Елимизде қаракөлшилик тараўын раўажландырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Бүгинги күнде Беруний районы бойынша қаракөлшиликке қәнигелестирилген 20 фермер хожалықлары болып, жәми жайлаў майданы 30,708 гектарды ийелеген болса, соннан 91 гектары егислик майдан есапланады.
-Қаракөлшилик шарўашылық тараўының тийкарғы тармақларының бири. «Жайҳун Кўкланзор» фермер хожалығы қаракөлшиликке қәнегелестирилген болып, бул жерде 800 бас қой ҳәм 15 түйе бағылмақта, – дейди усы хожалық баслығы Азат Қурбанов.
Беруний районындағы сектор басшылары қаракөлшилик тармағын раўажландырыў мақсетинде әмелге асырылып атырған жумыслар, фермерлер ушын жарытылып атырған имканиятлар менен танысты, олардың машқалаларын тыңлады ҳәм қыс мәўсиминде фермер хожалығы жумысшыларының шараяты менен танысып, оларға азық-аўқат өнимлери ҳәм ыссы кийимлер тапсырды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги