Быйыл Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигине  саррас жигирма сегиз жыл толды. Сәне мүнәсибети менен Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалында «Конституция мәмлекетимиз таянышы» атамасында байрам кешеси болып өтти.

Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Байрам кешесинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Ш.Өтемисов, Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасының бөлим баслығы Ж.Бахытов, Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық суды судьясы Г.Ешназарова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, бүгинги күнде елимизде барлық тараўларда ерисилип атырған жетискенликлеримиз, жүз берип атырған жаңаланыўлар, демократиялық ҳуқықый мәмлекет қурыў ҳәм әдил пуқаралық жәмийетин қәлиплестириў жолында ерисип атырған жетискенликлеримиздиң барлығы Конституцияда беккемлеп қойылған қағыйда ҳәм принциплер менен тығыз байланыслы екенлигин атап өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Конституциясы 1992-жыл 8-декабрь күни қабыл етилип, бул  уллы тарийхый  сәне байрам сыпатында ҳәр жылы кең түрде белгиленип келмекте.

Конституцияның ҳәр бир бап ҳәм бөлимлери, статьяларында белгилеп берилген қағыйда ҳәм принциплерге  толық әмел етиў, Конституцияның мазмун-мәнисин терең аңлаў ҳәр биримиздиң  пуқаралық ўазыйпамыз деп билиўимиз керек.

 

 Қарақалпақстан хабар агентлиги