Қанлыкөл районында 2020-жылдың 1-ноябрь күнги жағдайына, 33116 бас қарамал, 31177 бас қой-ешкилер бар болып, соннан, қарамаллар дийқан хожалықларында 31630 басты, фермер хожалықлары ҳәм басқа аўыл хожалығы кәрханаларында 2007 басты, қой-ешкилер болса, дийқан хожалықларында 26440 басты ҳәм фермер хожалықларында 4737 басты қурайды.
2020-жыл даўамында гөш өнимлерин жетистириў 1490 тоннаға, сүт өнимлерин жетистириў 8945 тоннаға, балық өнимлерин жетистириў 73 тоннаға жеткерилди.
– Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясының Қанлыкөл районлық бөлими тәрепинен жеке жәрдемши, дийқан ҳәм фермер хожалықларында шарўа малларын көбейтиўди қоллап-қуўатлаў, шарўашылық өнимлерин ислеп шығарыўды кеңейтиў бағдарында бир қатар үйрениў жумыслары әмелге асырылмақта,-дейди бөлим инспекторы Д.Куденов.
Мәмлекетимиз басшысының республикамызға сапары даўамында аграр және азық-аўқат тараўы бойынша тастыйықланған ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша усы жылдың ноябрь айында шарўашылыққа қәнигелестирилген «Ешмуратов Фазылбек» фермер хожалығында жойбар муғдары 120 млн. сумлық, «Сабыт мақсым» фермер хожалығында жойбар муғдары 150 млн. сумлық қойшылықты раўажландырыў бағдарындағы, «Бердақ» ҳәм «Әмир Ырза» фермер хожалықларында жойбар муғдары 80 млн. сумлық, «Қуўанышбаев Тазабай» фермер хожалығында жойбар муғдары 120 млн. сумлық қарамалшылықты раўажландырыў бағдарындағы жойбар бағдарламалары иске түсирилди.
Бирақ, бағдарламада районға сырт еллерден өткен 9 ай даўамында 95 бас нәсилли қарамаллар алып келиниўи режелестирилген еди. Үйрениў даўамында әмелде бирде бир нәсилли қарамал алып келинбегени анықланды.
Сондай-ақ, Қанлыкөл районында шарўа малларын жасалма туқымландырыў жумыслары да талап дәрежесинде алып барылмаған.
Атап айтқанда, райондағы «Шарўа нәсил» бөлими тәрепинен усы күнге шекем 1486 бас сыйырлар жасалма туқымландырылған болып, 74,2 процентке кем болғанлығы анықланды.
Жоқарыда анықланған нызам бузыўшылық жағдайларының келип шығыў себеплери ҳәм буған имканият жаратып берип атырған шараятларды болдырмаў бойынша Қанлыкөл районы ҳәкимлигине тийисли усыныслар киритилди.
Тараўға байланыслы тийисли қарар ҳәм пәрманларға муўапық районда шарўашылықты раўажландырыў бағдарындағы жумыслар даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги