Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 7-ноябрьдеги «Қарақалпақстан Республикасында шарўашылық тармақларын жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарында белгиленген жеңилликлер шарўа малларының өнимдарлығын арттырыў, дәраматын көбейтиў, халықтың турмыс дәрежесин жақсылаўға хызмет етпекте.
Яғный, қарарда шарўа малларын санаат усылында бағыў ушын суўғарылатуғын жерлер ҳәм оларды жайып бағыў ушын пишензарлық ҳәм жайлаўлар, шарўашылық комплекслери, шарўашылық өнимлерин қайта ислеў, жуғымлы жем ислеп шығарыў мақсетинде имарат ҳәм қурылмаларды қурыў ушын аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын жер участкаларын таңлаў ҳәм аукцион өткермей турып Комиссияның усынысына тийкарланып ажыратыў, исбилерменлик жумысларын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры тәрепинен бир ўақыттың өзинде компенсация менен биргеликте кепиллик бериў де республикамыздың барлық районларында енгизилиўи белгилеп берилген.
– Бүгинги күнде дийқан ҳәм фермер хожалықларындағы қарамаллардың нәсилин жақсылаўдың бирден-бир усылы жасалма туқымландырыў системасын жақсы жолға қойыў болып есапланады. Ҳәзирги күнде республикамызда усы бағдарда бир қатар илажлар әмелге асырылмақта,-дейди «Өзагроинспекция»ның Төрткүл районлық бөлими аға инспекторы И.Байниязов. – Усы орында айтып өтиў керек, шарўашылықтың ең тийкарғы тармағы болған қарамалшылықты раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарларының бири – бул ҳәр бир районда қәнигелестирилген хожалықларды шөлкемлестириў болып есапланады.
Шарўа малларының нәсилин жақсылаў есабынан өнимдарлығын арттырыў, азықлық базасын жаратыў, сервислик хызметлерди көрсетиўди жетилистириў, ислеп шығарылған өнимлерди қайта ислеў ҳәм системалы түрде тутыныўшылар ушын жеткерип бериў жумыслары жолға қойылады.
Атап айтқанда, 2020-жылда Төрткүл районына сырт еллерден жәми 917 бас нәсилли қарамаллар алып келиў режелестирилген болып, быйылғы жыл даўамында коммерциялық банклер тәрепинен жәми 140 мың 800 евро ҳәм 11 млрд. 150 млн. сум муғдарында кредит қаржылары ажыратылып, 8 шарўа ҳәм дийқан фермер хожалықлары ҳәм басқа түрдеги исбилерменлик субъектлери тәрепине 969 бас нәсилли қарамаллар алып келиниўи режелестирилген.
Бүгинги күнде, «Қарақалпақ Универсал Экспорт Инвест» нәсилшилик фермер хожалығына 629 бас «Голштин» ҳәм «Симменталь» нәсилли қарамал ҳәм 312 бас нәсилли қой, «Уллыбағ Шарўа Комплекси» нәсилшилик фермер хожалығына 31 бас «Симменталь» нәсилли қарамал, «Исақ баба» фермер хожалығына 32 «Швиц» нәсилли қарамал, «Төрткүлли Аҳрорбек» фермер хожалығына 31 бас «Симменталь» нәсилли қарамал, «Төрткүл азық-аўқат саўдасы» ЖШЖне 31 бас «Симменталь» ҳәм 120 бас «Голштин» нәсилли қарамал, «Худайберген Шодия» ЖШЖне 31 бас «Симменталь» нәсилли қарамал алып келинген болып, бүгинги күнде бул жумыслар даўам етпекте.
Буннан басқа, райондағы «Қуралбек Омад» шарўашылыққа қәнигелестирилген дийқан хожалығына 33 бас «Симменталь» нәсилли қарамал, «Давронбек Акбар Шарўасы» дийқан фермер хожалығына 31 бас «Симменталь» нәсилли қарамал, «Райхан Бану» шарўашылыққа қәнигелестирилген фермер хожалығына 450 бас нәсилли қой алып келинди.
Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 12-майдағы 280-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде районымыздағы «Уллыбағ шарўа комплекси» нәсилшилик фермер хожалығы ҳәм «Төрткүлли Аҳрорбек» фермер хожалығы, «Қуралбек Омад» фермер хожалығы, «Давронбек Акбар Шарўасы» дийқан фермер хожалығы, «Худайберген Шодия» ЖШЖ ҳәм «Төрткүл азық-аўқат саўдасы» ЖШЖларға субсидия қаржылары ажыратылды.
Бүгинги күнде нәсилли қара малларды алып келиў бойынша инспекцияның Төрткүл районлық бөлими тәрепинен шарўашылыққа қәнигелестирилген фермер хожалықларына шарўашылықта нәсилшиликти раўажландырыў және басқа да әмелий жәрдем ҳәм көрсетпелер берип келинбекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги