Өзбекстан Республикасы Президентиниң
пәрманы
Денсаўлықты сақлаў системасын реформалаў шеңберинде басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем көрсетиўдиң заманагөй системасын қәлиплестириў, кеселликлерди профилактикалаў ҳәм ўақтында анықлаў, маман медицина кадрларын таярлаў, тараўға жаңа басқарыўды енгизиў бағдарында белгили жумыслар әмелге асырылып келинбекте.
Соның менен бирге, дүньяда эпидемиологиялық қәўип-қәтерлер барған сайын күшейип баратырғанлығы кеселликлерге қарсы гүресиў жумысындағы қатнасықларды, ҳәзирги қурамалы шараят ҳәм арттырылған тәжирийбелерден келип шығып жетилистириўди талап етпекте, әсиресе, олардың профилактикасы, ерте анықлаў, дурыс диагнозлаў және емлеўде басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелериниң жумыс усылларын қайта көрип шығып, денсаўлықты сақлаўды шөлкемлестириўдиң улыўма жаңа системасын енгизиў зәрүр.
Халыққа басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем көрсетиўдиң сапасы, нәтийжелилиги ҳәм ғалабалығын арттырыў, медицина хызметкерлериниң жәмийеттеги орны ҳәм статусын күшейтиў, денсаўлықты сақлаў системасында алып барылып атырған реформалардың нәтийжелилигин сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў мақсетинде:
- 1. Төмендегилер денсаўлықты сақлаў системасын бүгинги басқышта реформалаўдың ең әҳмийетли бағдарлары деп есаплансын:
бар күш ҳәм қуралларды тартқан ҳалда, бәринен бурын басланғыш медициналық-санитариялық жәрдемди ҳәр тәреплеме беккемлеў, медициналық профилактика ҳәм патронаж системасының улыўма жаңа системасын енгизиў, саламат турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм халықтың жәмәәтлик саламатлығын тәмийинлеўдиң мәҳәллелер ҳәм халықтың шаңарықлары дәрежесине шекем қамтып алатуғын бир пүтин системаны жаратыў, бул бағдарда бәринен бурын саламат турмыс тәризин ҳәм физикалық белсендиликти арттырыўды системалы шөлкемлестириў және кеңнен енгизиў;
тараўда жетик ҳәм терең билимге ийе кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыўда бәсеки орталығын жаратыў, алдынғы сырт ел тәжирийбесине тийкарланып хызметкерлерди кәсиплик раўажландырыўдың нәтийжели системасын қәлиплестириў, медицина илимин раўажландырыў арқалы орынлардағы медциналық жәрдемниң нәтийжелилигин, сапасын ҳәм ғалабалығын арттырыў;
медицина хызметкерлериниң жәмийеттеги орнын ҳәм статусын күшейтиў, халқымыз арасында оларға ҳүрметти арттырыў, бул кәсип ийелери ушын мүнәсип мийнет шараятын жаратыў ҳәм дәраматын көбейтиў, сондай-ақ, олардың социаллық қорғалыўын күшейтиў бойынша анық әмелий илажларды әмелге асырыў;
тараўға заманагөй менеджментти енгизиў, басқарыў процесиндеги артықша ҳәм бюрократиялық тәртип-қағыйдаларды қысқартыў, денсаўлықты сақлаўды қаржыландырыў системасының нәтийжелилигин арттырыў және санлы медицинаны жетилистириў.
- 2. Төмендегилерди нәзерде тутатуғын жетилистирилген медициналық профилактика ҳәм патронаж хызмети енгизилсин:
халық олардың саламатлық ҳәм физиологиялық жағдайынан келип шығып, тийисли топарларға (таяныш, төмен қәўип топары, орта қәўип топары, жоқары қәўип топары ҳәм басқалар) бөлинеди;
халық топарға тийислилигине бола белгиленген мүддетлерде медициналық тексериўден өтеди ҳәм саламатлығы дәўирлик бақлаўға алынады;
еркин түрде медицина мәкемесине келе алмайтуғын наўқаслар турақлы бақлаўға алынады және үйине барған ҳалда оларға медициналық хызмет көрсетиледи ҳәм индивидуал патронаж әмелге асырылады;
профилактикалық тексериўлердиң орнына аймақтың өзине тән белгилери ҳәм халықтың топарға тийислилигинен келип шығып, белгили кеселликлер бойынша хызмет көрсетиледи ҳәм индивидуал тексериўлер өткериледи;
патронаж тексериўлерин оптималластырып, жаңаланған мақсетли патронаж системасы енгизиледи;
улыўма әмелият шыпакери қәнигелиги шаңарақлық шыпакер етип қайта аталады, сондай-ақ, медициналық жоқары билимлендириў мәкемелериндеги пән бағдарламалары шаңарақлық шыпакер таярлаўға бейимлестириледи;
район (қала)лық көп тармақлы орайлық поликлиникалары ҳәм ўәлаят емлеўханаларына бийпул медициналық жәрдем көрсетилиўи ушын жоллама тиккелей шаңарақ шыпакери тәрепинен бериледи;
басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелеринде дәри-дәрмақлар ҳәм медициналық буйымларға жеңилликли рецептлер жазып бериў тиккелей шаңарақ шыпакери тәрепинен әмелге асырылады;
шаңарақ шыпакерине жәрдем беретуғын терапия, педиатрия, акушерлик, патронаж бойынша орта медицина хызметкерлеринен ибарат болған «медицина бригадалары» шөлкемлестириледи.
профилактика инспекторлары мәҳәллелерде саламат турмыс тәризин енгизиўде шаңарақ шыпакерлерине жәрдем береди, пуқаралардың кешки сейиллери ҳәм спорт ойынларының қәўипсиз өткерилиўин шөлкемлестиреди. Онда, профилактика инспекторлары мәҳәллелердеги халықтың саламатлық көрсеткишлерине қарап ҳәр 6 айда жергиликли бюджет қаржылары ҳәм басқа да дәреклер есабынан хошаметленеди;
«медицина бригадалары» өзлерине бириктирилген аймақларда шаңарақлар ҳәм пуқаралар кесиминде «медициналық карта»ны қәлиплестиреди;
орынларда медициналық хызмет көрсетиўди әпиўайыластырыў ҳәм санластырыў және артықша қағазпазлықты азайтыў мақсетинде «медицина бригадалары» арнаўлы компьютер-планшетлери, мобиль медицина-диагностика қураллары менен тәмийинленеди.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.М.Хаджибаев):
Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов, Ж.И.Абрўев), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте ажыратылған жергиликли бюджет қаржылары шеңберинде жылдың ақырына шекем жетилистирилген медициналық профилактика ҳәм патронаж хызметиниң 1-қосымшада келтирилген 26 район(қала)ларда тийкарғы түрде толық енгизилиўин тәмийинлесин;
жыл ақырына шекем халықтың саламатлық ҳәм физиологиялық жағдайынан келип шығып, халық бөлинген топарлардың анық классификациясын тастыйықласын;
жетилистирилген медициналық профилактика ҳәм патронаж хызметин басқышпа-басқыш республиканың басқа да аймақларында енгизсин;
еки ҳәпте мүддетте «медицина бригадаларын» мобиль медицина-диагностика қураллары менен тәмийинлеў мақсетинде олардың анық дизимин тастыйықласын.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери еки ай мүддетте:
жергиликли бюджет қаржылары есабынан «медицина бригадаларын» арнаўлы компьютер-планшетлери ҳәм мобиль медицина–диагностика қураллары менен тәмийинлесин. Онда, усы қураллардың сатып алыныўы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен тастыйықланған бирден-бир техникалық талаплар тийкарында әмелге асырылатуғыны инабатқа алынсын;
район (қала)лық медицина бирлеспелери менен биргеликте халықты хатлаўдан өткерип, оларды басланғыш медициналық-санитариялық мәкемелерге бириктирсин.
- 3. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
2021-жыл 1-январьдан баслап аўыллық врачлық пункти шаңарақлық шыпакер пункти деп, аўыл ҳәм қаланың шаңарақлық поликлиникасы болса шаңарақлық поликлиника деп қайта аталады. Онда, бул илажлар бар штат бирликлери шеңберинде әмелге асырылады;
халықтың саны ҳәм жергиликли зәрүрликтен келип шығып, сондай-ақ, Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң дизимине муўапық шаңарақлық шыпакер пунктлери, шаңарақлық поликлиникалар ҳәм көп тармақлы орайлық поликлиникаларда күни-түни нәўбетши медицина хызметкери хызмет көрсетеди;
мәҳәлледе халықтың саламатлығы, аймақтағы кеселликлердиң өсиўи, халықтың емлеўханаларға жатыўы, тез медициналық жәрдем хызметине мүрәжат етиўи ҳәм басқалар да шаңарақ шыпакери жумысының нәтийжелилигин баҳалаў көрсеткишлери етип белгиленеди;
2021-жыл 1-январьдан баслап шаңарақлық шыпакер ҳәм басқа медицина хызметкерлери жумысының нәтийжелилиги бойынша жаңа рейтинг системасы енгизиледи және оның нәтийжелерине қарап бул хызметкерлер жергиликли бюджеттиң қосымша қаржылары есабынан ҳәр шеректе базалық есаплаў муғдарының 10 есесинен 30 есесине шекем мүғдарда бир мәртелик ақшалай сыйлық пенен хошаметленеди;
район (қала)лық медицина бирлеспесиниң баслығы бир ўақыттың өзинде көп тармақлы орайлық поликлиниканың меңгериўшиси есапланады;
2021-жыл 1-январьдан баслап район (қала)лық медицина бирлеспесиниң баслығына ажыратылып атырған қаржылар шеңберинде, зәрүрликке қарап, тар тараў шыпакерлериниң штатларын еркин белгилеў ўәкиллиги бериледи;
район (қала)лық медициналық бирлеспеси жумыс дислокациясы бойынша көп тармақлы орайлық поликлиниканың имаратында жайласытырылады.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.М.Хаджибаев) Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) және Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Н.Б.Хусанов) менен биргеликте:
үш ай мүддетте усы бәнтте көрсетилген баҳалаў көрсеткишлеринен келип шығып, шаңарақлық шыпакер ҳәм «медицина бригадалары»ның жумысын хошаметлеўдиң дифференциаллық системасын енгизсин;
2021-жыл 1-апрельге шекем басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелериниң жаңаланған штат нормативлерин ислеп шықсын ҳәм тастыйықлансын.
- 4. 2021-2023-жылларда шаңарақлық щыпакер пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникаларды шөлкемлестириў кестеси 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын. Онда қосымша:
315 шаңарақлық шыпакер пунктлери, соннан 2021-жылы – 100, 2022-жылы – 105 ҳәм 2023-жылы – 110;
52 аўылда жайласқан шаңарақлық поликлиникалар, соннан 2021-жылы – 17, 2022-жылы – 18 ҳәм 2023-жылы – 17;
33 қалада жайласқан шаңарақлық поликлиникалар, соннан 2021-жылы 7, 2022-жылы – 13 ҳәм 2023-жылы –13 шөлкемлестириледи.
Төмендегилер қосымша шаңарақлық шыпакер пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникаларды жаратыўдың қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:
Қарақалпақстан Республикасы республикалық бюжети, ўәлаятлар, Ташкент қаласы жергиликли бюджетлериниң қаржылары;
юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;
нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери қосымша шөлкемлестирилип атырған шаңарақлық шыпакерлик пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникалардың жумысын толық жолға қойыў, оларды тәжирийбели хызметкерлер менен тәмийинлеў ҳәм усы Пәрманда көрсетилген илажларды олардың жумысына енгизиў бойынша жеке жуўапкер екенлиги белгилеп қойылсын.
- 5. 2021/2022 оқыў жылынан баслап:
бар зәрүрликтен келип шығып Қаршы мәмлекетлик университети, Жиззақ мәмлекетлик педагогикалық институты, Наўайы мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм Гүлистан мәмлекетлик университетинде медицина факультетлери шөлкемлестирилетуғынлығы, соның ишинде, оларда ҳәм басқа да медициналық жоқары билимлендириў мәкемелеринде жетекши сырт ел медициналық жоқары билимлендириў шөлкемлери менен биргеликте билимлендириў бағдарлары тийкарында оқытыў системасы енгизилетуғынлығы;
медициналық жоқары билимлендириў шөлкемлериниң ўәлаятлық медицина мәкемелери, шаңарақлық шыпакер пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникаларда клиникалық базалары жаратылатуғыны ҳәм олардың питкериўши курс студентлери усы клиникалық базаларда оқыў әмелиятын өтейтуғынлығы;
Әбиў Әлий ибн Сина атындағы Жәмийетлик саламатлық техникумлары ҳәм медицина колледжлеринде шаңарақ шыпакерлери жәрдемшилерин таярлаў системасы енгизилетуғынлығы. Онда Денсаўлықты сақлаў министрлиги Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң усынысларын есапқа алған ҳалда техникумлар ҳәм колледжлерде шаңарақлық шыпакерлердиң жәрдемшилерин таярлаўдың улыўма жаңа системасы енгизилетуғынлығы;
Әбиў Әлий ибн Сина атындағы Жәмийетлик саламатлық техникумлары ҳәм медицина колледжлери шаңарақлық шыпакерлик пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникаларға бириктириледи, олардың оқыўшылары қәнигелигинен келип шығып усы мәкемелерде әмелият өтейтуғынлығы белгиленсин.
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаят ҳәкимликлери менен биргеликте усы бәнтте нәзерде тутылған илажларды әмелге асырсын.
- 6. 2021-жылдан баслап узақ ҳәм шетки аймақларда шаңарақлық шыпакер пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникалардың шыпакерлери ушын «Аўыл шыпакери» бағдарламасы енгизилсин.
«Аўыл шыпакери» бағдарламасы шеңберинде:
медициналық жоқары билимлендириў шөлкемин ақырғы 3 жыл ишинде тамамлаған ҳәм басқа аймақта жасайтуғын шыпакерлер узақ ҳәм шетки аймақларда жайласқан шаңарақлық шыпакер пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникаларға жумысқа қабыл етилгенде оларға кеминде 3 жыл ислеп бериў шәрти менен 30 миллион сум мүғдарында бир мәртелик ямаса базалық есаплаў муғдарының 2 есеси муғдарында ҳәр айлық ижара төлемлери Мәмлекетлик бюджеттен компенсация етилетуғынлығы;
узақ ҳәм шетки аймақлардың дизими Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланатуғынлығы;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаят ҳәкимликлери тәрепинен узық ҳәм шетки аймақлардағы шыпакерлерге болған зәрүрликтен келип шығып бос шыпакер жумыс орынларының дизими дүзилетуғынлығы ҳәм турақлы жаңаланып турылатуғыны;
усы бәнтте көрсетилген имканиятлардан пайдаланыў ушын шыпакерлер менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаят ҳәкимликлери арасында шәртнама дүзип барылатуғынлығы;
«Аўыл шыпакери» бағдарламасын қаржыландырыў Қарақалпақстан Республикасы республикалық бюджети ҳәм ўәлаятлардың жергиликли бюджетлери есабынан әмелге асырылатуғынлығы белгилеп қойылсын.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаят ҳәкимликлери:
бир ай мүддетте шаңарақлық шыпакер пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникалардағы шыпакерлерге болған зәрүрликлерди ҳәм талапкерлерди ҳәр бир мәҳәлле кесиминде анықласын, оларға турақ жай ажыратыў ҳәм қаржы бериўди тәмийинлесин, сондай-ақ, оларды медициналық жоқары билимлендириў мәкемелеринде таярлаў бойынша қабыллаў параметрлерин арттырыў бойынша Денсаўлықты сақлаў министрлигине усыныс киргизсин;
район ҳәкимлери ҳәм коммерциялық банклер менен бирге ипотека бағдарламалары тийкарында қурылып атырған турақ жайларды ең дәслеп шаңарақлық шыпакерлик пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникаларға жумысқа қабыл етилип атырған шыпакерлер ушын ажыратыўды тәмийинлесин.
Қаржы министрлиги Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте усы бәнтте көрсетилген илажларды қаржыландырыў ушын келеси жылы Мәмлекетлик бюджеттен 20 миллиард сумға шекем қаржы ажыратсын.
- 7. Төмендегилер қадаған етилсин:
медицина хызметкерлерин хызмет ўазыйпасы менен байланыслы болмаған барлық түрдеги жумысларға тартыў;
медицина хызметкерлерин олардың кәсиплик жумысы менен байланыслы болмаған барлық түрдеги жумысларға тартыў;
медицина хызметкерлерин олардың кәсиплик жумысы менен байланыслы болмаған мәжилислер ҳәм басқа да илажларға тартыў, олардың баспа басылымларына мәжбүрий жазылыўын шөлкемлестириў.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы , ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлери, район ҳәм қала ҳәкимлери, басқа да мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң басшылары усы талаплар бузылған жағдайларда тийисли жуўапкершиликке тартылыўы ҳаққында қатаң ескертилсин.
Бас прокуратура (Н.Т.Йўлдошев) Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен биргеликте медицина хызметкерлериниң ҳуқықлары менен еркинликлерин шеклеў жағдайларын өз ўақтында анықлаў ҳәм сапластырыў мақсетинде нызам ҳүжжетлери талапларына әмел етилиўи үстинен турақлы түрде қадағалаў илажларын өткерсин және айыпкер шахслардың жуўапкершиликке тартылыўын тәмийинлесин.
- 8. Мүлкшилик түрине қарамастан ҳәр бир кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкем жумыс бериўши өз хызметкерлериниң медициналық тексериўден өтетуғын күни усы медициналық процесстен өтиўи ушын жеке жуўапкер есапланатуғынлығы;
мүлкшилик түрине қарамастан ҳәр бир кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемде жумысқа қабыл етилип атырған хызметкерлердиң өзлери медициналық тексериўден өтетуғын күни ҳаққында жумыс бериўшилерди мәжбүрй түрде хабардар ететуғынлығы белгилеп қойылсын.
Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Н.Б.Хусанов) мәмлекетлик мийнет инспекциясы тәрепинен усы талаплардың жумыс бериўшилер тәрепинен әмел етилиўи үстинен системалы қадағалаў орнатылатуғынлығы, зәрүр жағдайларда, оларды бузған мәпдар шахсларға нызамшылықта белгиленген тәртипте тәсир илажлар көрилетуғынлығын тәмийинлесин.
Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Кеңеси тийисли тараў ҳәм шөлкем кәсиплик аўқамларын тартқан ҳалда усы бәнтте көрсетилген илажларды әмелге асырыўда хызметкерлер ҳәм жумысшылардың мийнетине байланыслы, басқа социаллық-экономикалық ҳуқықлары менен мәплерин көрсетиў және қорғаўда нәтийжели жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў усыныс етилсин.
- 9. 2021-жыл 1-январьдан баслап басқышпа-басқыш жумыс орынларын мийнет шараятлары ҳәм әсбап-үскенелердиң жумысшы ҳәм хызметкерлерге зыян жеткериў қәўипсизлиги бойынша аттестациядан өткериў орнына мийнет шараятларын арнаўлы баҳалаў системасы енгизилсин.
арнаўлы баҳалаў процесинде биринши гезекте жумыс орынларындағы қәўипли ҳәм зыянлы факторлардың хызметкердиң саламатлығы дәрежесине тәсирин сапластырыўға қаратылатуғынлығы;
арнаўлы баҳалайтуғын хызметкерлердиң қурамына жоқары мағлыўматқа ийе болған мийнет гигиенасының қәнигеси мәжбүрий түрде киргизилетуғынлығы;
арнаўлы баҳалаў тек ғана штат бирлигиндеги хызметкерлерде арнаўлы баҳалаў бойынша жумысларды орынлаў ҳуқықына ийе болған гүўалығы бар шөлкем (юридикалық тәреплер) тәрепинен әмелге асырылатуғынлығы белгилеп қойылсын.
Министрлер Кабинети:
арнаўлы баҳалаў системасының 2021-2023-жыллар даўамында толық енгизилиўин тәмийинлесин;
2021-жыл 1-январьға шекем мийнет шараятларын арнаўлы баҳалаў бойынша мағлыўматларды киргизиў және таллаў механизмин енгизиў ушын бирден-бир электрон платформа базасының жаратылыўын ҳәм 2021-жыл 1-февральға шекем оның толық иске қосылыўын тәмийинлесин.
- 10. Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми тәрепинен 2014-жылы Паллиатив медициналық хызметти раўажландырыў бойынша арнаўлы резолюция қабыл етилгенлиги инабатқа алынсын.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Ш.Иноятов, Э.И.Баситханова) Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми ҳәм ЮНИСЕФтиң экспертлерин тартқан ҳалда, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги ҳәм басқа да мәпдар шөлкемлер менен биргеликте 2021-жыл 1-майға шекем Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-2025-жылларда Өзбекстанда паллиатив медициналық хызметти раўажландырыў концепциясын мақсетли көрсеткишлер (индикаторлар) және оны әмелге асырыўға байланыслы жыллар бойынша «Жол картасы» менен биргеликте тастыйықлаўды нәзерде тутатуғын қарарының жойбарын белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин.
11.11. Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги (А.Э.Бурхонов) Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.М.Хаджибаев) менен биргеликте бир ай мүддетте денсаўлықты сақлаў системасында «Коррупциясыз тараў» жойбарын әмелге асырыў бағдарламасын ислеп шықсын. Онда, ҳәр бир шаңарақлық шыпакерлик пункти, шаңарақлық поликлиника ҳәм емлеўхананың кириў орынларында коррупцияның алдын алыўға қаратылған шақырықлар, «исеним телефонлары» ҳәм басқа да үгит-нәсиятлаў материаллары жайластырылсын.
- 12. «Өзбеккино» Миллий агентлиги Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы, Мәденият министрлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы менен биргеликте денсаўлықты сақлаў тараўындағы реформалардың мазмун-мәнисин жәмийетшиликке дурыс жеткериў мақсетинде медицина хызметкерлериниң кәсибин улығлаўшы видеороликлер, илимий-ғалабалық көрсетиўлер, көркем ҳәм ҳүжжетли фильмлерди ислеп шықсын, телевидение арқалы турақлы көрсетсин және социаллық реклама сыпатында оларды телевидение ҳәм радиоканалларда жайластырсын.
Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан миллий телерадиокомпаниясы усы Пәрманның мақсет ҳәм ўазыйпаларын ғалаба хабар қуралдларында кеңнен сәўлелендириў жумысларын шөлкемлестирсин.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлери аймақлық телеканаллар ҳәм ғалаба хабар қуралларында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, халықтың жәмийетлик саламатлығын тәмийинлеў, усы Пәрманның мақсет ҳәм ўазыйпаларын кеңнен сәўлелендириў жумысларын турақлы түрде шөлкемлестирип барсын.
- 13. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 3-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
- 14. Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- 15. Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип денсаўлықты сақлаў министри А.М.Хаджибаев, денсаўлықты сақлаў министриниң биринши орынбасары А.Ш.Иноятов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлери белгиленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Л.Н.Туйчиев, денсаўлықты сақлаў министри А.М.Хаджибаев ҳәм денсаўлықты сақлаў министриниң биринши орынбасары А.Ш.Иноятов ҳәр шеректе усы Пәрманның орынланыўы бойынша әмелге асырылған жумыслар Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме киргизип барсын.
Пәрманның орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Л.Н.Туйчиевқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2020-жыл 12-ноябрь