Өзбекстан Республикасы Президентиниң

пәрманы

Мәмлекетимизде судьялардың шын мәнисиндеги еркинлигин тәмийинлеў, маман кадрларды таңлаў, судьялық кәсибине таярлаў ҳәм тайынлаў системасын жетилистириў, сондай-ақ, пуқаралардың әдил судлаўға исенимин арттырыў бойынша избе-из жумыслар алып барылмақта.

Соның менен бирге, суд системасына жетерли билим ҳәм турмыслық тәжирийбеге ийе болған  мүнәсип кадрларды таңлаў  ҳәм лаўазымға тайынлаў және судьялардың жумысын әдил баҳалаў процесслерине заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларының енгизилмегенлиги бул бағдардағы жумыслардың ашық-айдынлығының жетерлише тәмийинленбей қалыўына себеп болмақта.

Сондай-ақ, суд ҳәкимияты системасында коррупция жағдайларын келтирип шығарыўшы себеп ҳәм шараятларды терең үйрениў және таллаў,  коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў системасын нәтийжели жолға қойыў талап етилмекте.

Суд системасын маман ҳәм ҳадал пәк кадрлар менен толықтырыў. суд уйымларының жумысында ашық-айдынлықты тәмийинлеў, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң суд ҳәкимиятына болған исенимин және де арттырыў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 27-майдағы ПП-5729-санлы Пәрманы менен тастыйықланған 2019-2020-жыллары коррупцияға қарсы гүресиў Мәмлекетлик бағдарламасының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. 1. Судьялар еркинлигин тәмийинлеў ҳәм суд системасында коррупцияның алдын алыў бойынша мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары етип төмендегилер белгиленсин:

судьялардың әдил судлаўды әмелге асырыў бойынша кәсиплик жумысын ҳәр қандай көринистеги сыртқы тәсирлерден нәтийжели қорғаўды тәмийинлейтуғын ҳуқықый механизмлерди жаратыў;

судьялыққа таңлаў, таярлаў, лаўазымға тайынлаў, сондай-ақ, судьялардың жумысын баҳалаўда әдиллик ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў, бул процесслерге заманагөй мәлимлеме технологияларын избе-из енгизиў;

судьялар ҳәм суд аппаратының хызметкерлери арасында коррупция жағдайларының алдын алыў ҳәм ерте анықлаўға қаратылған системаны жолға қойыў және суд системасында анықланған ҳәр қандай коррупциялық ҳәрекетти маўасасыз жағдай деп баҳалаў;

судьялардың кәсиплик шеберлиги, мәнаўияты ҳәм жуўапкершилигин арттырыў бойынша комплексли илажларды әмелге асырыў арқалы жоқары профессионал судьялардың корпусын қәлиплестириў.

  1. 2. Судьялар жоқары кеңеси (кейинги орынларда – Кеңес) ҳәм Жоқарғы судтың төмендегилерди нәзерде тутатуғын усынысларына келисим берилсин:

а) 2021-жыл 1-февральдан  баслап суд системасында коррупция жағдайларының алдын алыў, Кеңес ҳәм суд системасының жумысында ашық-айдынлықты тәмийинлеў бағдарында:

биринши мәрте судьялық лаўазымларына талабанларды таңлаў бойынша имтихан процесслерин Интернет тармағы (веб-сайт) арқалы онлайн түрде жарытып барыўды жолға қойыў;

судьялық лаўазымына талабанлар ҳәм судьялардың психологиялық портрети бойынша кәсипке мүнәсиплигин баҳалаўға жәрдемлесетуғын электрон бағдарламаны ислеп шығыў ҳәм енгизиў;

судья жумысының нәтийжелилигин электрон рейтинг арқалы ашық-айдын баҳалаўды тәмийинлейтуғын анық өлшемлерди ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа енгизиў;

б) Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы улыўма юрисдикция судларының шөлкемлестирилиўи мүнәсибети менен 2021-жыл 1-январьдан усы судлардың маманлық коллегияларын қәлиплестириў.

  1. 3. Судьялардың юридикалық жуўапкершилиги мәселесин шешиў ўақтында олардың әдил судлаў менен байланыслы жумысына ҳәр қандай араласыўдың алдын алыў мақсетинде сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2021-жылдан баслап:

судьялардың қол қатылмаслығын бузғаны ҳәм әдил судлаўды әмелге асырыў бағдарындағы жумысына араласыў жағдайлары бойынша Кеңес баслығы тәрепинен киргизилген усыныс хаты прокуратура уйымлары тәрепинен бир ай мүддетте көрип шығылып, жынаят иси қозғатылғанлығы ямаса қозғатыў бийкар етилгенлиги ҳаққында Кеңеске Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы тәрепинен хабар бериледи;

судьяларды ҳуқық қорғаў уйымларға гүўа етиў ямаса гүманланыўшы сыпатында сораў етиў ушын шақырыўға тийисли маманлық коллегияларының келисими менен жол қойылады;

суд ҳәкимиятының еркинлигин ҳәм судьялардың қол қатылмаслығын тәмийинлеў, әдил судлаўды әмелге асырыўға тосқынлық етип атырған факторлар ҳәм системада коррупцияға қарсы гүресиў жағдайы бойынша Кеңес баслығы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентине жылдың жуўмағы бойынша мәлимлеме берип барылады.

  1. 4. Кеңестиң судларда коррупцияны келтирип шығаратуғын факторларын системалы түрде сапластырыў ҳәм оған қарсы гүресиў нәтийжелилигин арттырыў бағдарындағы төмендеги усыныслары мақуллансын:

Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен тайынланатуғын ҳәм лаўазымынан азат етилетуғын, жумысын турақлы түрде әмелге асыратуғын Кеңес баслығының орынбасары лаўазымын енгизиў;

Судьялардың қол қатылмасылығын тәмийинлеў бойынша суд инспекциясы негизинде Судьялардың қол қатылмаслығын тәмийинлеў ҳәм коррупцияның алдын алыў бойынша суд инспекциясын дүзиў;

Судьялардың кәсиплик таярлығын шөлкемлестириў секторын сапластырыў;

Ғалаба хабар қураллары менен бирге ислесиў секторы тийкарында баспасөз хызмети ҳәм биринши бөлим, сондай-ақ, орынлаў аппараты тийкарында мәлимлеме-таллаў, мүрәжатлар менен ислесиў, мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў ҳәм мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў структуралары және архив ҳәм аппарат шөлкемлестириў;

Кеңеске келип түсип атырған шағымларды улыўма таллаў, анықланған кемшиликлерди сапластырыў бағдарында судьялардың маманлық коллегиялары менен биргеликте анық илажларды белгилеў ўазыйпасын жүклеў;

судьялардың әдил судлаўды әмелге асырыўдағы жумысын хошаметлеўди жолға қойыў,  «Үлгили судья» сыйлығын,  әдил судлаўды әмелге асырыўда узақ жыллар жемисли мийнет етип пенсияға шыққан судьялар ушын  «Суд ветераны» көкирек белгисин енгизиў;

Кеңес жанында әмелдеги материаллық ҳәм процессуаллық ҳуқық нормаларын дурыс қолланыў бойынша усыныс характерине ийе болған мәсләҳәтлер және судьялардың әдеп-икрамлылық қағыйдаларын белгили бир жағдайларда қоланылыўы бойынша сораўларына түсиниклер бериў ўәкиллигине ийе болған жәмийетлик тийкарда жумыс ислейтуғын  Судьялар клубын ( кейинги орынларда – Клуб) шөлкемлестириў.

Клуб өз жумысын Кеңес тәрепинен тастыйықланатуғын Реже тийкарында әмелге асыратуғын ҳәм оның турақлы жуўапкер ағзаларының қурамы көп жыллық жумыс тәжирийбесине, терең билим ҳәм жоқары абырай-мәртебеге ийе болған әмелдеги ҳәм ветеран судьялар арасынан қәлиплестириледи.

  1. 5. Кеңес (Х.Б.Ёдгоров) бир ай мүддетте:

Судьялар ассоциациясы (У.Қ.Мингбоев) ҳәм Жоқарғы суд (К.Ф.Камилов) менен биргеликте Клуб шөлкемлестирилиўи ҳәм жумысын баслаўы бойынша илажлар көрсин;

«Үлгили судья» сыйлығы және «Суд ветераны» көкирек белгиси менен сыйлықлаў тәртиби ҳаққындағы режелерди тастыйықласын.

  1. 6. Кеңес баслығының турақлы тийкарда жумыс ислеўши орынбасары лаўазымының енгизилиўи мүнәсибети менен Судьялар жоқары мектебиниң Илимий ҳәм мәлимлеме-таллаў ислери бойынша директор орынбасары лаўазымы сапластырылсын.
  2. 7. Кеңес жанында судьялар жәмийетшилигиниң уйымы болған ҳәм өз жумысын жәмийетлик тийкарда әмелге асыратуғын судьялыққа талабанлардың Судьялар жоқары мектебине кириў ҳәм жуўмақлаў имтиханларының нәтийжелеринен наразы болып берген мүрәжатларын көрип шығыў бойынша имтихан комиссиясы дүзилсин және оның қарарлары үстинен Кеңеске шағым етиў тәртиби белгиленсин.
  3. 8. Төмендегилер:

Суд ҳәкимиятының еркинлигин және де күшейтиў, судьялардың қол қатылмаслығын тәмийинлеў және системада коррупцияның алдын алыў бойынша илажлар режеси 1-қосымшаға муўапық;

Судьялар жоқары кеңесиниң жаңа структурасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Кеңесте шөлкемлестирилип атырған жаңа структуралар ҳәм лаўазымлардың қәлиплестирилиўи Кеңес структурасын оптималластырыў нәтийжесинде босап атырған 4 штат бирликлери есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

  1. 9. Кеңес (Х.Б.Ёдгоров) Жоқарғы суд (К.Ф.Камилов) ҳәм Судьялар ассоциациясы (У.Қ.Мингбоев) менен биргеликте бир ай мүддетте усы Пәрманның мәнисин түсиндириў және суд уйымлары системасында коррупциялық жағдайлардың алдын алыў мәселелеринде бирге ислесиўди жолға қойыў, сондай-ақ, судьялар ҳәм суд аппаратының хызметкерлеринде коррупцияға қарсы маўасасызлық иммунитетин қәлиплестириў бағдарында комплексли илажлардың бағдарламасын тастыйықласын.
  2. 10. Кеңес мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына усыныслар киргизсин.
  3. 11. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.Р.Иноятовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                           Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

020-жыл 7-декабрь