Әзиз ўатанласлар!

Ҳүрметли мийманлар!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Бүгин бәршемиз шын мәнисинде тарийхый ҳәм умытылмас бир ўақыяның гүўасы болып турмыз.

Бүгин Өзбекстанда ири заманагөй санаат кәрханасы ­ Ташкент металлургия заводы иске түсирилмекте.

Мәмлекетимиздиң экономикалық турмысында оғада айрықша әҳмийетке ийе болған мине усындай үлкен өндирис комплексиниң қурылғаны менен бәршеңизди шын жүрегимнен қутлықлайман.

Бүгинги мәресимде бизиң қуўанышымызға шерик болып атырған ҳүрметли сырт елли шериклеримиз ­ Россия Федерациясы санаат ҳәм саўда министри Денис Валентинович Мантуров, «Метпром» компаниясы директорлар кеңесиниң баслығы Станислав Сергеевич Лазуткин, Россия Федерациясының Өзбекстандағы елшиси Владимир Львович Тюрденев, Италия Республикасының «Даниели» компаниясының бас директоры Даниели Джакомо Марески мырзаларға ҳәм барлық мийманларымызға терең миннетдаршылық билдиремен.

Ҳүрметли дослар!

Сизлерге мәлим, биз буннан үш жыл бурын ­ 2017-жылдың февраль айында жақсы нийетлер менен бул кәрхананың тырнақ тасын қойған едик. Өткен қысқа дәўирде барлық қыйыншылықларға, атап айтқанда, коронавирус пандемиясына қарамастан, мыңлаған пидайы инсанлардың билим ҳәм тәжирийбеси, шеберлиги ҳәм мийнети есесине мине, усы үлкен завод қәд көтерди. Бул ири комплексти қурыў ушын 420 миллион долларлық қаржы сарпланды.

Пурсаттан пайдаланып, кәрхананы қурыўда белсене қатнасқан шебер жойбарлаўшы ҳәм қурылысшыларға, қолы гүл жумысшы ҳәм инженерлерге, жумысты бөлип алыўшы шөлкемлер ҳәм барлық жуўапкерлерге, сырт елли шериклеримизге өз атымнан, халқымыз атынан шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Қәдирли ўатанласлар!

Кейинги жылларда мәмлекетимизде барлық тараў ҳәм тармақларды түп-тийкарынан жаңалаў ҳәм модернизациялаўға қаратылған кең көлемли реформалар алып барылмақта.

Биз инновациялық экономиканы қәлиплестириў, заманагөй санаат, қолайлы инвестиция орталығын жаратыў, сырт мәмлекетлер ҳәм жетекши компаниялар менен шериклик байланысларын кеңейтиўге айрықша итибар бермектемиз. Бүгин ҳәр тәреплеме уқсасы жоқ Ташкент металлургия заводының иске түсирилиўи бул бағдардағы ҳәрекетлеримиздиң және бир әмелий көриниси болып табылады.

Ҳәммеңиз билесиз, Өзбекстан экономикасының әззи секторларынан бири ­ бизде қара металлургия санаатының жетерли дәрежеде раўажланбағаны менен байланыслы. Қайсы тараўды алмаң, көп жыллардан берли бул мәселе биз ушын үлкен машқала болып киятырған еди.

Жаңа завод ең дәслеп миллий экономикамыздың металлургия өнимлерине болған талабын қанаатландырыўға қаратылғаны менен әҳмийетли. Олар бурын республикамизға тийкарынан шеттен алып келинетуғын еди.

Бул кәрханада жылына 500 мың тонна цинк ҳәм полимер қапламалы металл листлер ислеп шығарылады. Бул өнимлер қурылыс материаллары яки металл конструкциялар бола ма, турмыслық техника, электротехника ҳәм азық-аўқат санааты бола ма – жүзлеген кәрханаларымыздың талабын қанаатландырыў мүмкиншилигин береди.

Комплекс иске түсирилиўи менен химия санааты кәрханалары ҳәм реңли металл ислеп шығарыўшылар арасында тығыз кооперация байланыслары жолға қойылады. Келешекте бул завод жергиликли автомобиль қурылысы ҳәм аўыл хожалығы машина қурылысы кәрханаларының талабын қанаатландырыўға да хызмет етеди. Соны атап өтиў керекк, ҳәзирдиң өзинде-ақ завод өнимлерине онлаған кәрханалардан буйыртпалар келип түспекте.

Ташкент металлургия заводы мәмлекетимиздиң жалпы ишки өнимине салмақлы үлес қосады. Қысқаша айтқанда, жаңа завод тез пәтлер менен раўажланып, санаатымыз локомотивлеринен бирине айланады, деп айтыўға барлық тийкарларымыз бар.

Бириншиден, талап жоқары болған металлургия өнимин ислеп шығарыў шынжыры қәлиплеседи.

Кәрхана жумысының биринши басқышында импорттың орнын басатуғын өним ислеп шығарыў есабынан 400 миллион долларға жақын қаржы үнемленеди.

Жергиликли кәрханаларымыз бурын сырттан алып келинген шийки зат орнына ендигиден былай заводта таярланатуғын листлерден пайдаланыўы есабынан локализациялаў дәрежеси сезилерли рәўиште артады. Мысал ушын, сэндвич панеллер ҳәм жайдың төбесин жабыў материалларының өзине түсер баҳасында республикамызда ислеп шығарылған өнимниң үлеси 50 проценттен 90 процентке шекем жетеди. Сондай-ақ, бул көрсеткиш вентиляция ҳәм ҳаўаны тазалаў системалары бойынша 30 проценттен 50 процентке шекем, турмыслық электротехника ислеп шығарыўда ­ 35 проценттен 50 процентке шекем артады. Яғный, санаат кооперациясының кеңейиўи ҳәм жергиликли шийки зат негизинде аймақларда жүзлеген жаңа бәсекиге шыдамлы санаат кәрханаларының қурылыўы ушын шараятлар жаратылады.

Усы тийкарда түрлес тармақлар менен бирге 5 мың жаңа жумыс орны шөлкемлестириледи. Бул болса қаншадан-қанша жасларымыз ушын жаңа жумыс орынлары, дәрамат ҳәм шаңарақтың абаданлық дәреги болып хызмет ететуғынын түсиниў қыйын емес, деп ойлайман.

Сондай-ақ, кәрхана тәрепинен жылына 90 миллион долларлық өним шетке экспорт етиледи.

Екиншиден, металлургия тараўында өндирис кластерин қурыўға шараят жаратылады.

Биринши басқышта шийки зат Россиядан алып келинеди. Тез арада жаңа кәрхана Бекабад металлургия заводы менен жақын шерикликте жумыс алып барады. Ҳәзирги пайытта Бекабадта қуны 800 миллион доллар болған 1 миллион тонна өним шығарыў қуўатлылығына ийе қуйыў-прокат комплексин қурыў басланды ҳәм оның өними бул завод ушын шийки зат болып хызмет етеди. Соның өзи цинк ҳәм полимер қапламалы листлердиң локализациялаў дәрежесин 90 процентке жеткериў имканиятын береди.

Ҳәрекетлеримиздиң тийкарғы мақсети ­ жақын жылларда бир тутас «нольден таяр өнимге шекем» болған металл ислап шығарыў кластерин жаратыўдан ибарат. Соның ушын биз елимиздеги 2 миллиард тонна қара металл запасына ийе Тебинбулақ ҳәм басқа кәнлерде жетекши сырт ел компаниялары менен геологиялық излеўлер өткердик ҳәм бул бағдарда техникалық экономикалық жойбарлар ислеп шығылмақта.

Үшиншиден, техникалық ҳәм технологиялық тәмийинлениўи тәрепинен бул завод халықаралық көлемдеги ең ири комплекслер қатарына киреди.

Бул жерде дүньяның 27 мәмлекети, атап айтқанда, Италия, Германия, Россия, Австрия, Швейцария, Корея сыяқлы мәмлекетлерде таярланған әсбап-үскенелер орнатылған. Атап айтқанда, кәрханада өндирис, технологиялық процесслерди автоматластырыў ҳәм қадағалаў, режелестириў ҳәм басқарыўдың төрт басқышлы системасы енгизилгенин айрықша атап өтиў лазым.

Төртиншиден, завод экологиялық талапларға жуўап беретуғын, айтыў керек болса, «ең жасыл» кәрханалардан бири екени биз ушын айрықша әҳмийетке ийе.

Кәрхана шығындыларды қысқартып, қатаң экологиялық нормаларға әмел ететуғын, шығынды газлерди услап қалатуғын, ақаба суўларды тазалайтуғын ҳәм басқа да зәрүр үскенелер менен тәмийинленген.

Ҳүрметли мәресим қатнасыўшылары!

Мәлим болғанындай, бул кәрхана Ташкент қаласы қурамында жақында шөлкемлестирилген Янги ҳаёт районында жумыс баслап атыр.

Янги ҳаёт районы жаңа Өзбекстанды раўажландырыўға комплексли қатнастың үлгиси, десек, дурыс болады. Бул аймақта бир ўақыттың өзинде ықшам турақ жайлар, заманагөй санаат қуўатлылықлары, жаңа транспорт инфраструктурасы, атап айтқанда, жер үсти метросы ҳәм кесиспелер, социаллық объектлер қурылысы жедел алып барылмақта.

Урбанизация, халық ушын қолайлы болған сапалы қала орталығын жаратыўға байланыслы бундай заманагөй қатнасты биз пүткил Өзбекстан бойлап кеңнен енгизбектемиз. Атап айтқанда, жақын келешекте Наманган, Әндижан, Самарқанд ҳәм басқа ири қалаларымызда да әне усындай аймақлар жаратыўды режелестиргенбиз.

Булардың барлығы пуқаралық ҳәм санаат қурылысының жедел раўажланыўы ушын қолайлы шараят жаратады, жаңа завод өнимлерине де, түрлес тармақлар өнимлерине де турақлы талапты пайда етеди.

Әзиз дослар!

Ташкент металлургия заводының иске түсирилиўи мәмлекетимизде инсан капиталын раўажландырыўға да үлкен тәсир көрсетеди.

Бул комплексти қурыўға Өзбекстандағы көплеген қурылыс кәрханаларының мыңға шамалас инженер ҳәм жумысшылары қатнасты. Завод қурылысы олар ушын жаңа тәжирийбе майданына, шеберлик мектебине айланды.

Кәрханада инженерлер, жойбарлаўшылар, металлурглар ҳәм басқа да қәнигелердиң жаңа әўлады қәлиплесип атырғаны әсиресе, айрықша әҳмийетке ийе. Олардың көпшилиги раўажланған мәмлекетлердеги тармақ кәрханаларында тәжирийбе арттырып келген жигит-қызлар болып табылады.

Мине усындай нәўқыран жасларымыздың ең жоқары халықаралық стандартлар дәрежесинде ислеўге уқыплы екени бәршемизди қуўандырады. Келешекте олардың билим ҳәм потенциалы жүзлеп жаңа заманагөй кәрханалар ушын беккем тийкар болады, деп исенемиз.

Ҳүрметли дослар!

Бул жаңа қүдиретли кәрхана Өзбекстан ­ Россия стратегиялық шериклигиниң беккемленип баратырғанының және бир айқын тымсалы.

Кейинги төрт жылда Россия Президенти Владимир Владимирович Путин менен нәтийжели сөйлесиўлеримиз, сиясий ерк-ықрарымыз ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаўымыз нәтийжесинде еки тәреплеме мүнәсибетлерде үлкен табысларға ерисилгенин қанаатланыўшылық пенен атап өтпекшимен.

Биз саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық тараўлардағы шерикликти, Өзбекстанда ири инвестиция жойбарларын әмелге асырыў бағдарындағы жумысларды жоқары дәрежеге алып шығыўға муўапық болдық.

Бул дәўирде еки тәреплеме саўда көлеми ҳәм Россиядан экономикамызға киргизилген инвестициялардың муғдары еки есеге артып, мыңнан аслам жаңа кәрханалар шөлкемлестирилди.

Биз ҳәзир ғана Россия Федерациясы санаат ҳәм саўда министри Денис Валентинович Мантуров пенен өткерген ушырасыўымызда мине усындай жойбарларды әмелге асырыўды ҳәр тәреплеме додалап алдық ҳәм келешектеги бирге ислесиў режелеримизди көрип шықтық. Усы жерде экономиканың түрли тармақларында жоқары технологиялық өндирис қуўатлылықларын шөлкемлестириў бойынша жаңа жойбарлар портфели ҳаққында сөз бармақта.

Атап айтқанда, жақын келешекте Ташкент металлургия заводы сыяқлы онлаған ири ҳәм инновациялық кәрханаларды иске түсириў мақсетинде бүгин Өзбекстан ҳәм Россия кәрханалары арасындағы санаат кооперацияси бойынша жаңа узақ мүддетли бағдарлама үстинде жумыс алып барып атырмыз.

Пурсаттан пайдаланып, бул әҳмийетли жойбарды әмелге асырыўда белсене қатнасқан Россияның жетекши кәрхана, компания ҳәм банклерине, басқа да сырт елли шериклеримизге миннетдаршылық билдиремен.

Өзбекстан ҳәм Россия шериклигиниң биз ушын тийкарғы болған билимлендириў тараўында да беккемлеўге үлкен итибар бермектемиз. Себеби, мәмлекетимизде өндиристи түп-тийкарынан жаңалаў ҳәм илимге тийкарланған технологияларды енгизиў, сөзсиз, жаңа әўлад кадрларын қәлиплестириўди талап етеди.

Усы мақсетте кейинги үш жылда Өзбекстанда Россияның жетекши жоқары билимлендириў мәкемелериниң 8 жаңа филиалы шөлкемлестирилди. Атап айтқанда, металлургия тармағы ушын жоқары маманлықтағы кадрлар таярлайтуғын «Москва полат ҳәм еритпелер институты» Россия миллий технологиялық изертлеўлер университетиниң филиалы ашылды.

Усы жерде заводты технологиялық үскенелеўде Италияның жетекши «Даниели» компаниясы биз бенен бирге ислескенин қанаатланыўшылық пенен атап өтемен. Бүгин биз Өзбекстан ­ Италия қатнасықларының перспективалары үстинде ислеп атырмыз. Бул жойбар мәмлекетлеримиздиң жоқары технологиялар тараўындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўине айқын мысал болады, деп исенемен.

Бундай сийрек ушырасатуғын жойбар Өзбекстан, Россия, Италия, Түркия ҳәм басқа да мәмлекетлердиң компаниялары, жойбарлаў институтлары ҳәм банклери арасындағы халықаралық кооперация ҳәм өз-ара муўапықластырылған жумыс себепли әмелге асырылды. Оны қаржыландырыўда «Росэксимбанк», ЭКСАР қамсызландырыў агентлиги, Өзбекстан тәрепинен болса Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры, «Асакабанк» ҳәм «Өзсанаатқурылысбанк» қатнасты.

Бул жумысларда бүгинги мәресимимизде қатнасып атырған ҳүрметли сырт елли шериклеримиздиң жеке қатнасын айрықша атап өтпекшимен.

Әзиз дослар!

Ҳүрметли мийманлар!

Бүгин иске түсирилип атырған Ташкент металлургия заводы, сөзсиз, жаңа Өзбекстан тарийхының жаңа ҳәм жарқын бети болып қалады.

Бул кәрхананың көп миллетли нәўқыран мийнет жәмәәти Өзбекстанымызды ҳәр тәреплеме раўажландырыў, дүнья көлеминде бәсекиге шыдамлы мәмлекетке айландырыўға мүнәсип үлес қосатуғынына исенимим кәмил.

Бүгинги қуўанышлы ўақыя мүнәсибети менен сизлерди және бир мәрте шын кеўилден қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, бахыт, жанажан Ўатанымыздың раўажланыўы жолында алып барып атырған дөтериўшилик ислериңизде жаңа табыс ҳәм әўметлер тилеймен.

Итибарыңыз ушын рахмет.