Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Почта байланысы системасы бүгинги күнде мәмлекетимиз аймақларында хат ҳәм почта жөнелтпелери менен бир қатарда товарларды жеткерип бериў, банк, қаржы ҳәм мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў бойынша өзиниң инфраструктурасына ийе болған әҳмийетли тараў болып есапланады.
«Өзбекстан почтасы» акционерлик жәмийети елимиздиң почта байланысының миллий операторы сыпатында республика көлеминде 2 мыңға шамалас почта байланысы объектине ийе болып, барлық елатлы пунктлерди қамтып алған.
Соның менен бирге, Миллий оператор тармағын раўажландырыў бойынша жетерлише илажлардың көрилмегенлиги ақыбетинде Пүткил жер жүзилик почта аўқамының Почта раўажланыў индекси глобал рейтингинде Өзбекстан 93-орында қалмақта.
Почта байланысы хызметлерин көрсетиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў, тараўға заманагөй технологияларды енгизиў, почта байланысы хызметлерин көрсетиў жумысын толық автоматластырыў арқалы почта байланысы Почта раўажланыўы индекси глобал рейтингинде елимизди биринши 50 ликке киргизиў мақсетинде:
- 1. Төмендегилер почта байланысы хызметлерин көрсетиў системасын жетилистириўдиң тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:
а) хат-хабар тасыў ҳәм курьерлик хызметлерин раўажландырыў бойынша:
почта ҳәм курьерлик хызметлерин көрсетиў жумысы менен шуғылланып киятырған жергиликли ҳәм сырт ел компаниялары менен бирге ислесиўде «ақырғы мәнзил» хызметин енгизиў;
почта байланысының дәстүрий хызметлерин жетилистириў, оларды санластырыў, жөнелтпелерди қабыл етиў, бақлап барыў ҳәм жеткериў процесслерине мәлимлеме технологиялары ҳәм системаларын енгизиў арқалы халыққа бизнес ҳәм мәмлекетлик уйымларға заманагөй хызметлерди көрсетиў;
«Гибрид почта» жөнелтпелерин қабыл етиў ҳәм жеткерип бериў хызметлериниң санын 2 есеге арттырыў;
б) электрон коммерциялық базардағы жумысты раўажландырыў бойынша:
жергиликли ислеп шығарыўшылардың өнимлерин онлайн сатыў ҳәм қарыйдарларға жеткерип бериў имканиятын бериўши электрон саўда майданшасы мәлимлеме системасын жаратыў;
логистика орайларын шөлкемлестириў, товарларды сақлаў ҳәм жеткерип бериўди өз ишине алған хызметлерди жолға қойыў ҳәм раўажландырыў;
в) хызметлер базарындағы почта байланысы жумысын раўажландырыў бойынша:
почта байланысы объектлери арқалы төлемлерди онлайн режимде қабыл етиў автоматластырылған системасын модернизациялаў ҳәм оның мобиль қосымшасын ислеп шығыў;
республиканың кеминде 1 000 почта бөлиминде, әсиресе, алыс ҳәм шетки аймақларда қаржы хызметлериниң түрлерин, атап айтқанда, халықтан төлемлер қабыл етиўди еки есеге кеңейтиў және аутсорсинг тийкарында банк хызметлериниң көрсетилиўин жолға қойыў;
алыс ҳәм шетки аймақлардағы почта бөлиминде мәмлекетлик хызметлердиң көрсетилиўин жолға қойыў;
почта байланысы тараўында енгизилип атырған жаңа хызмет түрлерин есапқа алған ҳалда Миллий оператор системасында жумыс ислеўши кадрларды қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў.
- 2. Төмендегилер:
2021-2023-жыллары Өзбекстан Республикасында почта байланысы тараўын раўажландырыў бойынша «Жол картасы» 1-қосымшаға муўапық;
2021-2025-жыллары Өзбекстан Республикасында почта байланысы тараўын раўажландырыўдың мақсетли көрсеткишлери 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- 3. Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң төмендегилерди инабатқа алатуғын 2021-жылы 42 үлги районларда (қалаларда) почта байланысы кәрханаларын трансформациялаў жойбарларын нәзерде тутатуғын «Жол карта»ларын 3-16-қосымшаларға муўапық әмелге асырыў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын:
а) почта имаратларын қайта қурыў ҳәм оңлаў және олардан үнемли пайдаланыў бойынша:
267 почта байланысы бөлиминиң имаратын оңлаў;
110 имаратты мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында заманагөй көринисте қайта қурыў бойынша келисимге ерисиў;
б) телекоммуникация инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша:
326 почта байланысы бөлимине шекемги 754 км оптикалық талшықлы байланыс линияларын тартыў;
250 почта байланысы бөлимин заманагөй компьютер техникасы ҳәм мобиль қурылмалар менен тәмийинлеў;
в) почта байланысы линиясының қаржы ҳәм экономикалық жағдайын жақсылаў және почта хызметлерин көрсетиў бойынша:
42 районлық почта байланысы линиясында «Гибрид почта» жөнелтпелерин басып шығарыў ҳәм оны қайта ислеген ҳалда алыўшыларға жеткерип бериўди жолға қойыў;
230 почта байланысы бөлиминде банк хызметлерин көрсетиўди жолға қойыў;
55 қосымша почта байланысы бөлимин ашыў есабынан 145 жаңа жумыс орнын жаратыў.
- 4. Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (Ш.М.Садиков) және Миллий оператор (А.Н.Файзуллев):
2021-жыл 1-февральға шекем онлайн саўда майданшасын иске қосып, өнимлерди республика бойынша, әсиресе, алыс ҳәм шетки аймақларда саўдаға алып шығыў, Миллий оператор тармақларынан пайдаланып, сатылған өнимлерди мәнзиллерге жеткерип бериў системасын енгизсин;
АК «Алоқабанк» (К.Н.Ирисбекова) пенен биргеликте 2021-жыл 1-мартқа шекем почта байланысының дәстүрий ҳәм енгизилип атырған жаңа хызметлери бойынша маман қәнигелерди тартқан ҳалда, оқыў орайын шөлкемлестирсин және 2021-жылдың ақырына шекем 2 000, 2022-жылы барлық хызметкерлердиң маманлығы арттырылыўын тәмийинлесин;
2021-жыл 1-апрельге шекем Ташкент қаласы, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың орайларында биреўден почта байланысы объектинде қарыйдарлардың атына келген почта жөнелтпелерин алыў ушын мөлшерленген өз-өзине хызмет көрсетиўши автоматластырылған комплекслерди (почтамат) енгизиў бойынша сынақ/үлги жойбарларды әмелге асырсын ҳәм 2021-жылдың ақырына шекем және 150 объектте усы хызметти енгизиў илажларын көрсин;
2021-жыл 1-июльге шекем почта жөнелтпелерин қабыл етиў, сайлап алыў ҳәм онлайн бақлаў имканиятын беретуғын автоматласқан системаны иске қоссын және жергиликли ҳәм сырт ел курьерлик компаниялары менен бирге ислесиўди жолға қойған ҳалда олардың системаларына интеграциялансын;
2021-жыл 1-майға шекем коммерциялық банклер менен биргеликте банк пластик карталарына почта байланысы бөлимлери арқалы толық хызмет көрсетиў (карталарды қаржы менен толтырыў, нақ пул шешиў, физикалық тәреплерди идентификациялаў) системасын енгизсин;
2021-жыл 1-июльге шекем почта тармақлары арқалы аутсорсинг тийкарында коммерциялық банклер атынан физикалық тәреплерге кредит бериў ҳаққында арзаларды қабыл етиў, кредитлерди сөндириў бойынша төлемлерди қабыл етиў, юридикалық тәреплердиң күнлик саўда түсимин қабыл етиў сыяқлы банк хызметлерин көрсетиўди енгизиўди тәмийинлесин;
2021-жылдың ақырына шекем интернет-дүканларының товарларын сақлаў ҳәм жеткерип бериў хызметлерин өз ишине алған 4 логистика орайын шөлкемлестирсин.
- 5. Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги, Қаржы министрлиги, коммерциялық банклердиң «Өзбекстан почтасы» акционерлик жәмийетиниң 100 миллиард сум муғдардағы әпиўайы акцияларын қосымша шығарыў және усы акцияларды 17-қосымшада келтирилген кәрхана ҳәм шөлкемлер арасында жайластырыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
2020-2024-жыллардың жуўмағына бола Миллий оператор устав капиталындағы мәмлекет үлеси бойынша есапланған дивидентлер почта байланысы тармағын раўажландырыў, мәлимлеме системаларын енгизиў ҳәм көрсетилип атырған хызметлерди кеңейтиў ушын устав капиталын арттырыў (капитализациялаў) шәрти менен Миллий оператордың еркинде қалдырылсын.
- 6. Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги және Миллий оператор Әдиллик министрлиги менен биргеликте 2021-жыл 1-апрельден баслап алыс ҳәм шетки аймақларда жайласқан почта байланысы объектлеринде кеминде 13 түрдеги мәмлекетлик хызмет аутсорсинг тийкарында шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин.
Бунда, почта байланысы хызмети ҳақысы көрсетилген мәмлекетлик хызметлер ушын төленетуғын мәмлекетлик бажылар, жыйымлар ҳәм барлық түрдеги төлемлер суммасының 10 проценти муғдарында белгиленеди ҳәм мәмлекетлик хызметлер агентлиги тәрепинен қаржылардың өзине қаратылатуғын бөлеги есабынан төлеп бериледи.
- 7. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 24-майдағы «Экспорт жумысын қаржыландырыў ҳәм қамсызландырыў қорғаўы механизмлерин кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4337-санлы және 2020-жыл 7-майдағы «Экспорт жумысын буннан былай да қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4707-санлы қарарларына муўапық енгизилген өнимлерди экспорт етиўде автомобиль, темир жол ҳәм ҳаўа транспортында тасыў қәрежетлерин 50 процентке шекемги муғдарда компенсация етиўге субсидиялар бериў механизми өнимлерди экспорт етиўде почта жөнелтпелери арқалы тасыў қәрежетлерине де енгизилсин.
Экспорт ҳәм инвестицияларды раўажландырыў мәселелери бойынша Ҳүкимет комиссиясы (С.У.Умурзаков) бир ай мүддетте жергиликли экспорт ететуғын кәрханалар (олардың ўәкилликли ўәкиллери)ға өнимлерди экспорт етиўде почта жөнелтпелери арқалы тасыў қәрежелериниң бир бөлегин компенсациялаўға субсидиялар бериў шәртлери, муғдарлары ҳәм тәртибин тастыйықласын.
- 8. Миллий оператор 2022-жылдың ақырына шекем усы қарар менен белгиленген илажларды әмелге асырыў ушын зәрүр болған, республикамызда ислеп шығарылмайтуғын автомототранспорт қураллары, үскенелер, қурылмалар, материаллық-техникалық ресурслар, программалық тәмийнат ҳәм хызметлерди импорт етиўде бажыхана төлемлеринен (қосымша қун салығы ҳәм бажыхана рәсмийлестириўи жыйымларынан тысқары) азат етилсин.
- 9. Усы қарарда белгиленген илажлардың сапалы ҳәм өз ўақтында орынланыўын муўапықластырыў ҳәм мониторинг етиўдиң төмендеги тәртиби орнатылсын:
Бас министрдиң кеңесгөйи – IТ – технологиялар, телекоммуникациялар ҳәм инновациялық жумысты раўажландырыў мәселелери департаментиниң баслығы О.М.Умаров – усы қарарда белгиленген ўазыйпалар ҳәм илажлардың сапалы ҳәм өз ўақтында әмелге асырылыўы үстинен системалы қадағалаўды шөлкемлестиреди;
мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министри Ш.М.Садиков – почта байланысы системасын раўажландырыў мәселелери бойынша оператор ҳәм провайдерлердиң жумысын муўапықластырады, пайдаланыўшылардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғайды, сондай-ақ, ҳәр айда есабат айынан кейинги айдың 15 сәнесине шекем усы қарар менен тастыйықланған «Жол карта»ларының орынланыўы ҳаққында улыўмаласқан талланған мағлыўматларды Министрлер Кабинетине киргизеди;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимлери халық көп орынларда тийкарғы түрде почта байланысы хызметлерин көрсетиў объектлери ушын жер ажыратыў, почта имаратларынан нәтийжели пайдаланыў, оларды заманагөй архитектура ҳәм қала қурылысы талапларына бейимлестириўди тәмийинлейди, сондай-ақ, шөлкемлестирилип атырған онлайн саўда майданшасына жергиликли өнимлерди жайластырыў жумысларына исбилерменлерди кеңнен тартады;
«Өзбекстан почтасы» АЖ Бас директоры ў.а. А.Н.Файзуллев – қарар менен тастыйықланған «Жол карта»ларында «Өзбекстан почтасы» АЖ алдына қойылған ўазыйпалар және илажлардың өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырылыўын тәмийинлейди.
- 10. Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- 11. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жеке жуўапкер етип Бас министрдиң кеңесгөйи О.М.Умаров ҳәм мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министри Ш.М.Садиков белгиленсин.
Қарардың орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2020-жыл 14-декабрь