Жаңа жыл байрамы қарсаңында Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Қалбай Турдиев «Мәденият ҳәм көркем өнер пидәкери» көкирек нышаны менен сыйлықланды.

Еслетип өтемиз, «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 20-марттағы қарары менен  шөлкемлестирилген «Мәденият ҳәм көркем өнер пидәкери» көкирек нышаны менен елимизде мәденият ҳәм көркем өнер тараўын раўажландырыў, өзбек миллий мәденияты ҳәм көркем өнери абырайын дүнья көлеминде арттырыў, жас қәбилет ийелериниң мүмкиншилигин жүзеге шығарыў бағдарында пидәкерлик пенен мийнет еткен ҳәм жоқары нәтийжелерге ерискен пуқаралар сыйлықланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги