Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 11-декабрь күни Ҳиндстан Республикасы Бас министри Нарендра Моди менен видеоәнжуман түринде ушырасыў өткерди.

Саммит күн тәртибинен сиясий сөйлесиўди және де кеңейтиў, саўда-экономикалық, инвестициялық, финанслық-техникалық, билимлендириў, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўлардағы еки тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери орын алды. Сондай-ақ,  жер жүзиндеги жағдай және регионаллық бирге ислесиў перспективасы бойынша пикир алысылды.

Еки мәмлекет жетекшилери бир-бирин қутлықлап, усы онлайн-илаж Өзбекстан-Ҳиндстан стратегиялық шериклик қатнасықларында жоқары дәрежеге ерисилгениниң дәлили, пандемия ақыбетлерин нәтийжели жеңип өтиў ушын мәсләҳәтлесип алыў ҳәм биргеликте жаңа өсиў ноқатларын белгилеп алыў ушын имканият екенин атап өтти.

Жоқары дәрежедеги турақлы сөйлесиўлер ҳәм әмелий ис-ҳәрекетлер себепли кейинги жылларда көп қырлы бирге ислесиўди раўажландырыўда үлкен табыслар қолға киргизилгени, усы шериклик анық әмелий мазмун менен байығаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Жедел алмасыўлар даўам етпекте. Быйылғы жылда Муўапықластырыў комитети ҳәм Ҳүкиметлераралық комиссияның қоспа мәжилислери, сиясий мәсләҳәтлесиўлер және «Орайлық Азия-Ҳиндстан» қарым-қатнасының екинши ушырасыўы табыслы өткерилди.

Өз-ара саўда көлеми артып бармақта. Глобал кризиске қарамастан, усы жылдың басынан товар алмасыў жети процентке көбейди.

Инвестициялар, инновациялар, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда әҳмийетли жойбарлар, бағдарламалар әмелге асырылмақта. Кейинги бир неше жылдың өзинде қоспа кәрханалардың саны көбейди, Ташкент ҳәм Әндижан қалаларында Ҳиндстанның жетекши Амити ҳәм Шарда университетлериниң филиаллары ашылды.

Мәмлекетлеримиздиң көзқараслары жақын, олар халықаралық ҳәм регионаллық бирлеспелер, соның ишинде, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми ҳәм басқа да структуралар шеңберинде тығыз бирге ислсеип, бир-бирин қоллап-қуўатлап келмекте.

Бас министр Нарендра Моди мәмлекетимиз басшысын Өзбекстанның БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесине сайланғаны менен қызғын қутлықлап, бул табыс мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған демократиялық жаңаланыўлардың халықаралық тән алыныўы екенин атап өтти.

Сөйлесиўлер ўақтында мәмлекет жетекшилери сиясий тараўда системалы, исенимге тийкарланған сөйлесиўди даўам еттириў, соның ишинде, еки мәмлекет сыртқы сиясат уйымларының турақлы мәсләҳәтлесиўлерин өткериў ҳәм олардың арасындағы бирге ислесиўдиң орта мүддетли бағдарламасын қабыл етиў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Парламентлераралық бирге ислесиўди жеделлестириў усынысы алға қойылды.

Саўда-экономикалық байланысларда тийкарғы мақсет сыпатында жақын жылларда товар алмасыў көлемин 1 миллиард долларға жеткериў ўазыйпасы қойылды.

Өз-ара саўда көлеми артыўы ушын қолайлы шараят жаратыў, бул жолдағы техникалық тосық ҳәм шеклеўлерди сапластырыў бағдарында биргеликте ислесиўге келисип алынды.

Нәтийжели транспорт коридорлары ҳәм логистика инфраструктурасын қәлиплестириў, авиақатнаўларды тиклеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Сондай-ақ, перспективалы инвестициялық жойбарларды алға қойыў, соның ишинде, Ҳиндстанның жетекши шөлкемлериниң алдынғы технологияларын, техникалық жәрдемин ҳәм жеңилликли финанслық ресурсларын тартыў мәселелери көрип шығылды. Аўыл хожалығы, инновациялар, альтернатив энергетика, фармацевтика ҳәм медицина, мәлимлеме-коммуникация технологиялары, космослық изертлеўлер тийкарғы бағдарлар сыпатында белгиленди.

Шавкат Мирзиёев ҳәм Нарендра Моди, сондай-ақ, Әндижан ўәлаяты ҳәм Гужарат штатының табыслы шериклиги мысалында аймақлараралық байланысларды кеңейтиўге келисип алды.

Гуманитар тараўда тәреплер билимлендириў ҳәм кадрлар таярлаў, кинематография, жаслар шөлкемлери арасындағы алмасыўларды раўажландырыў, миллий мәденият ҳәм тилди үйрениў, тарийхый мийрас объектлерин реставрациялаў бағдарындағы биргеликтеги бағдарламаларды қоллап-қуўатлайды.

Елимиз аймақларында «Аюрведа» ҳинд медицинасы дәстүрий системасы ҳәм телемедицинаны енгизген ҳалда заманагөй медицина орайларын шөлкемлестириў усыныс етилди. Ҳиндстан тәрепи Өзбекстан йога федерациясы жумысын қоллап-қуўатлайтуғын болды.

Саммит даўамында қәўипсизлик ҳәм турақлылыққа қәўип туўдырып атырған заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўдиң әҳмийетли мәселелери де додаланды. Тығыз муўапықласыў ҳәм мәлимлеме алмасыўды даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Тәреплер Аўғанстандағы жағдайды тез пурсатта тыныш жол менен тәртипке салыў бағдарындағы халықаралық ис-ҳәрекетлерди қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.

Ушырасыў жуўмағында Президент Шавкат Мирзиёев Бас министр Нарендра Модиге келеси жылы Өзбекстанға рәсмий сапар менен келиўге және бир мәрте мирәт етти.

Еки мәмлекет жетекшилери ҳәр қашанғыдай ашық, конструктивлик ҳәм өз-ара исеним руўхында өткен және биргеликте үлкен имканият бар екенлигин көрсеткен онлайн-сөйлесиўлердиң нәтийжелеринен оғада қанаатланғанлықларын билдирди.

Саммит жуўмағы менен тәреплер Өзбекстан Республикасы ҳәм Ҳиндстан Республикасы арасындағы жақын дослық ҳәм беккем шериклик ҳаққында биргеликтеги билдириў қабыл етти.

Буннан тысқары, ушырасыў шеңберинде экономика, инновациялар, финанслық-техникалық жәрдем, бажыхана жумысы ҳәм саўданы техникалық тәртипке салыў, кадрлар таярлаў ҳәм қоспа илимий-изертлеўлер өткериўге байланыслы бир қатар еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойылды.

 

ӨзА