2020-жыл 19-декабрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының оныншы жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирди.
Жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.
Бул жалпы мәжилистиң жумысы Сенаттың рәсмий веб-сайты ҳәм социаллық тармақлардағы бетлери және «Ўзрепорт» телеканалы арқалы тиккелей жанлы эфирде көрсетилди.
Дәслеп суд-ҳуқық системасының реформалары тийкарында болған инсан ҳуқықларын толық тәмийинлениўи жолында суд қарарларын қайта көрип шығыў институтының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы, Ҳәкимшилик суд жумысларын жүргизиў ҳаққындағы, Жынаят-процессуаллық, Экономикалық процессуаллық және Пуқаралық процессуаллық кодекслерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында бес нызам додаланды.
«Ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы жумысларға байланыслы суд қарарларын қайта көрип шығыўдың процессуаллық тәртибиниң жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы, «Суд қарарларын қайта көрип шығыў институтының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик суд жумысларын жүргизиў ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы, «Жынаят ислери бойынша суд қарарларын қайта көрип шығыў институтының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Жынаят-процессуаллық кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы, «Суд қарарларын қайта көрип шығыў институтының жетилистириўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Экономикалық- процессуаллық кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы, «Суд қарарларын қайта көрип шығыў институтының жетилистириўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Пуқаралық процессуаллық кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамлары мине солардың қатарына киреди.
Сенаторлар тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 24-июльдеги «Судлардың жумысын буннан былай да жетилистириў ҳәм әдил судлаўдың нәтийжелилигин артырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Пәрманы суд-ҳуқық реформаларының жаңа басқышын әмелге асырыўдың ҳуқықый тийкарын жаратқанлығы билдирилди.
Усы Пәрманның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ислеп шығылған бул нызамлар суд қарарларының нызамлылығы, тийкарлылығы ҳәм әдиллигин қайта көрип шығыў тәртибин алдынғы сырт ел тәжирийбесинен келип шыққан ҳалда жетилистириў, пуқаралар ушын әдил судлаўға ерисиў имканиятларын кеңейтиў мақсетинде апелляция ҳәм кассация инстанцияларын реформалаўды нәзерде тутады.
Соның менен бирге, әмелде болған қадағалаў инстанциясы системасы суд жумысларының жыллап өз шешимин таппастан пуқаралардың ҳуқықларының бузылыўына алып келиў менен бирге халықаралық тәжирийбеге де сәйкес келмейди.
Соның ишинде, нызамлы күшке кирген суд қарарларын бир неше мәрте қайта көрип шығыў имканиятының бар екенлиги мәпдар тәреплер суд исиндеги анықсызлық жағдайынан бир неше жыллар қыйналғаны, ақыр-ақыбетинде суд ҳәкимиятының абырайына зыян жеткериўи, пуқаралар ҳәм кең жәмийетшиликте судларға унамсыз мүнәсибет, сондай-ақ, ҳуқықый системаға исенимсизликтиң жүзеге келиўи ушын шараят жаратады.
Мәмлекетимиз басшысының «бир суд – бир инстанция» принципиниң алға қойылыўы суд қарарларын қайта көриў системасында жыллар даўамында топланып келинген машқалалардың шешилиўинде анық мақсет болып, бул системаны түп-тийкарынан көрип шығыўға тийкар салды. Оған бола, халықаралық стандартларға сәйкес түрде үш басқышлы суд системасы жаратылады. Яғный биринши инстанция – район (қала) судлары, айырым категориядағы қурамалы ислер бойынша – ўәлаят судлары, апелляция инстанция – ўәлаят дәрежесиндеги судлар. кассация инстанциясы – Жоқарғы суд. Сондай-ақ, халықаралық шөлкемлер ҳәм экспертлердиң наразылығына себеп болып атырған қадағалаў инстанциясы толық бийкар етиледи.
Өз орнында, әўерегершиликти сапластырыў ҳәм пуқараларға қолайлық жаратыў мақсетинде өзгерислерге тийкарынан ўәлаятлық ҳәм соған теңлестирилген пуқаралық ислери бойынша, жынаят ислери бойынша судлар ҳәм экономикалық судлар негизинде судьялардың қатаң қәнигелесиўин сақлап қалған және суд ислерин жүргизиў түрлери бойынша өз алдына судлаў коллегияларын шөлкемлестирген ҳалда Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы улыўма юрисдикция судлары шөлкемлестирилмекте.
Ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислерди көрип шығыў ўәкиллиги ҳәкимшилик судлардан жынаят ислери бойынша судларға өткерилмекте.
Ҳәкимшилик ҳәм басқа да ғалаба ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын ислерди көриўге қәнигелеслестирилген Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар орайлары ҳәм Ташкент қаласында районлараралық ҳәкимшилик судлары шөлкемлестирилмекте. Усы мүнәсибет пенен район (қала)лық ҳәкимшилик судлары сапластырылмақта. Онда Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимшилик судлары сақлап қалынбақта.
Сенаторлар усы Нызамлардың турмысқа енгизилиўи қандай нәтийжелер бериўи мәселелерине де айрықша тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, ўәлаят суды тәрепинен биринши инстанцияда көрилген суд ислери бойынша берилген шағымларды сол судтың өзи тәрепинен жоқары инснтанция суды сыпатында көрилиўи әмелиятына шек қойылады. Нәтийжеде бул процесстеги коррупциялық факторлар сапластырылып, шағым етиў институтының нәтийжелилиги артады.
Сондай-ақ, орта буўындағы судлар тийкарынан апелляция инстанциясы суды сыпатында қәнигелескеннен соң, олардың жуўапкершилиги күшейтилип, барлық дыққат-итибары суд қарарларының сапасына қаратылады және биринши инстанция судлары тәрепинен жол қойылған қәте-кемшиликлер өз ўақтында сапластырылады. Онда Пуқаралар ҳәм юридикалық тәреплердиң бузылған ҳуқықларын өз ўақтында тиклеў ҳәм әдил судлаўды әмелге асырыўдың сапасын және де жақсылаў имканияты жаратылады.
Өз гезегинде, суд ислерин қадағалаў тәртибинде көрип шығыў институтының сапластырылыўы ҳәм кассацияның үшинши инстанция суды сыпатында белгилениўи нәтийжесинде суд қарарларының нызамлылығы, тийкарлы екенлиги ҳәм әдиллиги тиккелей оннан наразы тәрептиң тиккелей берген шағымы тийкарында көрилиўине ерисиледи, судларда ислерди қадағалаў тәртибинде көрип шығыў бойынша бир-бирин тәкирарлайтуғын инстанциялар қысқартылады.
Бул болса суд қарарларын қайта көриў мәселесиндеги халықаралық стандартлар талапларының процессуал нызамшылығына имплементацияланыўына, судтың еркинлиги, нызамның үстинлиги ҳәм әдил судлаў нәтийжелилиги бойынша халықаралық рейтинглерде мәмлекетимиздиң абырайы артыўына хызмет етеди.
Нызамлар сенаторлар тәрепинен мақулланды ҳәм жуўапкер уйымларға оларды кеңнен үгит-нәсиятлаў және толық ислеў ушын зәрүр механизмлерди ислеп шығып, енгизиў тапсырылды.
Буннан соң «Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы додалаў орайында болды.
Атап өтилгениндей, бул Нызам 2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдарлары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын тийисли Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ислеп шығылған.
Өзбекстан Республикасы нызамшылық базасын системаластырыў нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў процесслериниң сапасын арттырыў, сондай-ақ, олардың орынланыўы мониторингин жетилистириў, норма дөретиўшилиги процесине заманагөй мәлимлеме коммуникация технологияларын енизиў мәселелери әҳмийетли мәселе екени атап өтилди.
Тән алыў керек, нызамшылық әмелиятында норма дөретиўшилиги жумысын тәртипке салыўшы нызам ҳүжжетлериниң пытыраңқылығы ҳуқықты қолланыў әмелиятында ҳәр қыйлы машқалалар ҳәм коллизияларды келтирип шығарып атырған еди.
Жаңа редакциядағы «Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳаққында»ғы Нызамда әмелдегиден өзгеше түрде бир қатар жаңалықлар белгиленбекте. Онда:
– нызамшылық ҳүжжети жойбарлары бойынша өткерилетуғын экспертизалар, соның ишинде, коррупцияға қарсы ҳәм гендер теңликти тәмийинлеў экспертизалары және оларды өткериў тәртиби;
– жойбарларды Өзбекстан Республикасы Интерактив мәмлекетлик хызметлер бирден-бир порталында додаланыўының ҳуқықый механизми;
– жойбардың тәсирин баҳалаў институтының киргизилиўи;
– ҳуқықый экспертимент өткериў түсиниги ҳәм оны өткериў тәртиби;
– нызам ҳүжжетлери ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжелерге қойылатуғын тийкарғы талаплар сыяқлы мәселелерге айрықша итибар қаратылды.
Нызамның қабыл етилиўи нәтийжесинде ҳуқықый тараўдағы кең көлемли реформалар әмелге асырылып атырған дәўирде норма дөретиўшилиги жумысына тийисли болған барлық өзгерислер, соның ишинде, нызамлардың тиккелей әмел етиў механизмин нызамшылық дәрежесинде беккемлеў тәмийинленеди.
Сенат ағзалары бул Нызамды мақуллады.
Соң «Өзбекстан Республикасының Жынаят, Жынаят-процессуаллық кодекслер және Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы додаланды.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде миллий мәлимлеме мәканы ҳәм инфраструктурасын раўажландырыўда сезилерли реформалар исленип, сөз еркинлиги ҳәм мәлимлеме ашықлығын тәмийинлеў процеси кескин өзгерди. Халық пенен пикирлесиўде жаңаша түрлер пайда болып, мәмлекетлик уйымлар ушын ашық-айдынлық талабы жүзеге келди. Ҳәр кимниң мәлимлеме излеў, алыў, жыйнаў, тарқатыў ҳәм оннан еркин пайдаланыў, өз пикир ҳәм қарасларын еркин билдириўи нызамларымызда кепилленген.
Соның менен бирге, мәлимлеме ийелериниң сөз жуўапкершилиги ҳәм оның ақыбетлери бойынша жуўапкершиликти сезиўи, басқа пуқаралардың ҳуқықлары кепиллениўи де тийислисинше белгилеп қойылған.
Соған қарамастан, пуқараның қәдир-қымбатын кемситиўши, оны абырайсызландырыўға алып келетуғын және жәмийетлик тәртип ямаса қәўипсизлиги ушын қәўип-қәтерге ийе болған жалған информацияны тарқатыў, сондай-ақ, ғалаба хабар қураллары, телекоммуникация ямаса интернет тармақларына жайластырыў арқалы тарқатыў жағдайларының тез-тезден ушырасып атырғанлығы атап өтилди.
Телекоммуникация ҳәм Интернет тармақларында информацияның тарқалыў процесин нәтийжели тәртипке салатуғын әҳмийетли нормалардың жетиспейтуғыны айрықша атап өтилди.
Бундай шараятта пуқаралардың мәлимлеме ҳуқықларын қорғаўдың кепилликлерин тәмийинлейтуғын ҳуқықый майданды жаратыў әҳмийетли болып есапланатуғынын айтыў орынлы.
Бул мәселелерди шешиў, тийисли ҳуқықый майданды жаратыў ўазыйпаларын муўапықластырыў ушын усы Нызамның ислеп шығылғаны атап өтилди.
Нызамның мақсети – әҳмийетли, исенимли ҳәм жәмийет ушын зәрүр болған мәлимлемени еркин тарқатыў процесслерине жәрдем беретуғын әмелий ҳуқықый механизмлерди жаратыў, ғалаба хабар қуралларының еркинлиги және журналистлердиң профессионаллық жумысын қорғаў ҳаққындағы нызамшылық қорғаўын тәмийинлеў, миллий мәлимлеме мәканы және ҳуқық-қорғаў тийкарларының қәўипсизлиги ҳәм турақлылығын тәмийинлеў.
Бул нызам менен жалған мәлимлемени тарқатқаны ушын юридикалық жуўапкершилик илажларының қабыл етилиўи пуқаралардың мәлимлеме ҳуқықларын қорғаў, коммуникация системасына әҳмийетли ҳәм исенимли мәлимлемелердиң киргизилиўи, жәмийет қәўипсизлиги ҳәм турақлылығының тәмийинлениўине жәрдем береди.
Сондай-ақ, усы Нызам менен киргизилип атырған диффамация (яғный, жала ҳәм кемситиў) жағдайлары менен байланыслы жынаятлардың қурамына байланыслы жеңиллестириў илажлары жәмийетте ашық-айдынлық дәрежесин арттырып, Өзбекстан Республикасының халықаралық рейтинглер ҳәм индекслердеги көрсеткишлериниң көтерилиўине жәрдем береди.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Буннан кейин «Мәмлекетлик – жеке меншик шериклик ҳаққындағы нызамшылықтың жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў, сондай-ақ, айырым нызам ҳүжжетлерин өз күшин жоғалтқан деп табыў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы додаланды.
Атап өтилгениндей, бул Нызам менен Өзбекстан Республикасының «Валютаны тәртипке салыў ҳаққында»ғы ҳәм «Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққында»ғы нызамларға өзгерислер киргизилмекте. Соның ишинде, «Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққында»ғы Нызамда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларды әмелге асырыўға байланыслы түсиниклерге толық ҳәм анық түсиник берилмеген еди. Бул болса әмелиятта ҳуқықый нормаларды қолланыўда айырым түсинбеўшиликлерге себеп болып атырған еди.
Қалаберди, әмелдеги нызамда тендер басланыўынан бир ай бурын ғалаба хабар қуралларында, мәмлекетлик уйымның веб-сайтларында жәрияланып, мәпдар тәреплердиң шеңберин анықлаў процеси нәзерде тутылған. Маманлық ҳүжжетлери тек ғана дағаза мүддети тамамланғаннан кейин қызығыўшылық билдиргенлерге жиберилетуғыны белгиленген. Мине усы жағдай тендер процесин айырым жағдайларда бир айға кешиктирилиўине себеп болып атырған еди.
Енди Нызамға ишки әмелият ҳәм халықаралық тәжирийбеден келип шығып, «концессия», «арнаўлы жойбарластырыў компаниясы» ҳәм «талабан» деген жаңа түсиниклер киргизилип, оларға сыпатлама берилмекте. Базардың ислеў механизмлерине уқсас қағыйдаларын белгилеў мақсетинде Нызамда қолланылатуғын басқа да тийкарғы түсиниклерге анықлық киргизилмекте.
Сенаторлардың итибар қаратқанындай, көрип шығылып атырған өзгерислер де тендер өткериў процесин тезлестириў ушын дағаза бериў менен бир ўақытта тендер ҳүжжетлерин де усыныс етиў белгиленбекте.
Сондай-ақ, жеке меншик шерик ҳуқықларының кепиллеў нормасы анықластырылмақта. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасының кейинги нызам ҳүжжетлери мәмлекетлик-жеке меншик шериклик объектине инвестиция киргизиў шәртлерин төменлетсе, жеке меншик шерик мәмлекетлик-жеке меншик шериклик объектинен еркин пайдаланыў ушын төлем ҳәм (яки) пайдаланғаны ушын төлем компенсациялаўшы түринде арттырылатуғынын, қала берди, мәмлекет шеригине бир мәртелик компенсация төлемин ҳәм (яки) мәмлекетлик – жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисимге тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилиўин талап етиўге ҳақылы, деп белгиленбекте.
Буннан тысқары, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларына мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисим шеңберинде өз еркиндеги объектлерди анықлаў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын, соның ишинде, сырт ел инвесторлары қатнасыўындағы жойбарларды өз ўақтында ҳәм нәтийжели әмелге асырыўға тосқынлық ететуғын факторларды ҳәм машқалаларды анықлаў, оларды шешиў бойынша илажлар көриў ўәкилликлери берилмекте.
Бул Нызамның турмысқа енгизилиўи тараўдың ҳуқықый тийкарын халықаралық әмелиятқа бейимлестиреди, мәмлекетлик-жеке меншик жойбарларын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўда бирден-бир қағыйдалар және талаплардың орынланыўын тәмийинлейди. Сондай-ақ, экономикалық ҳәм социаллық тараўларды раўажландырыў ушын Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылатуғын қәрежетлердиң қысқарыўына, мәмлекеттиң инвестициялық орталығы ҳәм тартымлылығының артыўына, тармақларға тиккелей инвестициялардың тартылыўына ҳәм нәтийжеде жаңа жумыс орынларының жаратылыўына алып келеди.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Соң «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы додаланды.
Атап өтилгениндей, бул Нызам әмелдеги 14 нызам ҳүжжетлери, соның ишинде, 11 нызам ҳәм 3 Кодекске өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Киргизилип атырған өзгерислер кең қамтыўлы болып, олар жәмийетимиз турмысының көп ғана тараўларына унамлы тәсирин өткериўи нәзерде тутылмақта.
Атап айтқанда, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият жумысына байланыслы нызамларға киргизилип атырған өлшемлерге тийкарланып жергиликли Кеңеслер тәрепинен қабыл етилген нызамға қарсы қарарларды бийкар етиў ўәкиллиги Сенатқа берилмекте. Соның менен бирге, депутатты жуўапкершиликке тартыўға келисим бериўди халық депутатлары Кеңеслери сессиялары аралығында шешиў әмелиятынан ўаз кешилмекте.
Жергиликли Кеңеслердиң нызамға қарсы қарарларын бийкар етиў менен бир қатарда жоқары палатаның жумысын тәртипке салыўшы бир қатар нызамларға Сенат тәрепинен Өзбекстан Республикасының сырт еллердеги дипломатиялық ўәкилханалары басшыларының жумысына байланыслы есабатларды тыңлаў әмелиятын енгизиў, сондай-ақ, аймақлық мәплерден келип шығып, Сенат тәрепинен Мәмлекетлик бюджеттиң орынланыўы үстинен парламентлик қадағалаўды әмелге асырыў тәртиби орнатылмақта.
Нызамға тийкарланып мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғаны ушын, әдиллик уйымларының орынланыўы мәжбүрий болған усыныс хатларды орынламағаны ушын, мәмлекетлик мүлк объектлери ҳаққындағы мағлыўматларды киргизиў ҳаққындағы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги уйымларының усынысларын орынламағаны ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленбекте.
Экономика тараўында және бир өзгериске бола, эмиссиялық баҳалы қағазлардың шығарылыўын мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын жыйымлар енди республикалық бюджетке емес, Өзбекстан Республикасы Капитал базарды раўажландырыў агентлиги жанындағы Капитал базарды раўажландырыў қорына қаратылыўы белгиленбекте.
Өз орнында, Нызам менен мәмлекетлик басқарыў уйымларының техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик ҳүжжетлери Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигинде мәжбүрий тәртипте ҳуқықый экспертизадан өткерилиўи, унамлы жуўмақ алынғаннан соң, есапқа алыныўы және өз-өзи менен енгизилиўи, улыўма, техникалық регламентлер болса буған кирмейтуғыны белгиленбекте.
Бул нызам жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумысын муўапықластырыў, мәмлекетлик сатып алыўлар субъектлериниң жуўапкершилигин арттырыў, қаржылардың мақсетли ҳәм нәтийжели жумсалыўы, Ҳүкимет ўәкиллериниң нызамлы талапларының өз ўақтында орынланыўы техникалық жақтан тәртипке салыў бойынша нормативлик ҳүжжетлердиң жетилисиўине хызмет етеди.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Буннан кейин сенаторлар «Бажыхана тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў ҳәм үйлестириў ҳаққындағы халықаралық конвенцияға (Киото, 1973-жыл 18-май, 1999-жыл 26-июньдағы өзгерислер менен) Өзбекстан Республикасының қосылыўы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын додалады.
Атап өтилгениндей, елимизде алып барылып атырған терең экономикалық реформалардың келешекте нәтийжелилигин тәмийинлеў, атап айтқанда бажыхана жумысының нәтийжелилигин арттырыўда тараўдың нызамшылық базасын жетилистириў, оны халықаралық ҳуқық нормаларына муўапықластырыў бүгинги күнде үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Бул Нызам Киото конвенциясының қағыйдалары тийкарында Өзбекстан Республикасы бажыхана нызамшылығы, тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў ҳәм үйлестириў арқалы мәмлекеттиң сыртқы саўда жумысын хошаметлеў мақсетлерине қаратылған.
Киото конвенциясы қағыйдалары усыныс характериндеги стандартлар түринде Жәҳән бажыхана шөлкеми тәрепинен ислеп шығылған.
ҒМДА мәмлекетлеринен Әзербайжан, Армения, Беларусь, Қазақстан, Россия, Тәжикстан ҳәм Украина мәмлекетлери Киото конвенциясына қосылған.
Мәжилисте бул Нызамның қабыл етилиўи келешекте мәмлекеттиң инвестициялық тартымлылығын арттырыў, абырайлы халықаралық рейтинглердеги орнын жақсылаў, сондай-ақ, бажыхана нызамшылығын жетилистириўдиң стратегиялық бағдарларын белгилеўде үлкен әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди.
Соның менен бирге, Конвенцияға ағза болыў мәмлекеттиң сыртқы саўда жумысын және де хошаметлеў имканиятын берип, жәҳән экономикасына интеграцияласыўы, соның ишинде, Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине қосылыўы процесслерине унамлы тәсир көрсететуғыны айтып өтилди.
Бул Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Сенат тәрепинен Ойбек Арифбекович Усмановты Өзбекстан Республикасының Пакистан Ислам Республикасындағы Айрықша ҳәм Толық ҳуқықлы Елшиси лаўазымына тайынлаў ҳаққында да қарар қабыл етилди.
Буннан тысқары, жалпы мәжилисте сенаторлар Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының қурамына өзгерислер киргизиў ҳаққындағы мәселени де көрип шықты. Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының оныншы жалпы мәжилиси шеңберинде Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына қатнасыўшы мәмлекетлердиң Парламентлераралық Ассамблеясы Кеңесиниң 2020-жыл 27-ноябрьдеги Қарарына муўапық Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлердиң халықлары арасындағы дослықты беккемлеўге қосқан үлеси ушын сыйлықланған 6 Өзбекстан пуқарасына шөлкемниң ҳүрмет белгисин тапсырды.
«Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыўдағы хызметлери ушын» ҳүрмет белгиси менен Исмайлова Жаннат Ҳамидовна, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының Өзбекстан тарийхы мәмлекетлик музейиниң директоры, Пиязов Жеңисбек Буркитович, Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы оқытыўшысы.
«Баспасөз ҳәм мәлимлемени раўажландырыўдағы хызметлери ушын» ҳүрмет белгиси менен Абдуллаев Илҳом Зоирович, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Инновациялық раўажланыў, мәлимлеме сиясаты ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитетиниң баслығы, Аъзамов Қуддус Аъзамович, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясының «Өзбекстан» телеканалы «Янги жәмият» студиясының бас редакторы.
«Денетәрбия, спорт ҳәм туризмди раўажландырыўдағы хызметлери ушын» ҳүрмет белгиси менен Ли Людмила Рудольфовна, Гимнастика бойынша республикалық жоқары спорт шеберлиги мектебиниң гимнастика бойынша тренери, Тасмурадов Эльмурат грек-рим гүреси бойынша Өзбекстан сайланды командасының ағзасы, жети мәрте Өзбекстан чемпионы сыйлықланды.
Сондай-ақ, Олий Мажлис Сенаты Кеңгашиниң қарарлары да тастыйықланды.
Парламент жоқары палатасының оныншы жалпы мәжилисинде 21 мәселе, соның ишинде 14 нызам көрип шығылды.
Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының оныншы жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси Сенатының
Мәлимлеме хызмети