Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Елимизде мәмлекеттиң экономикадағы қатнасын қысқартыў, нәтийжели бәсекиге шығдымлы орталықты қәлиплестириў ҳәм исбилерменлерге және де қолайлы шараятлар жаратыўға қаратылған илажлар избе-из әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, мәмлекет тәрепинен айрықша тараўларды артықша тәртипке салыў жағдайлары елеге шекем бар екенлиги жеке меншик сектордың мәмлекет функцияларын әмелге асырыўдағы қатнасы дәрежесине унамсыз тәсир көрсетпекте.
Соның ишинде, мәмлекет функцияларын жеке меншик секторға бериў имканиятын орнатыўға және усы бағдарда тийисли шараятларды жаратыўға жәрдемлесетуғын системаның жоқ екенлиги мәмлекетлик уйымлар тәрепинен бул мәселелерге итибар қаратылмай атырғанылығына алып келмекте.
Базар шараятында бәсекини және де раўажландырыў, исбилерменликтиң жаңа бағдарларын раўажландырыўға қосымша имканиятлар жаратыў, пуқаралардың исшеңлик белсендилигин арттырыў, халыққа хызмет көрсетиў системасын және де жетилистириў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық:
- 1. Әдиллик министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги, Монополияға қарсы гүресиў комитети ҳәм Саўда-санаат палатасының төмендегилерди нәзерде тутатуғын «Мәмлекет функциялары – бизнес ушын имканият» жойбарын әмелге асырыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин:
1-қосымшаға муўапық мәмлекетлик басқарыў тараўына жеке меншик секторды тартыўдың дәслепки бағдарлары;
мәмлекет функцияларын аутсорсинг, краудсорсинг, мәмлекетлик социаллық буйыртпасы, аккредитация, сертификатластырыў ҳәм басқа да усыллар арқалы басқышпа-басқыш жеке меншик секторға өткериў және мәмлекетлик басқарыў тараўда әмелдеги бар имканиятларды кеңейтиў;
тийисли аймақларда мәмлекет функциялары өткерилип атырған тараўларда жетерли муғдарда жеке меншик сектор субъектлери шөлкемлестирилгенге шекем усы функциялардың мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен де әмелге асырылыўы;
жеке меншик секторға өткерилиўи усыныс етилип атырған мәмлекет функциялары, сондай-ақ, жеке меншик сектордың тийисли усынысларын жәриялаў ҳәм додалаўдан өткериў ушын электрон майданша жумысының иске қосылыўы;
министрликлер ҳәм уйымлар кесиминде жеке меншик секторға өткерилиўи мүмкин болған мәмлекет функцияларын таллаў механизмлерин жолға қойыўға қаратылған мәмлекет функцияларының бирден-бир реестриниң қәлиплестирилиўи.
- 2. Кадастр жумысларын орынлаў тараўында:
а) Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 5-апрельдеги «Көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекет дизиминен өткериў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4270-санлы қарары менен 2020-жыл 1-январьдан баслап тәжирийбе-сынақ түринде Ташкент ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласында көшпес мүлк бойынша кадастр инженери институтының енгизилгенлиги инабатқа алынсын;
б) Ташкент ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласында өткерилип атырған усы тәжирийбе-сынақ 2022-жыл 31-декабрьге шекем әмел ететуғыны және оның шеңберинде:
2021-жыл 1-апрельден баслап Кадастр агентлиги тәрепинен берилетуғын қәнигелик шаҳадатнамасына ийе көшпес мүлк бойынша кадастр инженерлерине, соның ишинде, көшпес мүлк объектлерине басланғыш кадастр ҳүжжетлерин таярлаў ҳуқықы берилетуғыны;
көшпес мүлк объектлерине кадастр ҳүжжетин, соның ишинде, басланғыш кадастр ҳүжжетлер топламын таярлаў процесслери арнаўлы автоматластырылған мәлимлеме системасы арқалы әмелге асырылатуғыны және Кадастр агентлиги тәрепинен мониторинги алып барылатуғыны;
көшпес мүлк бойынша кадастр инженери өз жумысын юридикалық тәреплер менен мийнет шәртнамасын дүзиў арқалы ямаса жеке тәртиптеги исбилермен сыпатында әмелге асыратуғыны;
көшпес мүлк объектлерине кадастр ҳүжжетлер топламын, соның ишинде, басланғыш кадастр ҳүжжетин таярлаў бойынша хызметлер ушын баҳалар исбилерменлик субъекти тәрепинен еркин түрде Министрлер Кабинети тастыйықлайтуғын минимал ставкалардан аз болмаған муғдарда белгиленетуғыны және келип түсетуғын қаржылар толық көлемде оның қарамағында қалатуғыны белгилеп қойылсын.
- 3. Жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўында 2021-жыл 1-марттан баслап исбилерменлик субъектлерине автомобиль жолларында жол ҳәрекети қағыйдалары бузылғанлығын дизимге алыўшы арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видео программалық-техникалық қуралларының орнатылыўын шөлкемлестириў ҳуқықы берилсин. Онда:
Ишки ислер министрлиги ҳәм Автомобиль жоллары комитети арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видео дизимге алыў программалық-техникалық қураллары орнатылыўы мүмкин болған жерлердиң дислокациясын, усы аймақтағы транспорт ағымы ҳәм кейинги еки жылда анықланған жол ҳәрекети қағыйдаларының түрлери бойынша нызам бузыўшылықлар ҳаққындағы мағлыўматларды «Е-IJRO AUKSION» системасындағы айрықша веб-бетте жәриялап барады;
арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видеоны дизимге алыў программалық-техникалық қураллары орнатылатуғын орынларды исбилерменлик субъектлерине бириктириў электрон аукцион саўдалары арқалы әмелге асырылады;
электрон аукцион саўдаларына қойыў ушын арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видеоны дизимге алыў программалық-техникалық қураллары орнатылатуғын орынлардың минимал баҳасы (басланғыш баҳасы) Ишки ислер министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги тәрепинен белгиленетуғын тәртип тийкарында анықланады;
электрон аукцион саўдаларында жеңимпаз болған исбилерменлик субъектлерине арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видеоны дизимге алыў программалық-техникалық қураллары орнатылатуғын орынлар шекленбеген мүддетке ҳәм басқа исбилерменлик субъектине өткериў ҳуқықы менен бириктириледи;
электрон аукцион саўдаларында жеңимпаз болған исбилерменлик субъектлери арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видеоны дизимге алыў программалық-техникалық қуралларын Ишки ислер министрлиги тәрепинен белгиленетуғын анық өлшемлер ҳәм техникалық тапсырмаларға муўапық сатып алады және Ишки ислер министрлиги ҳәм Автомобиль жоллары комитети тәрепинен белгиленетуғын талаплар ҳәм басқа да зәрүр шәртлерге муўапық бириктирилген орынларда орнатады;
орнатылған арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видеоны дизимге алыў программалық-техникалық қуралларын Мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметиниң «Ҳәкимшилик әмелият» комплексли автоматластырылған мәлимлеме системасына интеграциялаў Ишки ислер министрлиги тәрепинен әмелге асырылады;
орнатылған арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видеоны дизимге алыў программалық-техникалық қуралларының техникалық эксплуатациясы ҳәм үзликсиз ислеўин тәмийинлеў, соның ишинде, ағымдағы электр энергиясының қәрежетлерин қаплаў исбилерменлик субъектлерине жүкленеди;
исбилерменлик субъектлерине тийисли арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видеоны дизимге алыў программалық-техникалық қураллары арқалы дизимге алынған жол ҳәрекети қағыйдаларының бузылғанлығы ушын жәриймалардан ажыратпалар муғдары Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленген тәртипте бөлистириледи.
2021-2022-жыллары республика бойынша арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видеоны дизимге алыў программалық-техникалық қуралларын орнатыў бағдарламасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- 4. Миллий айдаўшылық гүўалығын бериў тараўында 2021-жыл 1-апрельден баслап автомототранспорт қураллары ҳәм қалалық электр транспорты қуралларының айдаўшыларын таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў бойынша мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсетиў жумысы ушын лицензияға ийе исбилерменлик субъектлерине барлық категориядағы автомототранспорт қуралларын (троллейбус ҳәм трамвайдан тысқары) басқарыў ҳуқықын беретуғын айдаўшылық гүўалығын алыў ушын теориялық ҳәм әмелий имтиханларды өткериў ҳуқықы берилсин. Онда:
айдаўшыларды таярлаў, қайта тярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыўға қойылатуғын мәмлекетлик талапларда, соның ишинде, исбилерменлик субъектлери ушын заманагөй автодромларды шөлкемлестириў ҳәм оларды автоматластырылған арнаўлы транспорт қураллары менен үскенелеў бойынша қосымша миннетлемелер нәзерде тутылады;
айдаўшылық гүўалығын алыў ушын теориялық ҳәм әмелий имтиханларды өткериў ҳәм баҳалаў инсан факторысыз, толық автоматластырылған ҳалда әмелге асырылады;
айдаўшылық гүўалығын алыў ушын теориялық ҳәм әмелий имтиханлар Мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети ўәкилиниң тиккелей ямаса онлайн қадағалаўы астында өткериледи;
айдаўшылық гүўалығын алыў ушын имтиханларды өткериў бойынша хызметлер ушын төлемлер муғдары исбилерменлик субъекти тәрепинен еркин түрде белгиленеди және келип түсетуғын қаржылар толық көлемде оның қарамағында қалады;
теориялық ҳәм әмелий имтиханларды табыслы тапсырған пуқараларға айдаўшылық гүўалығын алыў ушын тийкар болатуғын арнаўлы қорғалған сертификатлар бериледи;
арнаўлы қорғалған сертификатлардың барлық зәрүр реквизитл5hb исбилерменлик субъекти тәрпинен мәмлекетлик хызметлер орайлары ҳәм ишки ислер уйымларына автоматластырылған ҳалда усынылады.
- 5. Транспорт қуралларының қәўипсиз ҳәрекетлениўин тәмийинлеў тараўында 2021-жыл 1-марттан баслап исбилерменлик субъектлерине автомобиль жолларында автоматластырылған өлшеў қураллары менен үскенеленген салмақ ҳәм габарит қадағалаўы бойынша стационар шақапшалардың орнатылыўын шөлкемлестириў ҳуқықы берилсин. Онда:
Автомобиль жоллары комитети салмақ ҳәм габарит қадағалаўы бойынша стационар шақапшалардың орнатылыўы мүмкин болған орынлардың дислокациясын ҳәм усы аймақтағы транспорт ағымы ҳаққындағы мағлыўматларды «Е-IJRO AUKSION» системасындағы айрықша веб-бетте жәриялап барады;
салмақ ҳәм габарит қадағалаўы бойынша стационар шақапшалар орнатылатуғын орынларды исбилерменлик субъектлерине бириктириў электрон-аукцион саўдалары арқалы әмелге асырылады;
электрон аукцион саўдаларына қойыў ушын салмақ ҳәм габарит қадағалаўы бойынша стационар шақапшалар орнатылатуғын орынлардың минимал баҳасы (басланғыш баҳа) Автомобиль жоллары комитети, Ишки ислер министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги тәрепинен белгиленетуғын тәртип тийкарында анықланады;
электрон аукцион саўдаларында жеңимпаз болған исбилерменлик субъектлерине салмақ ҳәм габарит қадағалаўы бойынша стационар шақапшалар орнатылатуғын орынлар шекленбеген мүддетте ҳәм басқа исбилерменлик субъектине өткериў ҳуқықы менен бириктириледи;
электрон аукцион саўдаларында жеңимпаз болған исбилерменлик субъектлерине салмақ ҳәм габарит қадағалаўы бойынша стационар шақапшаларды Автомобиль жоллары комитети ҳәм Ишки ислер министрлиги тәрепинен белгиленетуғын анық өлшемли, техникалық тапсырмалар, орнатыўға қойылатуғын талаплар ҳәм басқа да зәрүр шәртлерге муўапық сатып алады ҳәм бириктирилген орынларға орнатады;
орнатылған салмақ ҳәм габарит қадағалаўы бойынша стационар шақапшалардың техникалық эксплуатациясы ҳәм үзликсиз ислеўин тәмийинлеў, соның ишинде, ағымдағы электр энергиясының қәрежетлерин қаплаў исбилерменлик субъектлерине жүкленеди;
исбилерменлик субъектлерине тийисли салмақ ҳәм габарит қадағалаўы бойынша стационар шақпшалар арқалы дизимге алынған жол ҳәрекети қағыйдаларының бузылғанлығы ушын жәриймалардан ажыратпалар муғдары Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленген тәртипте бөлистириледи.
2021-2022-жыллары республика бойынша исбилерменлик субъектлери тәрепинен салмақ ҳәм габарит қадағалаўы бойынша стационар шақапшаларды орнатыў бағдарламасы 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- 6. Мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў тараўында 2021-жыл 1-марттан баслап исбилерменлик субъектлерине мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, соның ишинде, мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен айырым түрдеги мәмлекетлик хызметлер көрсетилиўинде агент сыпатында қатнасыўға руқсат берилсин. Онда:
агент сыпатында хызметлерди көрсетиўши исбилерменлик субъектлериниң хызметкерлери аккредитациядан өткен оқыў орайлары тәрепинен берилетуғын ҳәм көрсетилиўи мүмкин болған хызметлердиң түрлери анық белгиленген сертификатқа ийе болыўы шәрт;
сертификатлар 3 жыл мүддетке бериледи ҳәм оларды бериў тәртиби Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди;
исбилерменлик субъектлери тәрепинен агент сыпатында хызметлерди көрсетиў Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң бирден-бир платформасы шеңберинде әмелге асырылады;
агент сыпатында хызметлерди көрсетиў ҳуқықын бериўши сертификатқа ийе болған исбилерменлик субъектлерин тийисли мәмлекетлик хызмет көрсетиў системасына жалғаў, оларды дизимнен өткериў ҳәм процессти мониторинг етиў усы хызметлерди көрсетиўши мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен әмелге асырылады;
Мәмлекетлик хызметлер агентлиги агент сыпатында хызметлерди көрсетиўши исбилерменлик субъектлериниң бирден-бир электрон реестрин қәлиплестиреди ҳәм жүргизеди;
пуқаралар ушын бирден-бир электрон реестр арқалы өзине қолайлы агентлерди таңлап алыў имканияты жаратылады;
агент хызметлери ушын пуқаралар тәрепинен айрықша төлем әмелге асырылады, онда баҳалар исбилерменлик субъекти тәрепинен еркин түрде белгиленеди және келип түсетуғын қаржылар толық көлемде оның қарамағында қалады;
исбилерменлик субъектлери тәрепинен агент сыпатында хызметлер көрсетилиўи қадаған етилген мәмлекетлик хызметлер дизими Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланады.
- 7. 2021-жыл 1-июньнан баслап мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң ишки ҳәкимшилик-хожалық жумысын тәмийинлеў ҳәм сақлаў бойынша функцияларын орынлаў жеке меншик секторға өткерилетуғыны белгиленсин. Онда:
бул талап мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң тийисли функцияларды жеке меншик секторға өткериў бойынша алып барылған таллаўлары, нәтийжелилигин үйрениў нәтийжелери ҳәм анық есап-санақлары тийкарында Қаржы министрлигиниң унамсыз шешими болған жағдайларда енгизилмейди;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң ишки ҳәкимшилик-хожалық жумысын тәмийинлеў ҳәм сақлаў бойынша функцияларды өзи шөлкемлестириўши болған мәмлекетлик кәрханаларға жүклеў қадаған етиледи.
Қаржы министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2021-жыл 1-апрельге шекем мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жеке меншик секторға өткерилетуғын ишки ҳәкимшилик-хожалық жумысын тәмийинлеў ҳәм сақлаў бойынша функцияларының және усы тәртип енгизилетуғын министрликлер ҳәм уйымлардың дизимин, сондай-ақ, олар бойынша экономикалық таллаў өткериў методикасын тастыйықлаўды нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарарының жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- 8. «Мәмлекетлик функциялар – бизнес ушын имканият» жойбары шеңберинде мәмлекет тәрепинен тәртипке салынатуғын тараўларға жеке мешик секторды тартыў бойынша «Жол картасы» 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- 9. Экономкалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Әдиллик министрлиги, Монополияға қарсы гүресиў комитети ҳәм Саўда-санаат палатасының төмендеги басқышлардан ибарат болған мәмлекет функцияларын жеке меншик секторға өткериўдиң комплексли механизмин енгизиў ҳаққындағы усынысы мақуллансын:
а) Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги тәрепинен мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте жеке меншик секторға өткериў ушын мәмлекетлик функцияларды ҳәр жылы таңлап алыў. Онда:
министрликлер ҳәм уйымлардың мәмлекетлик басқарыўдағы нәтийжесиз ҳәм эксклюзив функциялары менен ўәкилликлери толық хатлаўдан өткериледи;
жеке меншик секторға өткериў имканиятының бар екенлиги ҳәм эксономикалық нәтийжелилигине қарамастан мәмлекет функциялары объектив талланады;
жеке меншик секторға бейимлестирилген ҳалда мәмлекет фунцияларының мазмуны анықластырылады;
жеке меншик секторға өткериўге усыныс етилип атырған мәмлекет функцияларының жуўмақлаўшы дизими тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың усыныслары тийкарында қәлиплестириледи;
б) Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги және Саўда-санаат палатасы тәрепинен жеке меншик сектор базары мәмлекет функцияларын әмелге асырыў ушын таяр екенин таллаў. Онда:
жеке меншик секторға өткериў усыныс етилип атырған мәмлекет функциялары дизими жәрияланады ҳәм кең жәмийетшиликтиң додалаўына қойылады;
мәмлекет функцияларын әмелге асырыў ушын жеке меншик сектордың белсендилигин хошаметлеў илажлары ислеп шығылады;
мәмлекет функцияларын әмелге асырыў ушын жеке меншик сектордың пикир-усыныслары улыўмаластырылады ҳәм талланады;
өткерилип атырған мәмлекет функцияларына уқсас болған жумыс тәжирийбесине ийе жеке меншик сектор субъектлериниң дәслепки дизими қәлиплестириледи;
жеке меншик секторда зәрүр ресурслар ҳәм инфраструктура, сондай-ақ, маман кадрлардың бар екенлиги көзқарасынан талланады;
реал қәрежетлер ҳәм товар (жумыс, хызмет)дың баҳасын есапқа алған ҳалда жеке меншик сектор ҳәм тутыныўшылар ушын мәмлекет функцияларын әмелге асырыў баҳасы белгиленеди;
в) Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги және Әдиллик министрлиги тәрепинен мәмлекет функцияларын жеке меншик секторға өткериўди нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын ислеп шығыў;
г) Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги және Саўда-санаат палатасы тәрепинен жеке меншик секторға өткерилген мәмлекет функцияларының әмелге асырылыўын мониторинг етиў. Онда:
мәмлекет функцияларының әмелге асырылғанлығы нәтийжелери бойынша жеке меншик сектордың мағлыўматы улыўмаластырылады ҳәм талланады, сондай-ақ, улыўмаластырылған мағлыўматлар тийкарында олардың әмелге асырылғанлығының нәтийжелилиги ҳәм сапасы баҳаланады;
жеке меншик сектор тәрепинен мәмлекет функциялары нәтийжесиз ҳәм сапасыз әмелге асырылғанлығының жағдайы анықланған жағдайда кемшиликлерди сапластырыў және өткерилген мәмлекет функцияларын әмелге асырыў механизмлерин жетилистириў бойынша тийкарланған усыныслар ислеп шығылады;
д) Қаржы министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги және Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги тәрепинен мәмлекет функцияларының өткерилиўи мүнәсибети менен тийисли мәмлекетлик уйымның штат бирликлерин оптималластырыў бойынша усынысларды ислеп шығыў. Онда:
мәмлекет функциялары жеке меншик секторға өткерилгеннен соң мәмлекетлик уйым бөлимлериниң функционал жүклемеси талланады;
мәмлекет функцияларының өткерилиўи мүнәсибети менен мәмлекетлик уйымлар тийисли бөлимлериниң босаған штат бирликлерин оптималластырыў бойынша усыныслар Министрлер Кабинетине киргизиледи.
- 10. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги орайлық аппаратының структурасында 2021-жыл 1-январьдан баслап мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының штат бирликлериниң оптималластырылған бөлеги есабынан 8 штат бирлигинен ибарат Жеке меншик секторды таллаў ҳәм раўажландырыў басқармасы шөлкемлестирилсин және оның ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:
«Мәмлекет функциялары – бизнес ушын имканият» жойбары ҳәм мәмлекет функцияларын жеке меншик секторға өткериўдиң комплексли механизминиң әмелге асырылыўы бойынша мониторинг алып барыў ҳәм пайда болып атырған машқалаларды сапластырыў бойынша усыныслар ислеп шығыў;
жеке меншик секторға өткерилиўи усыныс етилип атырған мәмлекет функциялары, сондай-ақ, жеке меншик сектордың тийисли усынысларын жәриялаў ҳәм додалаўдан өткериў ушын электрон майданша жумысын жүргизип барыў;
жеке меншик секторға берилиўи мүмкин болған мәмлекет функцияларына таллаў алып барыў ҳәм үйрениў нәтийжесинде тийисли илажлар көрилиўи бойынша усыныслар таярлаў.
- 11. Төмендегилер:
а) Кадастр агентлигиниң директоры Х.С.Турахужаевқа – Ташкент ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласындағы тәжирийбе-сынақ түринде енгизилетуғын көшпес мүлк бойынша кадастр инженерлерине көшпес мүлк объектлерине кадастр ҳүжжетлери топламын, соның ишинде, дәслепки кадастр ҳүжжетлери топламын таярлаў функциясын әмелге асырыў механизмин ислеп шығыў, усы хызметлер баҳасының минимал ставкаларын белгилеў, арнаўлы автоматластырылған мәлимлеме системасын жаратыў;
б) ишки ислер министри П.Р.Бобожоновқа:
арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видеоны дизимге алыў программалық-техникалық қураллары толық исбилерменлик субъектлерине белгиленген тәртипте бириктирилиўин шөлкемлестириў, усы бағдарда исбилерменлик субъектлерине ҳәр тәреплеме жәрдем бериў, жүзеге келетуғын машқалаларды ҳадал, әдиллик ҳәм оператив шешиў және арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видеоны дизимге алыў программалық-техникалық қуралларының өз ўақтында орнатылыўы ҳәм иске қосылыўын тәмийинлеў;
исбилерменлик субъектлерине барлық категориядағы автомототранспорт қуралларын (троллейбус ҳәм трамвайдан тысқары) басқарыў ҳуқықын бериўши айдаўшылық гүўалығын алыў ушын теориялық ҳәм әмелий имтиханларды өткериў жумысын әмелге асырыў ушын лицензия талаплары ҳәм шәртлериниң ислеп шығылыўы, исбилерменлик субъектлери тәрепинен заманагөй автодромларды шөлкемлестириў ҳәм оларды автоматластырылған арнаўлы транспорт қураллары менен үскенелеў, теориялық ҳәм әмелий имтиханлардың өткерилиўин қадағалаў;
в) Автомобиль жоллары комитетиниң баслығы А.А.Абдувалиевқа – салмақ ҳәм габарит қадағалаўы бойынша стационар шақапшалар толық исбилерменлик субъектлерине белгиленген тәртипте бириктирилиўин шөлкемлестириў, бул бағдарда исбилерменлик субъектлерине ҳәр тәреплеме жәрдем бериў, пайда болған машқалаларды ҳадал, әдил ҳәм оператив шешиў және салмақ ҳәм габарит қадағалаўы бойынша стационар шақапшалардың өз ўақтында орнатылыўы ҳәм иске қосылыўын тәмийинлеў;
г) әдиллик министри Р.КДавлетовқа – мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, соның ишинде, мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен айырым түрдеги мәмлекетлик хызметлердиң көрсетилиўинде агент сыпатында қатнасыў, бул хызметти көрсетиў ҳуқықын бериўши сертификатты бериў тәртибин ислеп шығыў, агент сыпатындағы хызметлер бойынша арнаўлы оқыў курсларының шөлкемлестирилиўин тәмийинлеў;
д) қаржы министри Т.А.Ишметовқа – мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жеке меншик секторға өткерилетуғын ишки ҳәкимшили-хожалық жумысын тәмийинлеў ҳәм сақлаў бойынша функцияларының және усы тәртип енгизилетуғын министрликлер ҳәм уйымлардың дизимин, сондай-ақ, олар бойынша экономикалық таллаў методикасын тастыйықлаўды нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарарының жойбарын ислеп шығыў және Министрлер Кабинетине киргизилиўин тәмийинлеў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.
- 12. Усы қарарда белгиленген илажлардың нәтийжели ҳәм өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде:
а) Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Қўчқоров мәмлекетлик уйымлардың тийисли функциялары белгиленген мүддетлерде жеке меншик секторға өткерилиўин, сондай-ақ, жеке меншик секторға өткерилген мәмлекет функцияларын әмелге асырыў тәртиплери қысқа мүддетлерде ислеп шығылыўы ҳәм тастыйықланыўын тәмийинлесин;
б) Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги (С.Х.Бекенов) еки ай мүддетте усы қарарда белгиленеген электрон аукцион саўдаларын енгизиў бойынша тийисли илажлардың көрилиўин тәмийинлесин;
в) жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары усы қарарда нәзерде тутылған илажларды сапалы ҳәм өз ўақтында әмелге асырыў, сондай-ақ, мәмлекет функцияларын жеке меншик секторға өткериў бойынша тәсиршең илажларды көрсин;
г) Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (А.Ж.Ортиқов):
турақлы түрде жеке меншик секторға өткерилген мәмлекет функцияларының әмелге асырылыўын мониторинг етип барсын;
бир ай мүддетте жеке меншик секторды таллаў ҳәм раўажландырыў басқармасын зәрүр теориялық билим ҳәм әмелий көнликпелерге ийе жоқары қәнигели кадрлар менен толықтырсын;
еки ай мүддетте усы қарардан келип шығатуғын нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин;
д) Әдиллик министрлиги (Р.Қ.Давлетов) мәмлекет функцияларын жеке меншик секторға өткериўдиң ҳуқықый механизмлерин ҳәм өзин-өзи тәртипке салыў институтын жетилистириўге қаратылған усынысларды ислеп шығыўда Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигине ҳәр тәреплеме әмелий жәрдем көрсетсин;
е) Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги (А.А.Ходжаев) Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (А.К.Кўчимов) ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.Ж.Хаджаев) менен биргеликте ғалаба хабар қуралларын тартқан ҳалда усы қарарда белгиленген илажларды халық арасында кеңнен жарытыў илажларын көрсин.
- 13. Усы қарардың орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.
Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине 2021-жыл 1-март, 1-сентябрь ҳәм 2022-жыл 1-январьға шекем, кейин ала ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша мәлимлеме берип барылсын.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2020-жыл 7-декабрь