Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарары
Арнаўлы экономикалық зоналар ҳәм киши санаат зоналарының инженерлик-коммуникация инфраструктурасын буннан былай да раўажландырыў, тиккелей инвестициялар қатнасындағы ири өндирис жойбарлары ушын инфраструктура жаратыўда исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў, аймақларды социал-экономикалық раўажландырыў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды избе-из әмелге асырыў мақсетинде:
- 1. 2021-жылда арнаўлы экономикалық ҳәм киши санаат зоналары, аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыўға түртки беретуғын жойбарлар ҳәм де тиккелей сырт ел ҳәм жергиликли инвестициялар қатнасындағы ири өндирис жойбарлары ушын сыртқы инженерлик-коммуникация тармақларын қурыў илажларына Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде 1 триллион сумнәзерде тутылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- 2. Белгилеп қойылсын:
а) арнаўлы экономикалық ҳәм киши санаат зоналары ҳәм де тиккелей сырт ел ҳәм жергиликли инвестициялар қатнасындағы ири өндирис жойбарларының сыртқы инженерлик-коммуникация тармақларын қурыў илажлары:
ишимлик суўы, ақаба суў тармақларын ҳәм де автомобиль жолларын қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаў жумыслары бойынша Мәмлекетлик бюджет қаржылары;
электр энергиясы ҳәм тәбийий газ тармақларын қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаў жумыслары бойынша тийислисинше тәмийнатшы кәрханалар тәрепинен тастыйықланған жойбар-смета ҳүжжетлерине муўапық тәмийнатшы кәрханаларға ҳақыйқатта әмелге асырылған қәрежетлер республика бюджети қаржылары есабынан 5 процент ставкада үш жыл мүддетте қайтарыў шәрти менен ажыратылатуғын бюджет ссудасы қаржылары;
байланыс тармақларын қурыў, реконструкция етиў ҳәм оңлаў ислери бойынша тәмийнатшы кәрханалар тәрепинен тастыйықланған жойбар-смета ҳүжжетлерине муўапық тәмийнатшы кәрханалардың ҳәм де исбилерменлик субъектлериниң өз қаржылары;
б) аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыўға түртки беретуғын жойбарлар ҳәм илажлардың инженерлик-коммуникация тармақларын қурыў (оңлаў) ислери бойынша Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қапланады.
- 3. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
бюджет ссудаси қаржылары электр энергиясы тармақларын қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаў жумыслары ушын «Аймақлық электр тармақлары» АЖне ҳәм де тәбийғый газ тармақларын қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаў жумыслары ушын «Ҳудудгазтәмийнат» АЖне ажыратылады;
арнаўлы экономикалық зоналар ҳәм киши санаат зоналары ҳәм де тиккелей сырт ел ҳәм жергиликли инвестициялар қатнасындағы ири өндирис жойбарларының автомобиль жолларын қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаў жумыслары Қарақалпақстан Республикасы Қаржы министрлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы қаржы бас басқармалары жанындағы автомобиль жолларын раўажландырыў қорлары есабынан әмелге асырылады.
- 4. Министрлер Кабинети:
еки ҳәпте мүддетте 2021-2022-жылларда арнаўлы экономикалық зоналарды ҳәм киши санаат зоналарын сыртқы инженерлик-коммуникация тармақлары менен тәмийинлеўге байланыслы ис-илажлардың мәнзилли дизимлерин;
2021-жыл 1-апрельге шекем тиккелей инвестициялар тартылыўын хошаметлеў мақсетинде баҳасы 250 миллиард сум муғдардан асатуғын сырт елли ҳәм жергиликли инвесторлардың инвестиция жойбарлары сыртқы инфраструктураны жаратыў қәрежетлериниң бир бөлимин мәмлекет тәрепинен қаплап бериў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықласын.
- 5. Арнаўлы экономикалық ҳәм киши санаат зоналары, аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыўға түртки беретуғын жойбарлар ҳәм де тиккелей сырт ел ҳәм жергиликли инвестициялар қатнасындағы ири өндирис жойбарларын сыртқы инженерлик-коммуникация инфраструктурасы менен тәмийинлеўге мәмлекет бюджетинен қаржылар ажыратылыўының мақсетке муўапықлығын анықлаў бойынша арнаўлы комиссияқосымшаға муўапық қурамда шөлкемлестирилсин.
- 6. Арнаўлы комиссия (Т.А.Ишметов):
ҳәр ай жуўмағы менен орынлардағы арнаўлы экономикалық зоналар ҳәм киши санаат зоналарының сыртқы инженерлик-коммуникация инфраструктурасы менен тәмийинленгенлиги жағдайын сын көзқарастан үйренип шығылыўын;
Мәмлекетлик бюджеттен, соның ишинде, бюджет ссудаси есабынан сыртқы инженерлик-коммуникация инфраструктурасы менен тәминйинлеў бойынша усыныс етилген усынысларды көрип шығыў ҳәм тийисли жуўмақ бериўди;
сыртқы инженерлик-коммуникация инфраструктурасы менен тәмийинлеўде қаржыландырыў дереклерине анықлық киргизип барыўды ҳәм де арнаўлы экономикалық зоналар ҳәм киши санаат зоналарын сыртқы инженерлик-коммуникация инфраструктурасы менен тәмийинлеў ушын ажыратылатуғын қаржылардың ең оптимал бағдарын белгилеўди;
сыртқы инженерлик-коммуникация инфраструктурасын жаратыў менен байланыслы илажларға Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылып атырған қаржылардың нәтийжелилигин тәмийинлесин.
Арнаўлы комиссияның жумысшы уйымы етип Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги белгиленсин.
- 7. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартырыў министрлиги Қаржы министрлиги менен биргеликте 2021-жылдан баслап, ҳәр жылы Мәмлекетлик бюджеттиң тийкарғы параметрлерин қәлиплестириўде арнаўлы экономикалық зоналар ҳәм киши санаат зоналары, аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыўга түртки беретуғын жойбарлар ҳәм де тиккелей сырт ел ҳәм жергиликли инвестициялар қатнасындағы ири өндирис жойбарларын сыртқы инженерлик-коммуникация инфраструктурасы менен тәмийинлеў жумыслары ушын ажыратылатуғын Мәмлекетлик бюджет қаржыларын Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирис инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде ажыратылыўын көзде тутсын.
- 8. Есап палатасы Қаржы министрлиги менен биргеликте арнаўлы экономикалық зоналар ҳәм киши санаат зоналары, аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыўға түртки беретуғын жойбарлар ҳәм де тиккелей сырт ел ҳәм жергиликли инвестициялар қатнасындағы ири өндирислик жойбарларды инженерлик-коммуникация инфраструктурасы менен тәмийинлеў жумысларына ажыратылған қаржылардың мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланылыў үстинен қатаң қадағалаў орнатсын.
- 9. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Бас министрдиң орынбасарлары Ж.А.Қўчқоров ҳәм С.У.Умурзаковқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы,
2020-жыл, 18-декабрь.