30-ноябрь күни Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер ҳүкимет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилиси болып өтти. Видеоконференцбайланыс түринде болып өткен мәжилисте Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Арипов қатнасты.
Биринши мәрте Ҳиндстан Республикасының басшылығында өткерилген әнжуманды усы елдиң вице-президенти Венкая Найду алып барды. Илажда Қытай Халық Республикасы Мәмлекетлик кеңесиниң Бас министри Ли Кэцян, Россия Федерациясы Ҳүкиметиниң Баслығы Михаил Мишустин, Қазақстан Республикасының Бас министри Асқар Мамин, Қырғыз Республикасы Бас министриниң ўазыйпасын атқарыўшы Артём Новиков, Тәжикстан Республикасының Бас министри Қоҳир Расулзода, Пакистан Ислам Республикасының сыртқы ислер бойынша федерал парламент хаткери Аббос Андлиб қатнасты.
Мәжилис жумысында ШБШ жанындағы бақлаўшы мәмлекетлердиң ўәкиллери – Аўғанстан Ислам Республикасының биринши вице-президенти Амрулла Солиҳ, Иран Ислам Республикасының вице-президенти Исҳоқ Жаҳонгирий, Беларусь Республикасының Бас министри Роман Головченко, Монголия Бас министриниң орынбасары Содбаатар Янгугиин, Түркменстан Министрлер Кабинети Баслығының орынбасары, сыртқы ислер министри Рашид Мередов, сондай-ақ, ШБШ бас хаткери В.Норов ҳәм Регионаллық антитеррор структурасы Атқарыў комитетиниң директоры Ж.Ғиёсов қатнасты.
Усы жылы 10-ноябрь күни болып өткен ШБШға ағза мәмлекетлердиң басшылары саммитинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Шөлкем шеңберинде биргеликтеги ҳәрекетлерди және де жеделлестириўге қаратылған саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық байланысларды күшейтиў, санлы саўатлылықты раўажландырыў, халықтың жәрдемги мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў, қәўипли инфекциялық кеселликлердиң тарқалыўына қарсы бирге ислесиўди және де жеделлестириў бойынша әҳмийетли басламаларды алға қойған еди.
Мәжилисте Өзбекстан тәрепи усы басламалардың әмелий орынланыўын тәмийинлеў бойынша көрилетуғын илажларға тоқтап өтти.
Мәмлекетимиз басшысының билдирген усынысларын әмелге асырыў ШБШ мәмлекетлериниң турақлы раўажланыўын тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди.
ШБШға ағза мәмлекетлер арасында саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық тараўларда, соның ишинде, пандемия шараятында кеселлик ақыбетлерин сапластырыў бойынша бирге ислесиўди тереңлестириў перспективасы, ҳәр тәреплеме экономикалық бирге ислесиў бағдарламасын әмелге асырыў бойынша илажлар режеси ҳәм Шөлкем жумысына тийисли басқа да мәселелер ҳәр тәреплеме додаланды.
Сондай-ақ, илажда ШБШ Исбилерменлер кеңеси ҳәм Банклераралық бирлеспесиниң есабатлары да тыңланды.
Күн тәртибинен орын алған бир қатар ҳүжжетлер қабыл етилди.
Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер Ҳүкимет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилиси 2021-жылы Қазақстанның басшылығында өткериледи.
Ғайрат ХОННАЗАРОВ,
ӨзАның хабаршысы