Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Жер участкалары ҳәм мал-мүлкти салыққа тартыўды буннан былай да жетилистириў, оларды баҳалаў ҳәм есабын жүргизиўде заманагөй усылларды енгизиў, жер ҳәм суў ресурслары, жер астынан қазып алынатуғын пайдалы қазылмалардан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў, сондай-ақ, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының бийғәрезлигин және де арттырыў мақсетинде:
- 1. Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 1-январьдан баслап төмендеги тәртипти енгизиў ҳаққындағы усынысына разылық берилсин:
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм ўәлаятлар халық депутатлары Кеңеслери Салық кодекси менен белгиленетуғын салық ставкалары тийкарында аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлер ушын район ҳәм қалалар кесиминде, олардың экономикалық раўажланыўына қарап жер салығы ставкасына 0,5 тен 2,0 ге шекем кемейттириўши ҳәм арттырыўшы коэффициентлерди қолланған ҳалда жер салығы ставкаларын белгилейди;
районлық ҳәм қалалық халық депутатлары Кеңеслерине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм ўәлаятлар халық депутатлары Кеңеслери тәрепинен белгиленген, Ташкент қаласы бойынша болса Салық кодексинде белгиленген жер салығы ставкаларына аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлер ушын, олардың аймақларында жайласқан квартал, массив, мәҳәлле, көше кесиминде 0,7 ден 3,0 ке шекем кемейттириўши ҳәм арттырыўшы коэффициентлерди киргизиў ҳуқықы бериледи.
- 2. Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) Салық кодексине қосымша ҳәм өзгерис киргизиў ҳаққындағы нызам жойбарын таярлаўда жер салығы ставкаларын республиканың аймақлары кесиминде нәзерде тутсын. Бунда, 2021-жылда салық жүгиниң кескин өсиўине жол қоймаў мақсетинде төмендегилер белгиленсин:
физикалық тәреплерден алынатуғын жер салығы (жеке тәртиптеги исбилерменлерден тысқары) суммасы 2020-жыл ушын есапланған салық суммасының 1,3 есесинен аспаўы лазым;
2018-жылда белгиленген кадастр қуны тийкарында есапланған, физикалық тәреплерден алынатуғын мал-мүлк салығы суммасы 2020-жыл ушын есапланған салық суммасының 1,3 есесинен аспаўы лазым.
- 3. Қаржы министрлиги тәрепинен ислеп шығылған 2021-жылда ресурс салықлары ҳәм мал-мүлк салықларын буннан былай да жетилистириў бойынша төмендегилерди нәзерде тутыўшы салық сиясатының тийкарғы бағдарлары мақуллансын:
дийқан хожалықлары ҳәм мийўе‑овощ аўыл хожалығы кәрханаларына жер салығын есаплаўда жер салығы ставкасын аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер ушын орнатылғанындай белгилеген ҳалда, жайласқан орын ҳәм жетистирилетуғын аўыл хожалығы егин түрлери коэффициентлери ҳәм де аўыл хожалығы егисликлериниң норматив қунынан келип шығып есаплаў тәртибин енгизиў арқалы аўыл хожалығы ушын мөлшерленген жерлерге салық салыў тәртибин бирдейлестириў;
барлық түрдеги шығындыларды сақлаў ҳәм оларды утилизация етиў ушын ажыратылған жер участкаларын юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығы ушын салық салыў объектинен шығарыў;
тийисли суўды есаплаў есаплағышлары бар болғанда, өндирис процесинде агрегатларды (турбиналарды) суўытыў ушын суўдан пайдаланыўшы юридикалық тәреплерге суў ресурсларынан пайдаланғанлық ушын салық бойынша салыққа тартыў базасын тәбийғый суў объектлеринен алынған ҳәм тәбийғый суў объектлерине қайтарып тасланған суў көлеми ортасындағы парықтан келип шығып есаплаў;
коммунал хызмет көрсетиў кәрханалары ушын суў ресурсларынан пайдаланғанлығы ушын салық ставкаларын 2020-жыл дәрежесинде сақлап қалыў, аўыл хожалық жерлерин суўғарыў ҳәм балықларды көбейтиў (жетистириў) ушын пайдаланылған суў көлеми бөлиминде болса, соның ишинде, дийҳан хожалықларына 1 куб метр ушын 40 сум муғдарында бирден-бир салық ставкасын белгилеў;
суў ресурсларынан пайдаланғанлығы ушын салықты есаплап шығарыўда түрли мақсетлерде пайдаланылатуғын суў ресурслары көлеминиң есабын бөлек-бөлек жүргизиў тәртибин киргизиў;
жер астынан пайдаланыўшылар тәрепинен салық уйымларына пайдалы қазылмалар запасы ҳәрекети ҳаққындағы есабатты жер астынан пайдаланғанлығы ушын салық бойынша жыллық салық есабатын усыныў менен бир ўақытта, салық төлеўшиниң жеке кабинети арқалы электрон көринисте усыныў тәртибин белгилеў.
Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети (Б.Ф.Исламов) Қаржы министрлигине республика аймағында пайдалы қазылмаларды қазып алыў ушын берилетуғын лицензиялар мониторинги тийкарында олар бойынша жер астынан пайдаланғанлығы ушын салық ставкаларын белгилеўге байланыслы усынысларды киргизип барсын.
- 4. Мәмлекетлик салық комитетине пайдалы қазылмаларды ҳақыйқый қазып алыўға қарата қолланылатуғын ҳәм пайдалы қазылмаларды нормадан артық жоқ етиў ҳаққындағы геологиялық-маркшейдерлик мағлыўматларының ҳақыйқыйлығын қадағалаў ушын зәрүр үскенелерди сатып алған ҳалда ўәлаятлар салық басқармаларының штат бирликлери шеңберинде 3 штат бирлигине шекем маркшейдерлерди тартыў ҳуқықы берилсин.
Мәмлекетлик салық уйымларына ўәкилликли уйым ҳәм судларға жер атынан пайдаланыўшы тәрепинен салық нызамшылығы турақлы рәўиште бузылған ҳәм (яки) пайдалы қазылмалар запасы ҳәрекети ҳаққындағы есабат усыныс етилмеген жағдайда лицензияны шақырып алыў яки тоқтатып турыў мәселеси бойынша баслама менен шығыў ўәкиллиги берилсин.
- 5. 2021-жыл 1-январьдан баслап Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаяты аймақларынан тысқары, исбилерменлик субъектлери тәрепинен «Қәўипсиз дәрья» МУКна дәрья арналарын тазалаў нәтийжесинде алынған қум-щебень материалларының ҳәр бир куб метри ушын төлем муғдары шәртнама дүзилген күндеги базалық есаплаў муғдарының 2 процентинен 0,1 процентине түсирилсин.
Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) мәпдар мәкемелер менен биргеликте руда емес пайдалы қазылмалар кәнлерин өзлестириў ҳәм олардың нәтийжели қазып алыныўын тәмийинлеў мақсетинде руда емес пайдалы қазылмаларды өз ишине алған жер асты участкаларынан пайдаланғанлығы ушын салық ставкаларын қайта көрип шықсын.
- 6. Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) Мәмлекетлик салық комитети, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги басқа мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте 2021-жылдың 1-июлине шекем алдынғы сырт ел тәжирийбесин үйренген ҳалда тоғай хожалықлары, балық аўлаў хожалықлары, аңшылық хожалықлары, сондай-ақ, дем алыў парклерин салыққа тартыў бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
- 7. Қаржы министрлиги ҳәм Мәмлекетлик салық комитетиниң мал-мүлк ҳәм жер салықларын көшпес мүлк (имарат, сооружение ҳәм жер участкалары) объектлериниң базар баҳасына жақын болған кадастр қуны тийкарында есаплаў системасын басқышпа-басқыш енгизиў ҳаққындағы усынысына разылық берилсин.
Төмендегилер белгиленсин, көшпес мүлк объектлериниң базар баҳасына жақын болған кадастр қуны тийкарында мал-мүлк ҳәм жер салықларын есаплаў системасы еки басқышта енгизиледи:
биринши басқышта (2021-2023-жыллар) көшпес мүлк болған турақ жай фонды объектлери (квартира, жеке тәртиптеги турақ жайлар, дала-ҳәўли), сондай-ақ, бул объектлер ийелеген жер участкаларына қарата;
екинши басқышта (2022-2024-жыллар) жасаў ушын мөлшерленбеген айрықша көшпес мүлк объектлери, сондай-ақ, бул объектлер ийелеген жер участкаларына қарата.
- 8. Министрлер Кабинети (Ж.А.Қўчқоров), Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов), Мәмлекетлик салық комитети (Ш.Д.Кудбиев), зәрүрлик туўылғанда сырт елли экспертлердиң хызметине Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан ҳақы төлеген ҳалда оларды тартыў арқалы:
а) көшпес мүлкти дизимнен өткериў ҳәм кадастр системасын модернизациялаў ушын Жәҳән банкинен жеңилликли кредитлер тартылыўын;
б) 2021-жыл 1-апрельге шекем халықаралық финанс институтлары экспертлери менен биргеликте көшпес мүлк объектлерине салық салыўды буннан былай да жетилистириў бойынша жер салығы ҳәм мал-мүлк салығының орнына көшпес мүлк салығын киргизиўди нәзерде тутыўшы «Жол картасы» ислеп шығылыўы ҳәм Министрлер Кабинетине киргизилиўин;
в) көшпес мүлк объектиниң (имарат, сооружение ҳәм жер участкалары) юридикалық яки физикалық тәреп ийелигинде болыўы емес, ал, олардың кадастр қунынан ҳәм объекттиң пайдаланыў мақсетинен келип шыққан ҳалда салық салыў тәртиби бирдейлестирилиўи ҳәм жер салығы бойынша адвалор ставка киргизилиўин;
г) белгиленген тәртипте төмендеги жойбарлар киргизилиўин:
2021-жыл 1-августқа шекем кадастр қунын максимал дәрежаде базар баҳасына жақынластырыўға айрықша итибар қаратқан ҳалда, турақ жай фонды көшпес мүлки объектлердиң кадастр қунын анықлаў тәртибин жетилистириў ҳәм де жеке тәртиптеги турақ жай қурыў ҳәм турақ жайға хызмет көрсетиў объектлери менен бәнт болған жер участкаларының кадастр (базар) қунын анықлаў тәртибин киргизиў бойынша ҳүкимет қарары;
2021-жыл 1-ноябрьге шекем жасаў ушын мөлшерленбеген көшпес мүлк объектлери ҳәм бул объектлер мененн бәнт болған жер участкаларының базар баҳасына максимал дәрежеде жақынластырылған кадастр қунын анықлаў механизмин киргизиў ҳаққында ҳүкимет қарары;
2021-жыл 1-декабрьге шекем пайдаланыўға рухсат етилген жер участкалары түрлери классификаторлары ҳәм оларға болған ҳуқықларды тамамлаў ушын тийкарларды нәзерде тутыўшы Жер кодексиниң жаңа редакциясы;
д) 2021-2022-жылларда республиканың төмендеги «тәжирийбе-сынаў» аймақларында жер участкаларынан пайдаланылыўына ҳәм капитал қурылыс объектлериниң белгиленген мақсатине қарап көшпес мүлк объектлериниң базар баҳасына тийкарланған кадастр қунын анықлаў бойынша эксперимент өткерилиўин тәмийинлесин:
турақ жай ҳәм турақ жай емеслерге (комерциялық) мөлшерленген көшпес мүлк объектлери Ташкент қаласы Мырза Улығбек районы;
санаат объектлери Наўайы ўәлаяты Наўайы қаласы;
рекреациялық зоналар ҳәм айрықша қорғалатуғын аймақлар объектлери Ташкент ўәлаяты Бостанлық районы;
аўыл хожалығына мөлшерленген объектлер Бухара ўәлаяты Ромитан районы.
Қаржы министрлиги 2021-2024-жыллар даўамында юридикалық ҳәм физикалық тәреплерге тийисли болған көшпес мүлклерди баҳалаўды өткериў ушын Мәмлекетлик салық комитетиниң тийкарландырылған есап-китапларына көре Мәмлекетлик бюджеттен қаржы ажыратып барсын.
- 9. Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Кадастр агентлиги (Х.С.Тўрахўжаев) 2022-жыл 1-январьға шекем көшпес мүлк объектлериниң кадастр қунын олардың базар баҳасына тийкарланған ҳалда анықлаў, ҳәр бир ийелик етиўшиге (пайдаланыўшыға) тийисли болған көшпес мүлк объектлери ҳаққында толық ҳәм исенимли мағлыўматлар базасын жаратыў ушын мәлимлеме системасын жетилистириў, көшпес мүлк объектлерин олардың базар баҳасынан келип шыққан ҳалда сапалы баҳалаўдан өткериў методикасын ислеп шықсын.
- 10. Өзбекстан Республикаси Президентиниң 2020-жыл 29-августтағы «Балықшылық тармағын қоллап-қуўатлаў ҳәм оның нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4816-санлы қарарының 1-пункти бесинши абзацындағы «суў ресурсларынан» сөзлеринен алдын «2020-жылда» сөзлери менен толықтырылсын.
- 11. Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) мәпдар мәкемелер менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине бул Пәрманнан келип шығатуғын өзгерис ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- 12. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповтың жуўапкершилигине жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы, 2020-жыл, 3-декабрь.