Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 28 жыллығы мүнәсибети менен мәмлекетимиз тәрепинен алып барылып атырған гуманистлик сиясаттың әмелий тастыйығы сыпатында «Еркинен айырыў жазасын өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына исенимли түрде өткен бир топар пуқараларды әпиў етиў ҳаққында»ғы Пәрманына қол қойды.
Пәрманға муўапық, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 93-статьясы 23-бәнтине тийкарланып, ислеген жынаяты ушын жазаны орынлаў мәкемелеринде жазасын өтеп атырған және қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына исенимли түрде өткен 104 пуқара әпиў етилди.
Әпиў етилген пуқаралардың 6 ы тийкарғы жазадан толық азат етилди, 50 и жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли түрде азат етилди, 17 синиң еркинен айырыў жазасы жеңилирек жаза менен алмастырылды. Сондай-ақ, 41 пуқараға тайынланған еркинен айырыў жазасының мүддетлери қысқартылды.
Әпиў етилгенлердиң 13 ин сырт ел шуқаралары, 9 ын 60 жастан асқан пуқаралар, 1 ин ҳаял және 21 ин қадаған етилген шөлкемлердиң жумысына қатнасқан пуқаралар қурайды.
Пәрманның орынланыўы бойынша әпиў етилген пуқараларды шаңарағы ҳәм жақынларының қушағына қайтарыў, социаллық турмысқа бейимлесип, пайдалы мийнет пенен шуғылланыўы, саламат турмыс тәризин жолға қойып, жәмийетте мүнәсип орын табыўы ушын оларға жәрдем бериў бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм уйымларға тийисли тапсырмалар берилди.