Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Аўллық елатлы пунктлердиң архитектуралық көринисин түп-тийкарынан жаңалаў, аймақларды комплексли раўажландырыў, жол-транспорт инфраструкутарсы, инженерлик-коммуникация тармақлары ҳәм соцаллық тараў объектлерин қурыў арқалы халықтың турмыс мәдениятын жоқарылатыў мақсетинде:
- 1. Төмендегилер:
2020-жыл 17-январьда Өзбекстан Республикасы менен Жәҳән банкиниң Халықаралық раўажланыў ассоциациясы (кейинги орынларда – Ассоциация) менен 100 миллион АҚШ доллары муғдарында және 2020-жыл 28-майда Азия инфраструктуралық инвестициялар банки (кейинги орынларда – Банк) менен 82 миллион АҚШ доллары муғдарында «Аўыл инфраструктурасын раўажландырыў» жойбары (кейинги орынларда – жойбар) бойынша 5 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 30 жыл мүддетке қарыз (кредит) келисимлерине қол қойылғаны;
жойбарды әмелге асырыўда Өзбекстан Республикасының үлеси 1,6 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қаржыны қурайтуғынлығы;
жойбар Ферғана, Әндижан, Наманган, Сырдәрья ҳәм Жиззақ ўәлаятларының экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўдан саластырмалы түрде артта қалып атырған 21 районында әмелге асырылатуғыны;
жойбарды әмелге асырыў дәўири 5 жылды (2020-2024-жыллар) қурайтуғынлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- 2. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги жойбарды өз ўақтында әмелге асырыў ҳәм муўапықластырыў, сондай-ақ, Ассоциация ҳәм Банк кредитлеринен мақсетли және нәтийжели пайдаланыў бойынша жуўапкер атқарыўшы уйым болып есапланатуғыны;
жойбарды әмелге асырыўда қатнасатуғын барлық шөлкемлер жойбар бойынша қол қойылған қарыз (кредит) келисимлеринде көрсетилген механизмлердиң талапларына әмел ететуғыны;
жойбарды әмелге асырыў шеңберинде Ассоциация ҳәм Банк кредитлерин қайтарыў, сондай-ақ, олар бойынша есапланған процентлер, хызмет көрсеткени ушын ҳақы ҳәм басқа да төлемлерге байланыслы қәрежетлер Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан қапланатуғыны белгиленсин.
- 3. Төмендегилер:
«Аўыл инфраструктурасын раўажландырыў» жойбарының тийкарғы техникалық-экономикалық параметрлери 1-қосымшаға муўапық;
«Аўыл инфраструктурасын раўажландырыў» жойбары шеңберинде Халықаралық раўажланыў ассоциациясы ҳәм Азия инфраструктуралық инвестициялар банки кредитлериниң тийкарғы қарызын, оған есапланған процентлерди ҳәм басқа да төлемлерди қайтарыў прогноз кестеси 2- ҳәм 3-қосымшаларға муўапық;
Жәҳән банкиниң Халықаралық раўажланыў ассоциациясы ҳәм Азия инфраструктуралық инвестициялар банки қатнасыўында «Аўыл инфраструктурасын раўажландырыў» жойбары шеңберинде қаржылардан пайдаланыў бойынша «Жол картасы» 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- 4. Нызамшылыққа муўапық халықаралық финанс институтларының қарызлары ҳәм ҳүкимет шөлкемлериниң халықаралық қарызлары есабынан әмелге асырылатуғын жойбарлар шеңберинде:
егер де бул жойбарлар халықаралық ҳәм сырт ел ҳүкиметлик финанслық шөлкемлери тәреинен 2020-жыл 1-июльге шекем мақулланған болса, юридикалық шахслар тәрепинен сатып алынатуғын товарларды (хызметлерди) реализациялаўға байланыслы айланысқа қосымша қун салығы ҳәм акциз салығының салынбайтуғыны;
усы қарыздың қаржылары есабынан юридикалық шахслар тәрепинен бажыхана аймағына алып кирилетуғын товарлар бажыхана бажысын төлеўден азат етилетуғыны;
усы жеңилликлер нәтийжесинде үнемленген қаржылар Өзбекстан Республиксының жойбарды әмелге асырыўдағы үлеси болып есапланатуғын мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- 5. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (А.Ж.Ортиқов) Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги (Р.Т.Маматов) менен биргеликте жойбар шеңберинде халық арасында социаллық-руўхый орталықты саламатландырыў, мәҳәлле институтын және де қоллап-қуўатлаў және шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў системасын жаңа басқышқа алып шығыўда турақлы өз-ара бирге ислесиўин жолға қойыў бойынша зәрүр илажларды көрсин.
- 6. Жойбар шеңберинде:
ҳәр бир ўәлаят бойынша аўыллар анықланғаннан соң, ҳәр бир ўәлаяттың тийисли субжойбарлары бойынша әмелге асырылыўы режелестирилген илажлар бойынша белгиленген тәртипте жойбардың техникалық-экономикалық есаплары ислеп шығылатуғыны ҳәм экспертиза уйыларында белгиленген тәртипте экспертизадан өткерилетуғыны;
Ферғана, Әндижан, Наманган, Сырдәрья ҳәм Жиззақ ўәлаятларының ҳәкимликлери жанындағы «Бирден-бир буйыртпашы хызмети» инжиниринг компаниялары буйыртпашы болып есапланатуғыны;
жойбарды әмелге асырыў топары менен «Бирден-бир буйыртпашы хызмети» инжиниринг компаниялары арасында бирге ислесиў келисимлерине қол қойылатуғыны белгиленсин.
- 7. Ишки ислер министрлиги (П.Р.Бобожонов) Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң буйыртпалары бойынша жойбарды әмелге асырыўда қатнасатуғын сырт ел қәнигелерине көп мәртелик визалардың рәсмийлестирилиўи, берилиўи ҳәм мүддетиниң создырылыўын, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасында ўақтынша дизимге қойылыўы ҳәм мүддетиниң создырылыўын қысқа ўақыт ишинде тәмийнлесин.
- 8. Есап палатасы (Б.Т.Турабоев) жойбар шеңбериндеги қаржылардың мақсетли ажыратылыўы ҳәм сарпланыўы үстинен турақлы қадағалаў орнатсын және ҳәр ярым жылда Өзбекстан Республиксы Президентиниң Администрациясына мәлимлеме киргизип барсын.
- 9. Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги (А.Э.Бурханов) жойбар шеңберинле ажыратылған қаржылардың мақсетли жумсалыўы процесинде ашық-айдынлықты тәмийинлеў үстинен турақлы қадағалаў орнатсын.
- 10. Усы қарарда белгиленген илажлардың нәтийжели ҳәм өз ўақтында әмелге асырылыўын тмийинлеў мақсетинде:
а) Бас министрдиң орынбасары Ж.Қўчқоров:
бир ҳәпте мүддетте жуўапкер орынлаўшылардың қатнасыўында мәжилис өткерип, олардың анық ўазыйпаларын белгилеп берсин;
еки ҳәпте мүддетте Ферғана, Әндижан, Наманган, Сырдәрья ҳәм Жиззақ ўәлаятларының ҳәкимликлери менен биргеликте жойбар шеңберинде қаржылардан пайдаланыў бойынша аймақлар кесиминде «Жол карта»ларын ислеп шықсын және тийислисинше халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм районлық Кеңеслеринде тастыйықланыўын тәмийинлесин;
тийисли министрликлер ҳәм уйымлар және жергиликли ҳәкимликлер менен биргеликте жойбарды әмелге асырыўға жуўапкер болған қәнигелердиң маманлығын арттырыў ушын сырт ел консультантларын тартқан ҳалда оқыў тренинглер шөлкемлестирсин;
қаржыландырылған субжойбарлар ҳаққында, сондай-ақ, олардың сапалы әмелге асырылыўы үстинен мониторинг нәтийжелери бойынша ҳәр шеректиң жуўмағы ҳаққында Министрлер Кабинетине мағлыўат киргизип барсын;
«Аўыл инфраструктурасын раўажландырыў» жойбарын әмелге асырыў топарының структурасын тастыйықласын ҳәм жумысын жолға қойсын;
коммерциялық банкте өз алдына есап бетине ийе болған жойбарды әмелге асырыў бойынша бас топарды Ташкент қаласында, сондай-ақ, Ферғана, Әндижан ҳәм Наманган ўәлаятлары ушын Наманган қаласында ҳәм Сырдәрья және Жиззақ ўәлаятлары ушын Жиззақ қаласында жойбарды әмелге асырыў бойынша аймақлараралық топарларды шөлкемлестирсин;
жойбарды әмелге асырыў дәўиринде жойбарды әмелге асырыў топарын қаржыландырыў бойынша қәрежетлерди Қаржы министрлиги менен келискен ҳалда тастыйықласын.
Бас министрдиң орынбасары Ж.Қўчқоровқа Жәҳән банкиниң социаллық ҳәм экологиялық қорғаў және көшириў сиясатының приницплерин есапқа алған ҳалда жойбар компоненлерин әмелге асырыў ҳәм қаржыландырыў кестесине және усы қарар менен тастыйықланып атырған қосымшаларға қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин;
б) Ферғана (Х.Х.Бозаров), Әндижан (Ш.К.Абдурахманов), Наманган (Ш.Ш.Абдуразаков), Сырдәрья (Ғ.Ғ. Мирзаев) ҳәм Жиззақ (Э.А.Салиев) ўәлаятларының ҳәкимликлери жойбарды толық әмелге асырыў ушын барлық зәрүр ҳүжжетлердиң сапалы ислеп шығылыўын ҳәм жойбарды әмелге асырыў топарларына өз ўақтында жеткерилиўин белгиленген тәртипте тәмийинлесин.
- 11. Ферғана (Х.Х.Бозаров), Әндижан (Ш.К.Абдурахманов), Наманган (Ш.Ш.Абдуразаков), Сырдәрья (Ғ.Ғ. Мирзаев) ҳәм Жиззақ (Э.А.Салиев) ўәлаятларының ҳәкимликлери аўылларды комплексли раўажландырыў ушын жойбар шеңберинде қаржыландырылатуғын объектлерден тысқары әмелге асырылатуғын илажларды толық режелестириў жойбарлары тийкарында жергиликли бюджет ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырсын.
- 12. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жеке жуўапкер етип Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары А.Ж.Раматов ҳәм Ж.А.Қўчқоров белгиленсин.
Қарардың орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.А.Гулямовқа жүкленсин.
Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша 2021-жыл 1-июнь ҳәм 2021-жыл 15-декабрьге шекем Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берилсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2020-жыл 25-ноябрь