нәтийжелерге ерисиў ушын бир жағадан бас шығарып ҳәрекет етсек, гөзленген мақсетимизге жетемиз.

 

М.ИБРАГИМОВ,

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты,

Илим, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт мәселелери

комитетиниң ағзасы

Қарақалпақстан хабар агентлиги