Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Ҳәммемизге белгили, 2021-жылда халқымыз неше жүз жыллық тарийхы даўамында арзыў етип, умтылып жасаған ҳәм ХХ әсир ақырында ерискен, елимиз турмысы ҳәм тәғдиринде түпкиликли бурылыс жасаған, ҳақыйқый мәнидеги уллы, даңқлы ўақыя – Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жәрияланғанына отыз жыл толады.
Ғәрезсизлик жылларында көп миллетли Өзбекстан халқы өзиниң жоқары потенциалы, беккем ерк-ықрары ҳәм мәртлигин көрсетти, аўыр сынақ ҳәм машақатларды мәртлерше жеңип, үлкен раўажланыў жолын басып өтти.
Елимиздиң бурынғы экономикасы бир тәреплеме қәлиплескен, қалақ республикадан барлық тараўларда жедел раўажланып, пуқаралардың турмыс дәрежеси, сиясий-жәмийетлик белсендилиги, сана-сезими күн сайын жоқарылап баратырған жәҳән жәмийетшилигиниң тең ҳуқықлы ағзасы сыпатында алыс-жақындағы барлық мәмлекетлер менен дослық ҳәм бирге ислесиў қатнасықларын кең көлемде алып барып атырған заманагөй, ашық ҳәм демократиялық мәмлекетке айланды.
Соңғы жыллары әмелге асырылып атырған реформаларымыз нәтийжесинде, әсиресе, 2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын турмысқа енгизиў тийкарында елимиздиң сиясий, ҳуқықый, социаллық-экономикалық, руўхый-ағартыўшылық турмысын түп-тийкарынан жаңалаў, «Миллий тиклениўден – миллий раўажланыўға қарай» идеясын реал ўақыяға айландырыў бағдарында салмақлы жетискенликлерге ерисилмекте.
Дүнья көлеминде даўам етип атырған коронавирус пандемиясы ҳәм экономикалық кризиске, сондай-ақ, басқа да ҳәр қыйлы қәўип-қәтерлерге қарамастан, халқымыздың еркин раўажланыў жолындағы әмелий ҳәрекетлери избе-из даўам еттирилмекте.
Жәмийетимизде тынышлық ҳәм турақлылық, пуқаралар ҳәм миллетлераралық аўызбиршилик орталығы беккемленбекте. Жаңа Өзбекстанды қурыў мақсетинде кең көлемли реформалар, турмысымыздың барлық пуқараларын еркинлестириў, экономика ҳәм оның тармақларын, жеке меншик исбилерменликти жедел раўажландырыў бағдарында үлкен өзгерислер әмелге асырылмақта. Соның ишинде, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, кәмбағаллықты қысқартыў, жаңа жумыс орынлары ҳәм дәрамат дәреклерин жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз жыллығы басып өткен раўажланыў жолымыздың жуўмақларын шығарыў, елимизде әмелге асырылып атырған жаңаланыў процесслерин терең анализлеў арқалы алдымызда турған тийкарғы ўазыйпа – Өзбекстанның жаңа раўажланыў дәўири ушын тийкар жаратыўға қаратылған ҳәрекетлеримизди және де күшейтиўде үлкен әҳмийетке ийе.
Мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң үлкен сиясий, тарийхый ҳәм руўхый ағартыўшылық әҳмийетин есапқа алып, ғәрезсизлик жолының тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпаларын жаңа басқышта булжытпай, нәтийжели даўам еттириў, бул қутлы сәнени мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиздиң бүгинги раўажланыў дәрежеси, халықаралық майдандағы абырайына мүнәсип жоқары дәрежеде, улыўмахалықлық байрам сыпатында кеңнен белгилеў мақсетинде:
- 1. Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны жоқары дәрежеде өткериў бойынша республикалық комиссия (кейинги орынларда – Республикалық комиссия) шөлкемлестирилсин ҳәм оның қурамы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- 2. Республикалық комиссия бир ҳәпте мүддетте төмендеги тийкарғы бағдарлар ҳәр тәреплеме жарытыўға айрықша итибар қаратқан ҳалда «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!» идеясын өзинде жәмлеген шөлкемлестириўшилик-әмелий, руўхый-ағартыўшылық және үгит-нәсиятлаў илажларының бағдарламасын (кейинги орынларда – Бағдарлама) тастыйықласын:
жәмийетте нызам үстинлиги ҳәм судлардың еркинлигин тәмийинлеў, ҳуқық қорғаў уйымлары басшыларының ўәкиллик уйымлары ҳәм жәмийетшиилк алдында есап бериў системасының жолға қойылғаны, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаў бағдарында әмелге асырылып атырған түпкиликли реформалар;
елимизди модернизациялаў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў системасының сапасы ҳәм нәтийжесин және де артырыў, коррупцияға қарсы гүресиў, пуқаралық жәмийети институтлары және ғалаба хабар қуралларының ролин күшейтиўге қаратылған кең көлемли жумыслар;
«Инсан мәплери – ҳәмме нәрседен үстин» ҳәм «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек» принциплери тийкарында пуқаралардың социаллық машқалаларын шешиў, ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў бойынша ерисилип атырған нәтийжелер;
экономиканы либералластырыў, экономика тармақларына ҳәкимшилик тәсирлерди қысқартыў, санлы экономиканы енгизиў, жеке меншик мүлк ҳуқықын қорғаў ҳәм оның тийкарғы статусын күшейтиў, валюта базарын еркинлестириў, аймақларды социаллық-экономикалық жақтан комплексли раўажландырыў бағдарламалары, кәмбағаллықты қысқартыў бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы;
«Халық бай болса, мәмлекет те бай ҳәм қүдиретли болады» принципин турмысқа енгизиў арқалы халықты исбилерменликке кеңнен тартыў, бизнес жүргизиў шәртлерин жеңиллетиў, шаңарақлық исбилерменлик ҳәм жумысты үйде бөлип алып ислеў, өнерментлишикти хошаметлеў ушын жаратылған жаңа имканиятлар;
«Абат аўыл», «Абат мәҳәлле», «Бес әҳмийетли баслама», «Бир миллион программист» сыяқлы социаллық жойбарлардың енгизилиўи, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, оның реал дәраматларын избе-из арттырып барыў, тәлим-тәрбия, илим, мәденият, көркем өнер ҳәм әдебият, спорт тараўларын түп-тийкарынан раўажландырыў;
жәмийетте ҳаял-қызлардың орны ҳәм абырайын, жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, олардың ҳуқық ҳәм мәплерин тәмийинлеў, шаңарақ, аналық ҳәм балалықты ҳәр тәреплеме қорғаў. жас қызлардың заманагөй билим ҳәм кәсип-өнерлерди ийелеўи ушын көмек ҳәм жәрдем бериў, исбилермен ҳаялларды қаржылай қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумыслар;
жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты нәтийжели алып барыў, соның ишинде, жаслардың билим алыў имканиятларын кеңейтиў, оларды мүнәсип жумыс пенен тәмийинлеў, мийнет базарында талап жоқары болған кәсип-өнерлерге таярлаў, жас исбилерменлерди мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған бағдарламалар;
халықты турақ жай менен тәмийинлеў, атап айтқанда, үлги жойбарлар тйикарында арзан турақ жайлар ҳәм инфраструктуралық тармақларды қурыў, кексе әўлад ўәкиллерин, жас шаңарақларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, жәрдем ҳәм көмекке мүтәж пуқараларды социаллық қорғаў бағдарындағы жумыслар;
уллы бабаларымыздың бай илимий ҳәм руўхый мийрасын үйрениў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў, Өзбекстанның жаңа раўажланыў дәўириниң тийкарын қурыў бағдарында белгилеп берилген узақ мүддетли стратегиялық ўазыйпалар шеңберинде миллий идеяны раўажландырыў, соның ишинде, мәмлекетлик тилдиң орны ҳәм абырайын арттырыўға қаратылған әмелий ҳәрекетлер;
халқымыздың дүнья қарасы, сиясий сана-сезими, турмысқа ҳәм мийнетке мүнәсибети өзгерип, социаллық машқалаларды шешиўде мәмлекетлик ҳәм пуқаралық институтлары арасындағы нәтийжели бирге ислесиўди кеңейтиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар;
жәмийетимизде тынышлық ҳәм турақлылық, миллетлераралық татыўлық ҳәм диний кеңпейилликти тәмийинлеў, сырт еллердеги пуқараларымыздың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, өз-ара пайдалы ҳәм әмелий сыртқы сиясат жүргизиў, қоңсы мәмлекетлер менен дослық ҳәм бирге ислесиў қатнасықларын түп-тийкарынан жақсыланғаны, регионаллық ҳәм халықаралық машқалаларды биргеликте шешиў ҳәрекетлери;
елимизде диний-ағартыўшылық тараўға берилип атырған үлкен итибар, атап айтқанда, Өзбекстанның басламасы менен Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң «Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик» резолюциясының қабыл етилгени, Ислам цивилизациясы орайы, Имам Бухарий, Имам Термизий, Имам Мотуридий халықаралық илимий-изертлеў орайлары, Өзбекстан халықаралық ислам академиясы, ҳәдис ҳәм калам мектеплерин шөлкемлестириўге байланыслы әмелий жумыслар;
халқымыздың тыныш ҳәм татыў турмысын исенимли тәмийинлеў мақсетинде Қураллы Күшлер системасында алып барылып атырған кең көлемдеги реформалар, соның ишинде, миллий армияны модернизациялаў, әскерий санаат комплексин жаратыў, әскерий билимлендириў системасын ҳәм ҳуқық-қорғаў уйымларының жумысын жетилистириўге байланыслы үлкен өзгерислер;
дүнья көлеминде ҳәр қыйлы қарама-қарсылық ҳәм келиспеўшиликлер күн сайын кескин түс алып, экстремизм, терроризм, наркотрафик, адам саўдасы, глобал пандемия сыяқлы қәўип-қәтерлер күшейип баратырған бүгинги қәўипли заманда турмыстың өзи талап етип атырған өлшемлер тийкарында бәрқулла қырағы ҳәм сергек болып жасаў, жасларды миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдриятлар руўхында тәрбиялаў бойынша әмелге асырылып атырған әҳмийетли жумыслар.
- 3. Республикалық комиссия (А.Н.Арипов):
Ғәрезсизлик байрамына таярлық көриў жумыслары ҳәм Бағдарламада белгиленген илажлардың әмелге асырылыўы бойынша ҳәр бир аймақ, министрлик ҳәм уйым басшысының жумысын муўапықластырып барсын;
орынларда белгили илимпазлар, дөретиўши зыялылар ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери менен халықтың кең қатламлары арасында мәдений-ағартыўшылық илажлар ҳәм әдебий кешелердиң өткерилиўин тәмийинлесин;
Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында өткерилетуғын байрам бағдарламаларын таярлаўға ғалабалық тамашалар бойынша жоқары шеберлик ҳәм тәжирийбеге ийе болған илимий ҳәм дөретиўши зыялылар, мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, соның ишинде, мақам ҳәм бақсышылық көркем өнериниң ўәкиллери, қәбилетли жас дөретиўшилерден ибарат дөретиўшилик топарларын шәртнама тийкарында тартыў илажларын көрсин.
- 4. Илимлер академиясы, Мәденият министрлиги, Көркем өнер академиясы, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы, Жазыўшылар аўқамы және кең жәмийетшиликтиң Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз жыллығы сәнеси мүнәсибети менен:
пайтахтымызда «Истиқлол» комплексин шөлкемлестириў ҳәм ол жерде ғәрезсизлигимиздиң мазмуны ҳәм тарийхый әҳмийетин сәўлелендиретуғын естелик композициясын қурыў;
Ташкент қаласында қурылып атырған жер үсти метро айланба жолын «Өзбекстан ғәрезсизлигиниң отыз жыллығы» деп атаў;
«Өзбекстанның жаңа раўажланыў дәўири ҳәм раўажланыў перспективалары» атамасында халықаралық илимий-әмелий конференцияны шөлкемлестириў;
өткен дәўирде ерисилген жетискенликлерге бағышланған «Жаңа Өзбекстан» китап-альбомын және ҳәр бир тараўда әмелге асырылған реформалардың нәтийжелерин жарытып беретуғын китап-альбом ҳәм топламларды басып шығарыў;
2021-жылы елимизде өткерилиўи режелестирилген барлық халықаралық мәдений-ағартыўшылық илажлары, спорт жарыслары, илимий-конференциялар, бабаларымыздың юбилей сәнелерин ғәрезсизликтиң отыз жыллығының идеясы ҳәм руўхы менен үнлес ҳәм сәйкес түрде шөлкемлестириў;
мәденият ҳәм көркем өнердиң барлық бағдарлары (музыка, театр, кино, көркем сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер, цирк, халық дөретиўшилиги) бойынша республика көлеминде фестиваль ҳәм көргизбелерди шөлкемлестириў;
елимиз ғәрезсизлигин жырлайтуғын ең жақсы қосыққа ҳәм музыкалы шығармалар және тарийхый ҳәм заманымыз қаҳарманларының турмысы менен жумысы ҳаққындағы пьесалар таңлаўларын шөлкемлестириў;
ғәрезсизлик жылларында ерисилген илимий жетискенликлер тийкарында жаратылған инновациялық жойбарлар ҳәм технологиялар көргизбелерин өткериў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
Министрлер Кабинети еки ай мүддетте усы бәнтте нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыў бойынша Ҳүкимет қарарын қабыл етсин.
- 5. Мәденият министрлиги (О.А.Назарбеков):
а) жуўапкер министриклер ҳәм уйымлар менен биргеликте мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң отыз жыллығына бағышланған салтанатлы байрам илажларын заманагөй технологиялардан пайдаланған ҳалда жоқары көркемлик дәрежесинде өткериў ушын елимиз ҳәм сырт елден маман қәнигелерди тартыў илажларын көрсин;
б) Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (И.У.Маджидов), Халық билимлендириў министрлиги (Ш.Х.Шерматов), Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт еллер менен дослық байланыслары комитети (Р.Д.Қурбонов), Республикалық руўхый-ағартыўшылық орайы (М.М.Ходжиматов) ҳәм Жазыўшылар аўқамы (С.С.Саидов) менен биргеликте:
Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкентт қаласында елимизде жумыс ислеп атырған миллий мәденият орайларын кеңнен тартқан ҳалда байрам салтанатлары ҳәм халық сейиллерин шөлкемлестирсин;
мәденият ҳәм дем алыў бағларында шәртнама тийкарында белгили көркем өнер ғайраткерлери, көркем ҳәўескерлик жәмийетлериниң қатнасыўында концерт бағдарламаларының қойып берилиўин тәмийинлесин;
кейинги жыллары елимизде алып барылып атырған руўхый-ағартыўшылық жумыслар, Өзбекстанның жаңа раўажланыў дәўириниң тийкарын жаратыўға бағышланған публицистикалық мақалалар ҳәм қосықлардан ибарат китапты республикалық бюджет қаржылары есабынан басып шығарсын.
- 6. Сыртқы ислер министрлиги (А.Х.Камилов) мәденият министрлиги (О.А.Назарбеков), «Өзбеккино» миллий агентлиги (Ф.Ф.Абдухаликов), Көркем өнер академиясы (А.В.Нуриддинов), Республикалық руўхый-ағартыўшылық орайы (М.М.Ходжиматов) менен биргеликте сырт еллерде мәмлекетлик ғәрезсизликтиң отыз жыллығы мүнғсибети менен кең жәмийетшилик, соның ишинде, сырт еллерде жасап атырған ўатанласларымызды тартқан ҳалда «Өзбекстан күнлери»н өткерсин ҳәм оның шеңберинде мәдений-ағартыўшылық илажларын әмелге асырсын.
- 7. «Өзбеккино» миллий агентлиги (Ф.Ф.Абдухаликов) Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.Ж.Хаджаев), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:
бир ай мүддетте мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң отыз жыллық байрамы мүнәсибети менен фильмлер жаратыў бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин;
2021-жыл даўамында барлық район (қала)лар, аўылларда, сондай-ақ, миллий телеканалларда ғәрезсизлик жылларында жаратылған көркем ҳәм ҳүжжетли фильмлердиң кеңнен көрсетилиўин шөлкемлестирсин.
- 8. Мәденият министрлиги (О.А.Назарбеков) Көркем өнер академиясы (А.В.Нуриддинов), Жазыўшылар аўқамы (С.С.Саидов), Журналистлер Дөретиўшилик аўқамы (Х.Х.Салимов) ҳәм басқа да мәпдар шөлкемлер менен биргеликте «Ең уллы, ең әзиз», «Реңлер көринисинде – ана ўатан», «Ўатан ушын жасайық!» сыяқлы дәстүрий таңлаўларды жоқары дәрежеде өткериўди тәмийинлесин.
- 9. Өткерилетуғын байрам илажлары:
Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда – тийисли жергиликли бюджетлердиң қосымша қаржылары және қайырқомлық қәўендерликлери есабынан;
Ташкент қаласында – Республикалық комиссия тәрепинен тастыйықланған қәрежетлер сметасына муўапық республикалық бюджет ҳәм Ташкент қалалық жергиликли бюджет қаржылары есабынан тең үлеслерде қаржыландырылатуғыны белгиленсин.
- 10. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.Ж.Хаджаев), Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (А.К.Кўчимов), «Дүнья» мәлимлеме агентлиги (С.Л.Суяров) ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды ҳәр тәреплеме жарытып барыў усыныс етилсин.
- 11. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2020-жыл 17-декабрь