Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Беларусь Республикасы Президенти, Жоқары Евроазия экономикалық кеңесиниң баслығы Александр Лукашенконың мирәт етиўи бойынша 2020-жыл 11-декабрь күни Евроазия экономикалық аўқамы (ЕАЭА)ның видеоәнжуман түринде болып өтетуғын саммитинде қатнасады.

Илажда ЕАЭАға ағза мәмлекетлер – Россия, Беларусь, Қазақстан, Қырғызстан, Армения, сондай-ақ, бақлаўшы статусындағы Молдова ҳәм мирәт етилген мәмлекет сыпатында Куба жетекшилери де қатнасады.

Өзбекстан Республикасына шөлкем жанындағы бақлаўшы мәмлекет статусын бериў саммит күн тәртибиндеги тийкарғы мәселелердиң бири.

Мәмлекетимиз басшысы өз шығып сөйлеўинде Өзбекстанның ЕАЭА менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўиниң тийкарғы бағдарларын белгилеп бериўи күтилмекте.

Усы жылдың май айында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси елимиздиң Евроазия экономикалық аўқамы жумысында бақлаўшы мәмлекет статусында қатнасыўы ҳаққындағы усынысты мақуллаған еди.

 

ӨзА