Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда депутатлар «2021-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы нызам жойбарын екинши оқыўда көрип шықты.
Нызам жойбарын биринши оқыўда көрип шығыў процесинде барлық сиясий партиялардың фракциялары өз позициасын билдирип, бир қатар усынысларды алға қойған еди. Биринши оқыў менен екинши оқыў аралығында болып өткен фракциялар, жуўапкер комитет және жумысшы топар мәжилислеринде нызам жойбарын жетилистириўге қаратылған 100 ге шамалас усыныслар билдирилди.
Мәмлекетлик бюджет ҳәр бир сиясий партияның электоратына тиккелей байланыслы екенлигинен келип шығып, оның нормалары қызғын пикир- таласларға себеп болды. Додалаўлар нәтийжесинде нызам жойбарының бир қатар мәлим бир нормаларына анықластырыўшы дүзетиўлер киргизилгенинен тысқары, тийисли статьяларға 23 принцпиаллық өзгерислер ҳәм қосымшалар қосылды.
Депутатлардың орынлы усыныслары тийкарында ҳүкимет ўәкиллериниң келисиминде жойбар 1 пүткиллей жаңа статья менен толықтырылды. Буннан тысқары, депутатлардың усынысына бола, 2021-жыл ушын мәмлекетлик бюджет жойбарында улыўма билимлендириў мектеплерин үскенелеў ушын 100 миллиард сум, «Эл-юрт умиди» фондына қосымша 32,5 миллиард сум, мәлимлеме-китапхана орайларында китапхана фондын жаңалаў ҳәм толықтырыў ушын 5 миллиард сум қаржы ажыратылатуғын болды.
Мәжилисте депутатлар келешек мийрасхорларының тәрбия орталығы – мектеплер ҳәм тәлим-тәрбия мәселелерине бағдарланған бюджет қаржыларын көбейтиў иманиятларын қайта көрип шығыўды усыныс етти. Атап айтқанда, мектеплерде басланғыш әскерий таярлық тараўына басшылық етип атырған директор орынбасарларының материаллық тәмийнатын басқа орынбасарларға теңлестириў, көркем өнер бағдарында орта билимлендириў мәкемелеринде оқып атырған көзи әззи майыплығы болған оқыўшылардың төлемсиз билим алыўын тәмийинлеў, мектеплердиң қайта қурылыўы ҳәм оңланыўына ажыратылып атырған қаржыларды көбейтиў мәселелерине айрықша көзқараста болды.
Депутатлар көтерген ҳәр бир машқала бойынша тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары толық ҳәм талапларды қанаатландырыў мазмунындағы жуўапларды берди. Әсиресе, мектеплер кесиминдеги қаржыларды көбейтиў ҳаққындағы мәлимлеме, көзи әззилик майыплығы болған оқыўшылардың оқыўын төлемсиз тәртипке өткериў ҳаққындағы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетке қол қойылыў алдында екени ҳаққындағы жуўаплар депутатлар тәрепинен жыллы күтип алынды.
Соның менен бирге, халық ўәкиллериниң Мәмлекетлик бюджет дәраматларының дәреклери ҳәм қәрежетлерин таллаў нәтийжесинде мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде ажырытылыў зәрүр болған қаржыларды 2021-жылдың бюджетинде сәўлелендириўге ерисилди.
Соның ишинде, денсаўлықты сақлаў системасын реформалаў, халықтың саламат аўқатланыўын, медициналық профилактикалық жумыслардың нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў, басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем мәкмелериниң жумысына жаңа механизмлерди енгизиў қәрежетлерине 63,4 миллиард сум, жүриў, жуўырыў, мини-футбол, велоспорт, бадминтон, стритбол ҳәм «Workоut» спорт түрлерин раўажландырыў бағдарламасына 104 миллиард сум қаржы ажыратылатуғын болды.
Сондай-ақ, келеси жыллары темеки өнимлери ушын акциз салығынан келетуғын түсимлерди аймақларға республикамыз халқының үлесине муўапық бөлистирилиўин және Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети ҳәм мәмлекетлик бажыхана комитети тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте әмелдеги салық жеңилликлерин толық хатлаўдан өткерген ҳалда қайта көрип шығыў ҳәм оларды бийкар етиў бойынша усыныслар билдирилди.
Мәмлекетимиздиң 2021-жылға мөлшерленген тийкарғы қаржы ҳүжжети комитетлер, әсиресе, сиясий партиялардың фракцияларында ҳәр қашанғыданда қызғын тартысыўларға себеп болды. Мәмлекетлик бюджет ҳаққындағы нызам жойбары Нызамшылық палатасына мүддетинен бираз кешиктирип киргизилиўи жумысларды қызғын кесте тийкарында алып барыўды талап етти.
Мәжилисте бас қаржы ҳүжжети жойбары қызғын додаланып, парламент ўәкиллериниң берген сораўларына қаржы министри Т.Ишметов, тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың жуўапкерлери ҳәр тәреплеме жуўап берди.
Барлық сиясий партиялар фракцияларының сөзге шыққан ўәкиллери Ҳүкимет тәрепинен усыныс етилген «2021-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы нызам жойбарын қоллап-қуўатлаўды усыныс етти.
Қызғын пикир-талас ҳәм сораў-жуўаплардан соң нызам жойбары депутатлар тәрепинен қабыл етилди және Сенатқа жиберилетуғын болды.
Нурилло НАСРИЕВ,
ӨзАның хабаршысы